Билимданлар сынағы | | Karakalpak state university

Билимданлар сынағы

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 13-сентябрьдеги ПҚ-3271-санлы қарары бойынша китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў, жаслар арасында кең түрде түсиник жумысларын алып барыў мақсетинде усы жылдың 1-ноябрь сәнесинде университетимиздиң қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң 1-2-курс студентлери арасында ҳәр жылы дәстүрге айланған “Заковат” интеллектуал ойыны өткерилди.

Таңлаўды факультеттиң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары З.Жуманов кирис сөз бенен ашып берди ҳәм қатнасыўшыларды жарыстың басланыўы менен қызғын қутлықлады.

“Заковат” интеллектуал ойыны тийкарынан әдебий китаплар ҳәм логикалық сораўлардан дүзилген болып, факультетимиздиң бир-биринен зийрек топар командалары қатнасыўында өтти. Олар бир минут ўақыт ишинде берилген 20 түрли сораўларға жуўап берип, өзлериниң билимлерин және де арттырды.

Турнирдиң биринши басқышына 9 команда қатнасып, 1-Б топарынан “Эрудит” командасы берилген сораўларға тапқырлық пенен жуўап берип, ҳәзирги ўақытта жетекшилик етпекте.

“Заковат” интеллектуал ойынының кейинги басқышы келеси ҳәптеде болып өтиўи көзде тутылған.

Биз командаларға кейинги турнирлерде әўмет тилеймиз. Әлбетте, жарыс жуўмағында жеңимпазларды арнаўлы ҳүрмет жарлықлары ҳәм де қымбат баҳалы саўғалар күтпекте. Бул таңлаўда қатнасыўға сизлерди де шақырып қаламыз!

Азизбек Дабылов,

Журналистика қәнигелигиниң 1-курс студенти.

Пайдалы дереклер