Шеберлик сабағы өткерилди | | Karakalpak state university

Шеберлик сабағы өткерилди

Усы жылдың 28-август күни Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясында өткерилген 15-санлы мәжилис баянламасының 2, 3, 4-бәнтлериниң орынланыўын тәмийинлеў мәқсетинде Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигине қараслы мектеплеринде Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң профессор-оқытыўшылары тәрепинен мектеп оқытыўшылары ушын шеберлик сабақларын өткериў режелестирилген еди.

Мине, усы реже тийкарында факультетлер аралық шет тиллер кафедрасының профессор-оқытыўшылары ҳәм усы кафедраның үлкен оқытыўшысы М.Калабаева Нөкис қаласы 4-санлы орта мектептиң оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары арасында  «Case-study»  атамасында шеберлик сабағын өткерди.

Сабақ ҳәр қыйлы көрсетпе қураллары жәрдеминде қызықлы тәризде өткерилди.

Д.Көбейсинова,

Факультетлер аралық шет тиллер кафедрасының баслығы.

Пайдалы дереклер