Химия бойынша Нобель сыйлығы лауреатлары анықланды | | Karakalpak state university

Химия бойынша Нобель сыйлығы лауреатлары анықланды

2019-жылы химия бойынша Нобель сыйлығы лауреатлары, литий-ионлы аккумуляторды ойлап тапқаны ушын технологиялық революция орнатты ҳәм жаңа энергияға тийкар салынды деп атап өтилмекте, Щвед патшалық академиясы Нобель комитети пресс-релизинде.

 Химия бойынша Нобель сыйлығы Джон Гуденаф (АҚШ), Станли Уиттингем (Уллыбритания) ҳәм Акира Йошиноларға (Япония) литий-ионлы батарея ислеп шығарғаны ушын берилди.

 Литий-ионлы батарея электроникада (смартфонлар, планшет, ноутбукларда), хожалық буйымларында, транспорта қолланылады. Олардың үстемлик тәрепи киши габарите болса да өзинде сақлап туратуғын энергияның жоқары екенлиги менен анықлаўға болады. Литий-ионлы батареиялардың айырмашылықларының бири, олар химиялық реациялар тийкарында емес, ал, анод ҳәм катодларда өтеди.

Нобель сыйлығы лауреатлары 10-декабрь күни Стокгольмда, яғный Альфред Нобельдың дүньядан өткен күнинде сыйлықланады. Нобель сыйлығы ийелериниң ҳәр бирине 9 миллион щвед кронасы тапсырылады.

 

Таярлаған: Г.Сабурова,

Журналистика қәнигелигиниң 4-курс студенти.

Пайдалы дереклер