slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Физика факультетинде футбол жарысы | | Karakalpak state university

Физика факультетинде футбол жарысы

Бүгинги күнде Өзбекстан Республикасында, атап айтқанда, Қарақалпақстанда спортты раўажландырыўға ҳәм жас спортшыларды халықаралық көлемдеги жарысларға таярлаў, физикалық потенциалы жоқары спортшыларды таярлаўға үлкен итибар қаратылмақта.

Ҳәзир күнде Өзбекстан Республикасында әмелдеги барлық жоқары оқыў орынларында спорт пенен шуғылланыў барлық шәраятлар жаратылған.

Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтыӊ жаслардың руўхый дүньясын көтериў ҳәм олардың бос ўақытларын мазмунли шөлкемлестириў бойынша 5 әҳмийетли басламасыныӊ екиншиси есапланған “Жасларды физикалық шынықтырыў, олардың спорт саласында қәбилетин арттырыў ушын зәрүр шараятлар жаратылыўына тийкарланған” басламаның орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде усы жылдың 3-4-октябрь күнлери физика факультетинде «Спорт-денсаўлық гереўи» сүрени астында спорттың мини-футбол түри бойынша жарыс болып өтти.

Жарыс физика факультетининг 1-басқыш студентлери ортасында болып өтти.

Жарысты факультет деканы М.Насыров ашып берип, спорттың инсан денсаўлығы ушын пайдалы екенлиги ҳаққында айрықша айтап өтти.

Мини-футбол ойынлары өз ара кескин беллесиўлер астында өтти. Жарыс нәтийжесине көре, үшинши орынды 1 А Энергетика топары командасы, екинши орынды 1 А Метрология топары командасы ҳәм биринши орынды  1 Б Физика командалары ийеледи.

Жоқары орынды ийелеген команда ағзаларына факультет деканы М.Насыров тәрепинен кубок, медаллар ҳәм «Ҳүрмет жарлық»лар тапсырылды.

Рамзат Толегенов,

Электр энергетикасы тәлим бағдары 4-курс студенти,

Беруний атындағы мәмлекетлик стипендия ийеси.

Пайдалы дереклер