slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
"Юридикалық клиника" қабыллаў шөлкемлестирди | | Karakalpak state university

“Юридикалық клиника” қабыллаў шөлкемлестирди

Усы жылдың басында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультети ҳуқықтаныў кафедрасы жанында “Юридикалық клиника” ис баслаған еди.

Бул клиника искерлигиниң тийкарғы мақсети – физикалық ҳәм юридикалық шахсларға бийғарез, бийпул юридикалық мәсләҳәтлер бериўден ибарат.

“Юридикалық клиника” искерлиги кафедра профессор-оқытыўшылары менен биргеликте юриспруденция тәлим бағдарында билим алып атырған зийрек студентлер тәрепинен пуқараларды қабыл етиў формасында шөлкемлестиририлген болып, бунда талабалар профессор-оқытыўшылардың басшылығында ҳуқықый мәселелер бойынша пуқаралар қабыллаўын әмелге асырады ҳәм оларға керекли юридикалық мәсләҳәтлер берип келмекте.

Клиника ағзалары ендиликте көшпели қабыллаўларды да алып бара баслады.

Күни кеше клиника ағзалары менен биргеликте химия-технология факультети студент-жаслары арасында оларға ҳәр түрли бийпул ҳуқықый мәсләҳәтлер бериў бойынша ислер әмелге асырылды.

Илаж шеңберинде юридика факультетиниң жаслар менен бирге ислесиў бойынша декан орынбасары Ю.Абдиреймов ҳәм юридика факультети юриспруденция тәлим бағдарының студентлери қатнасып, студент-жаслардың ҳуқықый мәсләҳәтлер берди.

Д.Хабибуллаев,

Юридика факультети юриспруденция

тәлим бағдары 3-курс студенти.

Пайдалы дереклер