slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Сайлаў нызамшылығын раўажландырыўдағы ҳуқықый реформалардың турмыслық әҳмийети | | Karakalpak state university

Сайлаў нызамшылығын раўажландырыўдағы ҳуқықый реформалардың турмыслық әҳмийети

Бүгинги күнде елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм еркин пуқаралық жәмийет қурыў сыяқлы баслы мақсет алға қойылған екен жәмийетимиздин барлық салаларында, яғный, мәмлекет ҳәкимияты ҳәм басқарыўын жетилистириў, суд-ҳуқық системасы демократияластырыў, сиясий турақлылық, экономикалық раўажланыў ҳәм социаллық әдилликти тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлериниң исенимли қорғалыўын кепиллеў менен байланыслы кең көлемли реформалар ҳәм модернизация илажлары әмелге асырылмақта.

Соны айрықша түрде айтып өтиў лазым, демократиялық сайлаў принциплерине әмел еткен ҳалда сайлаў ҳуқықы еркинлигин тәийинлеў, сайлаў нызамшылығын ықшамластырыў, сайлаў системасын және де демократияластырыў ҳәм жетилистириў бойынша да бир қатар шаралар көрилип атыр. Бул тараўдағы өзгерислерди, әсиресе, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Миромонович Мирзиёевтиң 2017-жылы  22-декабрьдеги мәмлекетимиз парламенти – Олий Мажлиске Мүрәжаты жаңа басқышқа көтерип берди. Ел басшымыз өз мүрәжатында сиясий турмысымызда әҳмийетли болған сайлаў нызамшылығы ҳаққында тоқталып, бул бойынша 6 нызам ҳәм бир қатар нызам асты ҳүжжетлери бар екенлиги, елеге шекем олардың бир ҳүжжетке келтирилмегенлигин айтып өтип, ҳалықаралық норма ҳәм стандартларға жуўап беретуғын бирден-бир Сайлаў кодексин ислеп шығыў ҳәм қабыл етилиўин усынған еди. Бул бойынша 1,5 жыллық жумыс алып барылыўы нәтийжесинде 2019-жылы 25-июньға келип 18 баб 103 статьядан ибарат Өзбекстан Республикасының бирден-бир жаңа Сайлаў кодекси қабыл етилди.  Сайлаў кодекси Өзбекстан Республикасы Президенти, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутатлары, Олий Мажлиси Сенатының ағзалары, халық депутатларының ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң депутатлары сайлаўларына таярлық көриў ҳәм оларды өткериўге байланыслы қатнасықларды тәртипке салады ҳәм де Өзбекстан Республикасы пуқараларының ерк-ықрары еркин билдирилиўин тәмийнлеўши кепилликлерди белгилейди.

Бул Кодекс пенен сайлаў системасына бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Сол қатарда, Нызамшылық палатасында Экоҳәрекет ўәкиллери ушын квота ажыратыў институты тоқтатылып, депутатлыққа талабанларды халық депутатлары район (қала) кеңеслерине пуқараларың өзин-өзи басқарыў органлары тәрепинен көрсетиў тәртиби бийкар етилди.  Сондай-ақ, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органларына сайлаўларда гүзетиўши сыпатында қатнасыў ҳуқықы берилип, Олий Мажлис Нызамшылық палатасына, жергиликли Кеңеслерге сайлаў бир ўақытта өткерилген жағдайда, Нызамшылық палатасы депутатлары сайлаўын өткериўши округ сайлаў комиссиялары тәрепинен бирден-бир сайлаў участкаларын дүзиў тәртиби белгиленди.

Соның менен бирге, халық депутатлары район (қала) Кеңеслеринде додаланатуғын ҳәм усынылатуғын участка сайлаў комиссиялары ағзалары бойынша жәмәәт бирлеспелери ҳәм шөлкемлердиң усыныслары алыныўы, сайлаў округларын дүзиўде сайлаў округларындағы сайлаўшылар санының ең көби 10 пайыздан аспаўы көрсетип өтилди. Буннан тысқары, сайлаўда даўыс бериў ўақты 08.00 ден 20.00 етип белгиленди.

Жуўмақлап айтқанда, сайлаў системасында әмелге асырылып атырылған реформалардың тийкарғы мақсети пуқаралардың мәмлекетлик ҳәкимияттын ўәкилликли органларын қәлиплестириўде нәтийжели қатнасыўын  ҳәм сайлаўлардың ашық, әдил түрде өткерилиўин тәмийинлеў.

Даулетбай Лепесбаев,

Юридика факультетиниң студенти.

Пайдалы дереклер