slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
Спортшы менен ушырасыў | | Karakalpak state university

Спортшы менен ушырасыў

Бәршеңиздиң хабарыңыз бар, бүгинги күнде ҳүрметли Президентимиздиң басламасы менен алға сүрилген 5 әҳмийетли баслама тийкарында мәмлекетимизде жасларды мәденият, көркем өнер ҳәм спортқа тартыў, олар арасында мәлимлеме технологияларынан дурыс пайдаланыў көнликпесин қәлиплестириў, китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, усылар тийкарында ҳәр тәреплеме жетик әўладларды жетилистирип шығарыў бойынша нәтийжели жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

Солардан, 2-баслама бойынша Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде спорттың кең түрде ғалабалығына ерисиў бойынша да унамлы ислер әмелге асырылмақта.

Буның айқын мысалы ретинде университеттиң дене мәденияты факультетиниң студент-жаслары арасында самбо гүреси бойынша жәҳән чемпионы болған Дәрменбаева Клара, дзю-до гүреси бойынша Азия чемпионы Муратбаева Гулнур, еркин гүрес бойынша Азия чемпионы Балтаниязова Бахтыгүл, еркин гүрес бойынша жәҳән чемпионатының жеңимпазы Кеўлимжаева Ақтеңге, грек-рим гүреси бойынша жәҳән чемпионатының жеңимпазы Тиркашев Турабек ҳәм қол урысы бойынша Азия чемпионы, халықаралық турнирлер жеңимпазы, және, Зулфия сыйлығының ийеси болған Кайыпназарова Сапураларды келтирип өтсек арзыйды. Сондай-ақ, бүгинги күнде бул факультетте 48 Өзбекстан чемпионлары, 70тен аслам Қарақалпақстан чемпионлары тәлим алмақта.

Жақында елимиз бойлап қуўанышлы хабар тарқалды. Яғный, усы жылдың 14-22-сентябрь күнлери аралығында Қазақстанның Нур-Султан қаласында спорт гүреслери бойынша гезектеги жәҳән чемпионатында дене мәденияты факультетиниң 4-курс студенти Жалғасбай Бердимуратов 77 килограммға шекемги салмақ категориясында қола медалын ийелеп, жәҳән чемпионатының жеңимпазы атанды. Сондай-ақ, ол 2020-жылы Токио қаласында болып өтетуғын жазғы олимпиада ойынларына жолламаны да қолға киргизиўи – бул бәрше ўатанласларымызды шексиз қуўанышқа бөледи

Усы мүнәсибет пенен 3-октябрь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәлекетлик университетинде спортшы Ж.Бердимуратов пенен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Кешеде университет ректоры А.Реймов, Қарақалпақстан Республикасы Дене тәрбия ҳәм спорт министри Ғ.Байныязов ҳәм спортшының устазлары шығып сөйлеп Ж.Бердимуратовты қутлықлады ҳәм алдағы олимпиада жарысларында табыслар тиледи. Өз гезегинде Ж.Бердимуратов та университет басшылығына, бәрше устазларына өз миннетдаршылығын билдирди.

Илаж соңында унивверситет ректораты тәрепинен Ж.Бердимуратов ҳәм оның устазы Р.Ерназаровларға баҳалы саўғалар тапсырылды.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер