Дыққат, таңлаў! | | Karakalpak state university

Дыққат, таңлаў!

Усы жылдыӊ 27-ноябрь күнине шекем Қарақалпақ мǝмлекетлик университети көлеминде студент-жаслардыӊ бос ӯақытларын мазмунлы өткериӯ мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президенти тǝрепинен билдирилген 5 басламаның биринши басламасы болған жасларды музыка, сүӯретлеӯ өнери, ǝдебият, театр ҳǝм кѳркем ѳнердиң басқа түрлерине қызығыӯшылығын арттырыӯ мақсетинде «Мен сызған сүӯрет» атамасында көркем-өнер ҳǝм ǝмелий өнер дөретиӯшилик жумыслар таӊлаӯы өткериледи.                            

Таӊлаӯ атамалары:

  1. Қәдирият мениӊ тарийхым
  2. Экология(мениӊ аӯылым).
  3. Бүгин ҳǝм келешек.

-усы 3 теманың қәлеген биреўин ислеўи мүмкин;

Таңлаў 3 түрли номинация бойынша ѳткериледи:

  1. Реңли сүўрет (майлы бояў, темпера);
  2. Графика (акварель, гуашь);
  3. Скульптура, ҳәм де жергиликли материаллар(аппликация, гобелен);

Таӊлаӯды баҳалаў критериясы төмендегише:

 – Сүӯрет логикасы, қатнасыӯшыныӊ дүньяқарасы, пикирлеӯ дǝрежеси ҳǝм итибарын бир жерге жǝмлей алыӯ қǝсийети;

–  Сүӯреттиӊ өзине тǝн өзгешелиги, басқа сүӯретлерден ажыралып турыӯы;

Усыныс етилетуғын сүӯретлер көлеми А2 өлшем(формат)нен киши болмаӯы тийис.

– Сүӯрет мазмуны, оныӊ жоқарыдағы темалар бойынша туӯры келиӯи, оған  байланыслы болғанлығын көрсетип бериў;

– Теманы ашып бериӯде  реӊлерден пайдаланғанлығы дǝрежеси ҳǝм дөретиўшилердиӊ жасына сай таӊлаӯы;

Таӊлаӯда қатнасыӯды қǝлеген студентлер өзиниӊ дөретиӯшилик жумысларын өзлери тǝлим алып атырған факультеттиӊ жаслар менен ислесиӯ бойынша декан орынбасарына усы жылдыӊ 27-ноябрь күнине шекем алып келиӯи керек. Таңлаў қәнигелиги бойынша Архитектура факультетинде өз алдына, қәнигелик емес факультетлер арасында өз алдына жеңимпазлар анықланады.

Таӊлаӯ жеӊимпазлары ҳәр бир номинация бойынша 1-2-3-орын анықланады ҳәм төмендегише сыйлықланады:

Iорын 500000 сӯм ҳәм диплом

II-орын 400000 сӯм ҳәм диплом

III-орын 300000 сӯм ҳәм диплом

Таңлаўда қатнасқан дөретиўшилик жумыслар университет факультетлеринде кесте тийкарында көргизбеси шөлкемлестириледи. Сондай-ақ, дөретиўшилик жумыслар университет имараты коридорларына қыстырылып қойылады.

 

Пайдалы дереклер