slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
Шайыра менен ушырасыў | | Karakalpak state university

Шайыра менен ушырасыў

Усы жылдың 8-ноябрь күни Биология факультети улыўма биология ҳәм физиология кафедрасында факультет оқытыўшысы И.Арепбаев реже тийкарында кафедраның ассистент-оқытыўшысы Р.Серимбетова менен биргеликте студент-жаслардың әдеп-икрамлылық, терең ой-пикирлеў қәбилетин раўажландырыў, үлкенлерге ҳүрмет, кишилерге иззет көрсетиўди, билим алыўға, излениўге деген қызығыўшылығын және де арттырыў мақсетинде Қарақалпақстан халық шайыры Набира Төрешова менен ушырасыў өткерилди.

Ушырасыўда студентлер шайырдың өмир жолы, қосық жазыўға деген интасы қайсы ўақтынан баслап пайда болғанлығын ҳәм қандай себеплер түртки болғанын дыққат пенен тыңлап отырды.

Шайыр апамыздың «Ўатан», «Қарақалпақстаным мениң», «Әкеме», «Анама», «Қызларға», «Сексеўил» сыяқлы қосық қатарларын тыңлап, жүрегиндеги дәрт ҳәм басынан өткен қайғылы, қуўанышлы күнлерин терең түсинип, ҳәр бир шығарманың өзине тән кеширмелери бар екенлигин билип, өзлери ушын жуўмак шығарып, қызықтырған сораўларына жуўаплар алды.

Мәселен, шайыр апамыздың «Қарақалпақстаным мениң» атлы қосығында:

 Жан дегениң сонша шийрин,

Ҳешким жаннан кеше алмас.

Жан ишире жан Ўатаным,

Ҳешким жаннан үзе алмас.

Үзсе ҳәмки бир күн келип,

Пушайман жер төзе алмас.

Көздиң ағы қарасынан,

Безсе сөнер, безе алмас.

Қарақалпақстаным мениң,

Анамның да анасысаң,

Бабалардың бабасынан,

Адам ата, Нуўх пайғамбар,

Тумариса сазасынан.

Едиге ҳәм Алпамыслар,

Гулайымның Каабасысаң…

Басымдағы алтын тажым,

Кеўилимниң қаласысаң.

Бейишим, бостаным мениң,

Қарақалпақстаным мениң.

Сен әзелги ата халықсаң,

Уллылықта билимиң көп.

Түркийлерге алтын тахтсаң,

Улыс, беглик қурыўың көп.

Барлық қәўим саға салған,-деп Ўатанға, туўылған жерге деген өзиниң сезимлерин жақсы жеткерип бере алған.

Ж.Измурзаева,

Биология факультетиниң 3-курс студенти.

Пайдалы дереклер