slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
Кең түрде түсиниклер берилди | | Karakalpak state university

Кең түрде түсиниклер берилди

Бүгин университеттиң мәденият сарайында университет профессор-оқытыўшылары, жас алымлар, таяныш докторантлар ҳәм зийрек студентлер қатнасыўында семинар мәжилиси болып өтти.

Семинарды университеттиң илимий изертлеўлер, инновациялар ҳәм илимий педагог кадрлар таярлаў бөлиминиң баслығы Қ.Низаматдинов басқарып барды.

Бул семинар мәжилисин өткериўден тийкарғы мақсет – 2019-жыл 29-октябрьде қабыл етилген “Илим ҳәм илимий жумыс ҳаққында”ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының мазмуны ҳаққында илимий жумыс пенен шуғылланыўға қызығыўшы зийрек жасларға кең түрде түсиниклер бериў, соның менен бирге, университетте илимий искерлик саласында жоқары нәтийжелерге ерискен профессор-оқытыўшылар, докторантлар ҳәм жас илимпазлар менен зийрек студентлер ортасындағы өз-ара байланысларды еле де беккемлеў, сырт еллерде илимий стажировкада болып келген жас илимпазлардың илимий сапар даўамында ерискен жетискенликлери менен жасларымызды кеңнен таныстырыў, усы арқалы зийрек студентлерди илимий изертлеў жумысларына тартыў ҳәм бул бағдарда олардың белсендилигин еле де арттырыў болып есаплананады.

Сондай-ақ, семинар мәжилиси даўамында илаж шөлкемлестириўшилери тәрепинен илимий искерлик пенен шуғылланыўға байланыслы қатар мәселелер, солардың қатарында миллий ҳәм шет ел илимий журналларында илимий мақалаларды жәриялаў, республикалық ҳәм халықаралық конференцияларда тезислерди таярлаў, тийисли тәртипте рәсмийлестириў ҳәм де баспадан шығарыў, илимий ҳәм инновациялық искерлик бойынша ҳәр қыйлы таңлаўлар, оларды қатнасыў тәртиплери ҳәм шәртлери ҳаққында кең түрде мағлыўматлар берип өтилди.

Илаж соңында зийрек студентлер өзлериниң қызықтырған сораўларына илаж қатнасыўшылары тәрепинен тийисли жуўаплар алынды.

Баспасөз хызмети.

 

Пайдалы дереклер