slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Инсанның байлығы оның ана тили | | Karakalpak state university

Инсанның байлығы оның ана тили

Быйыл Қарақалпақстан Республикасының «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамының қабыл етилгенине 30 жыл толады.         1989-жыл 1-декабрде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеӊесиниӊ сессиясында қарақалпақ тилине мәмлекетлик тил статусы берилди. Қарақалпақстан Республикасы «Мәмлекетлик тил ҳаққында»ғы нызамыныӊ 1-статьясында: “Қарақалпақ тили Қарақалпастан Республикасыныӊ мәмлекетлик тили болып табылады. Қарақалпақстан Республикасы өзиниӊ аймағында тилге байланыслы барлық мәселелерди шешиў ҳуқықына ийе”, – деп көрсетилген.

Бул тарийхый ҳүжжетке көре, қарақалпақ тили беккем ҳуқықый тийкар ҳәм жоқары статусқа ийе болды.

Ҳәзирги күнде қарақалпақ тили турмысымыздың барлық салаларында –  мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик басқарыў, мәмлекетлер аралық қатнасықлар, илим, тәлим-тәрбия, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында кең түрде қолланылмақта.

Қарақалпақ мәмлекетлик университети юридика факультетиниң студентлери ғалаба хабар қураллары арқалы бул нызамның әҳмийети ҳәм мазмунын түсиндириў бойынша жумысларды әмелге асырмақта.

Ю.Абдреймов,

Юридика факультетиниң жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер