slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
«Жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў» атамасындағы илаж | | Karakalpak state university

«Жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў» атамасындағы илаж

Мәмлекетимизде ҳаял-қызларды, шаңарақты, аналықты ҳәм балалықты қәстерлеп-сақлаў, жәмийетте ҳаял-қызлардың абырайын және де жоқарылатыў, турмыс абаданлығын арттырыў, мүнәсип мийнет турмыс шәраятларын жаратыў ушын зәрүр мүмкиншиликлер ҳәм имканиятлар жаратылмақта.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Республикасы Олий Мәжлиси Сенатында шығып сөйлеген сөзинде елимизде «Шахс-Шаңарақ-Жәмийет-Мәмлекет» деген түсиник ҳәм қәдириятлар шешиўши орын ийелейтуғыны, жәмийеттиң дәслепки тийкары буўыны болған шаңарақты болса, қәдирдан ҳаял-қызларсыз ҳеш қашан  көз  алдымызға келтирип болмаслығын, ҳаял-қызға ҳүрмет итибар бул бәринен бурын шаңараққа жәмийет келешегине болған ҳүрмет итибардың көриниси.

Мине, усындай мәселелерди өз ишине қамтыған илаждың бири университеттиң 4-санлы талабалар турар жайында биология факультетиниң студент-жаслары ушын «Жаслар арасында саламат турмыс тәризин қәлиплестириў» атамасында шөлкемлестирилди.

Дөгерек сәўбетинде республикалық өспиримлер диспансери акушер-гинеколог шыпакери Лола Уразова бул бойынша кең түрде түсиник берип, ерте турмыс қурыўдың алдын алыў, қалаберсе, қызлар арасында  жеке гигиена қағыйдаларына әмел қылыў бойынша  түсиникер берип өтти ҳәм қызлар менен өз-ара пикирлести.

Илаж соңында студентлер өзлериниң пикир ҳәм усынысларын билдирди.

Ф.Реймова,

Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасының оқытыўшысы.

Пайдалы дереклер