slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Университет Ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми баслығы менен ушырасыў | | Karakalpak state university

Университет Ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми баслығы менен ушырасыў

Шет тиллери факультетинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Ҳаял-қызлар басланғыш шөлкеми баслығы Инжайым Сейтназарова ҳәм университет психологи Гулчехра Реймбаевалар менен ушырасыў болып өтти.

Өткерилген илажда Инжайым Сейтназарова сөзге шығып, илаж қатнасыўшыларына кең түрде түсиник берди. Ол өз сөзинде 1-курс студент-қызларына университет ишки тәртиби, кийиниў мәденияты ҳәм басқа да оқыў процесиндеги тәртип-қағыйдалар бойынша кең түрде түсиник берди.

Әсиресе, студентлерге Ҳаял-қызлар комитети баслығының оқыў процеси ҳәм турмыслық машқалалар бойынша толық ҳәм ҳәр тәреплеме мысаллар келтирип, түсиниклер бергени айрықша тәсир қалдырды. Өз нәўбетинде студентлер де қызықтырған сораўларына жуўап алды.

Буннан соң университет психологи Г.Рейимбаева «Өз жанына қаст етиў ҳәм оның алдын алыў» ҳаққында айтып берди.

Өткерилген ушырасыў 1-курс студент-қызлар ушын үлкен тәрбиялық әҳмийетке ийе болды.

Мухаббат Аметова,

Шет тиллери факультети ҳаял-қызлар

басланғыш шөлкеми жетекшиси.

Пайдалы дереклер