slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
Жаңа редакциядағы нызам жойбары додаланды | | Karakalpak state university

Жаңа редакциядағы нызам жойбары додаланды

Мәмлекетимизде ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларынан баслап билимлендириў системасын түптен реформалаўға айрықша итибар қаратылып, жасларымыздың заманагөй билим ҳәм кәсип-өнерлерди ийелеўи, руўхый ҳәм физикалық жақтан жетилискен инсанлар болып жетилисиўи, жас-әўладтың қәлбинде Ўатанға садықлық ҳәм пидайылық сезимлерин еле де жоқарылатыў бағдарларында бир қатар жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың 5 тийкарғы бағдары бойынша «Ҳәрекетлер стратегиясы»нда «Билимлендириў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының жаңа редакциядағы жойбарын ислеп шығыў ҳәм қабыллаў белгиленген еди.

Усы тийкарда тийисли министрлик ҳәм мәкемелердиң қәнигелери ҳәм экспертлеринен ибарат исши топар тәрепинен «Билимлендириў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамының жаңа редакциядағы жойбарын усы күнлерде жәмийетшилик тәрепинен кең талқыланбақта.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болып өткен илажда жаңа редакциядағы нызам жойбары кең талқыланды.

Илажды университет ректоры А.Реймов басқарып барды.

Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлис нызамшылық палатасының депутатлары Қ.Бабашев, З.Қаниязов, Ж.Абдижамиловлар жыйналғанларға нызам жойбары бойынша кең түрде түсиниклер берип өтти.

Илажға қатнасқан Қарақалпақстандағы барлық жоқары оқыў орынларының басшылары ҳәм профессор-оқытыўшылары өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирип өтти.

Ҳақыйқатында да, раўажланған мәмлекетлер тәжирийбесине итибар қаратсақ, раўажланыўға ерисиў ушын ең дәслеп реформаларды билимлендириў тараўынан баслағанлығын көремиз. Себеби, жас әўладтың тәлим-тәрбиясына жоқары итибар менен қараған мәмлекет – келешекте жоқары раўажланыўға ериседи.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер