slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Физика бойынша Нобель сыйлығы лауреатлары анықланды | | Karakalpak state university

Физика бойынша Нобель сыйлығы лауреатлары анықланды

2019-жылы физика бойынща Нобель сыйлығы америкалы Джеймс Пиблз ҳәм щвецариялы Дидье Келоз ҳәм Мишель Майорларға астрономия ҳәм астрофизика тараўы бойынша ашылыў ушын берилди.

Нобель сыйлығы комитети тәрепинен тарқатылған пресс-релизге бола, Пиблз «Физикалық космологиядағы теориялық ашылыўы», ал, Майор ҳәм Келоз болса «Қуяшқа уқсас жулдыз орбитасы әтирапындағы экопланета ашылыўы» ушын Нобель сыйлығы менен сыйлықланған.

Джеймс Пиблз заманагөй космологияның тийкарын салыўшылардың бири. Ол космослық микротолқынлы фонды да ашқан илимпазлардың бири болып табылады.

Мишель Майор ҳәм Дидье Келоз 1995-жылы қуяшқа уқсаған жулдызлардың да планеталары бар екенлигин дәлиллеген. Олардың ашылыўы нәтийжесинде астрономлар төрт мыңнан аслам планета бар екенлигин билип алған.

Таярлаған: Г.Сабурова,

Журналистика қәнигелигиниң студенти.

Пайдалы дереклер