slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Жарқын келешекти O'zLiDeP пенен бирге қурамыз! | | Karakalpak state university

Жарқын келешекти O’zLiDeP пенен бирге қурамыз!

Бәршемизге мәлим, быйыл республикамызда үлкен сиясий мапаз, яғный Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм бәрше қала-районлық кеңеслерге сайлаўлар болып өтеди. Усы мүнәсибет пенен республикамыздағы барлық сиясий партиялар түрли орынларында өзлериниң сайлаў алды илажларын өткерип келмекте.

Усындай илажлардың бири, усы жылдың 11-октябрь күни Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал Демократиялық Партиясы тәрепинен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Жарқын келешекти O’zLiDeP пенен бирге қурамыз!» атамасында сайлаў алды илажы өткерилди.

Онда партияның Қарақалпақстан Республикасы кеңеси басшы ҳәм аппарат хызметкерлери, партияның электорат ўәкиллери, «Жаслар қанаты»ның белсенди ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы мәденият хызметкерлери ҳәм студент жаслар қатнасты.

Илажда партияның Қарақалпақстан Республикасы кеңеси баслығы С.Турманов, университеттиң жаслар менен ислесиў бойынша проректоры А.Дуйсенбаев ҳәм бир қатар мийманлар шығып сөйлеп, усы жылдың 22-декабрь күни болып өтетуғын сайлаўларда бәрше бирдей пухаралық позициямызды көрсетип, сайлаўларда белсене қатнасыўға шақырды.

Илаж даўамында бир қанша сораў-жуўап ҳәм викториналар шөлкемлестирилип, онда студент-жаслар белсене қатнасты ҳәм сиясий партиялар, сайлаўлар ҳәм сайлаў кодекси ҳаққында бир қанша мағлыўматларға ийе болды.

Илаж Қарақалпақстан Республикасы мәденият хызметкерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы менен жуўмақланды.

Гөззал Жалгасова,

Санаат-технологиясы факультетиниң студенти.

Пайдалы дереклер