slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
"Мәнәўият фестивалы" шеңбериндеги илаж | | Karakalpak state university

“Мәнәўият фестивалы” шеңбериндеги илаж

Бүгинги күнде Президентимиз Шавкат Мирзиеёвтиң 2019-жыл 3-майдағы «Руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин арттырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары тийисли министрликлер ҳәм мәкемелердиң, шөлкемлердиң алдына жаслар тәрбиясына байланыслы бир қатар әҳмийетли ўазыйпаларды қоймақта.

Бул руўхый-ағартыўшылық тараўында өз ара бирге ислесиўди беккемлеў, елимизде жүз берип атырған реформалардың мазмуны ҳәм әҳмийети ҳаққында халқымызды, әсиресе, жасларды және де кеңирек хабардар етиў, оларды ҳәр қыйлы зыянлы идеялардан исенимли қорғаў, миллий ғәрезсизлик идеясы, Ўатанға, халыққа садықлық руўхында тәрбиялаў сыяқлы мәселелер менен терең байланыслы.

Қарарға бола, бүгинги күнде республика Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлими ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Руўхый-ағартыўшылық Кеңеси жанындағы «Маърифат» үгит-нәсиятшылар жәмийети менен биргеликте халық арасында кең түрдеги түсиник жумысларын алып бармақта.

Усы жылдың 18-19-сентябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасында “Мәнәўият фестивалы” шөлкемлестирилип, фестиваль шеңберинде бүгин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде “Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылықтың билимлендириў менен байланысы” атамасындағы илимий-әмелий семинар болып өтти.

Илажды республика Руўхый-ағартыўшылық орайы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы Қ.Юсупов басқарып барды.

Онда «Маърифат» үгит-нәсиятшылар жәмийетиниң баслығы Б.Хусанов, Өзбекстан Ҳаял-қызлар комитетиниң белсенди ағзасы, философия илимлериниң докторы, профессор Ж.Шермухаммедова, Қакрақалпақстан Республикасы “Нураный” қорының баслығы Ш.Уснатдинов, Өзбекстанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери, Қарақалпақстан халық шайыры Р.Мусурман, Муқимий атындағы Өзбекстан мамлекетлик музыкалы театрының артисти М.Салимов, ҚМУ жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша проректоры О.Дуйсенбаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, фестивальдың әҳмийети, оның жас-әўладтың кәмил инсанлар болып жетилисиўинде айрықша әҳмийетке ийе екенлиги туўралы айтып өтти.

Илаж республика көркем-өнер шеберлериниң атқарыўындағы концерт бағдарламасы менен даўам етти.

Баспасөз хызмети.

 

 

Пайдалы дереклер