slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
ҚМУ командасы чемпион! | | Karakalpak state university

ҚМУ командасы чемпион!

Жәмийетимизде саламат турмыс тәризин қәлиплестириўге, халықтың, әсиресе, жас әўладтың дене тәрбиясы ҳәм спорт пенен турақлы шуғылланыўы ушын заман талапларына сай шараятлар жаратыўға, спорт жарыслары арқалы жасларда өзиниң  ерк-ықрарына, күшине ҳәм имканиятларына болған исенимин беккемлеўге, мәртлик, ўатанды сүйиўшилик, ана-Ўатанға садықлық сезимлерин жетилистириўге бағдарланған кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Усы жылдың 27-сентябрь ҳәм 1-октябрь күнлери аралығында ерлер арасында волейбол бойынша Қарақалпақстан чемпионаты болып өтти.

Чемпионатта республикамыздың барлық районларынан, министрликлерден, жоқары оқыў орынларынан келген сайланды командалар өз ара беллести.

Қызғын беллесиўлер астында өткерилген жарыс жуўмағында 1-орынды Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң сайланды командасы, 2-орынды НМПИ командасы, 3-орынды Өзбекстан мәмлекетлик дене тәрбия ҳәм спорт университети Нөкис филиалының командалары ийеледи.

ҚМУ волейбол командасын жарысқа тәжирийбели тренер Бахрам Казаков таярлады.

Жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен сыйлықланды.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер