slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Жеңистиң басы болсын!  | | Karakalpak state university

Жеңистиң басы болсын! 

Жақында Наўайы қаласында Ҳаял-қызлар гүреси бойынша Өзбекстан чемпионаты болып өтти. Бул жарысқа Өзбекстан Республикасындағы барлық ўәлаятлардан ҳәм Қарақалпақстан Республикасынан да спортшылар қатнасты.

Сайланды командаларға таңлап алыў ушын өткерилген бул жарысқа университетимиздиң дене мәденияты факультетинен бир қатар студент-қызлар да қатнасты.

Ҳаял-қызлар ортасында өткерилип атырған гүрес бойынша Өзбекстан чемпионатында жерлеслеримиз бир қатар медалларды жеңип алыўға еристи.

Атап айтатуғын болсақ, дене мәденияты факультетиниң 2-курс студенти Ақтенге Кеунимжаева 52 килограм салмақта, 1-курс студенти Соҳибжамол Алеуатдинова 65 килограм салмақта гилемге түсип, биринши орынды ийелеп,  алтын медалларды қолға киргизди ҳәм оларға диплом, қымбат баҳалы саўғалар тапсырылды.

Өзбекстан чемпионлары! Әлбетте, бул сөзлер қулағымызға жағымлы еситилип турады. Университетимиздиң студент-жасларына буннан билай да өткерилетуғын жарысларда әўмет яр болыўын тилеп қаламыз.      

 Азизбек Дабылов,

   Қарақалпақ филологиясы ҳәм

журналистика факультетиниң 1-курс студенти.

 

Пайдалы дереклер