slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ!!! | | Karakalpak state university

ДЫҚҚАТ ТАҢЛАЎ!!!

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм Республикалық «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды тәрепинен Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети менен биргеликте, университет студент жаслары (бакалавр ҳәм магистратура тәлим бағдары) арасында 1-декабрь Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгенине 30 жыл толыўы мүнәсибети менен «Ана тилим-cен басқадан айырмам..» сүрени тийкарында шығармалар таңлаўын жәриялайды.

Таңлаўдың мақсети- жасларды ана тилимизге ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, оларды ана тилде таза ҳәм анық сөйлеўге үйретиў,  қарақалпақ тилиниң бай сөзлик дереги менен жақыннан таныстырыў, сондай ақ, студент жаслардың жазба саўатлылығын ҳәм де дөретиўшилик қәбилетлерин раўажландырыўдан ибарат.

Таңлаўға төмендеги бағдарда қарақалпақ ҳәм өзбек тилинде дөретпелер қабыл етиледи:

  1. Ана тили ҳаққында жазылған ең жақсы көркем шығарма
  2. Ана тили ҳаққында жазылған ең жақсы қосық
  3. Ана тили ҳаққында жазылған ең жақсы публицистикалық мақала

Ҳәр бир бағдар бойынша жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланады.

 Сондай ақ, таңлаў шеңберинде белгиленген атамада Диктант өткерилиўи режелестирилген болып,  «Ең қәтесиз жазылған диктант» ҳәм «Ең жақсы қол таңба ийеси» сыяқлы номинациялар бойынша да жеңимпазлар анықланады. Таңлаўдың төрешилер қурамы – ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ўәкиллери ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети филология бағдарындағы профессор-оқытыўшы қәнигелерден  ибарат.

Шығармалар 2 формада: қол жазба ҳәм электрон вариантта қабыл етиледи. Электрон вариантта көлеми 5(бес) беттен (14 Шрифт, 1,5 интервал) аспаўы тийис.

Таңлаўға шығармалар 2019-жылдың 6-ноябрь күнинен 22-ноябрь күнлери аралығында қабыл етиледи. Қатнасыўды қәлеўшилер өз дөретпелерин Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Бас бинасының 1-қабатында жайласқан руўхыйлық бөлимине  белгиленген сәне аралығында тапсырыўы шәрт.

Жеңимпазлар 1-декабрь Қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил бийлиги берилгениниң 30 жыллығы алдынан анықланады ҳәм партия тәрепинен сәнеге байланыслы өткерилетуғын байрам илажында ӨзМТДП Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳәм Республикалық «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды  тәрепинен Диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланады.

 

Шығармалар қабыл етилетуғын мәнзил:  Ч.Абдиров көшеси-1-жай Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Бас бинасы, 1-қабат, руўхыйлық бөлими. Мүрәжәәт ушын телефон: 61 223-59-54.

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси ҳаял-қызлар мәселелери бойынша жетекши қәнигеси Айгүл Өтениязова Мүрәжәәт ушын телефон: +998933613932.

Пайдалы дереклер