slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Университет Жаслар аўқамы жетекшиси сайланды | | Karakalpak state university

Университет Жаслар аўқамы жетекшиси сайланды

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 5-июлдағы “Жасларға байланыслы мәмлекетлик сыясаттың нәтийжелилигин арттырыў ҳәм Өзбекстан жаслар аўқамының жумысын қоллап-қуўатлаў ҳаққында”ғы Пәрманы ҳәм басқа да тараўға байланыслы қабыл етилип атырған ҳуқықый-ҳүжжетлер мәмлекетимиз жасларының өмиринде жаңа дәўирди баслап берди.

Усы жылдың 4-ноябрь күни университетимиз мәденият сарайында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Жаслар аўқамы басланғыш шөлкем жетекшисин сайлаў илажы өткерилди.

Илажда Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикасы кеңеси баслығының биринши орынбасары И.Абдикаликов, “Камалак” балалар шөлкеми баслығы П.Махсетбаев, университеттиң жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлиминиң баслығы И.Жуманиязов ҳәм бир топар студент-жаслар қатнасты.

Бүгинги күнде республикамыздың бәрше аймақларындағы жоқары оқыў орынларында басланғыш шөлкем жетекшисине сайлаўлар өткерилип атырғанлығы, бул өз гезегинде жаслардың умтылыс ҳәм басламаларын қоллап-қуўатлаў ҳәм де әдалат принциплерине әмел қылыныўына хызмет етпекте.

Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде де бундай сайлаўларға қызғын таярлықлар көрилди. Жаслар аўқамы басланғыш шөлкем жетекшисин сайлаў ҳәм бир неше талабанлар арасынан таңлап алыў, әлбетте, жүдә әҳмийетли мәселелердиң бири есапланады.

Сайлаў мәжлисине көре, даўыс бериўде қатнасқан жаслардың ең көп даўысын алған Даўран Абаданов Қарақалпақ мәмлекетлик университети Жаслар аўқамы жетекшиси етип тайынланды.

– Университетимиз жасларының бул үлкен исеними маған үлкен жуўапкершиликти жүклейди,-дейди Д.Абаданов.

Әлбетте, университетимиз жаслары да «бир жеңнен қол шығарып» елимиздиң раўажланыўы жолында пидайылық көрсетиўине исенемиз.

Азизбек Дабылов,

Журналистика қәнигелигиниң 1-курс студенти.

   

Пайдалы дереклер