slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
ИЛИМИЙ-ИННОВАЦИЯЛЫҚ ИЗЕРТЛЕЎЛЕР ЖАСЛАР НӘЗИРИНДЕ | | Karakalpak state university

ИЛИМИЙ-ИННОВАЦИЯЛЫҚ ИЗЕРТЛЕЎЛЕР ЖАСЛАР НӘЗИРИНДЕ

Усы жылдың 15-январь күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлиги менен Қарақалпақстан Республикасындағы барлық жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий-изертлеў мәкемелеринде илимий ҳәм илимий-педагогикалық жумыс алып барып атырған жас алымлар, профессор-оқытыўшылары ҳәм зийрек студент-жаслары ушын семинар шөлкемлестирилди.

Илажды университеттиң Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректоры И.Турдымамбетов басқарып барды.

Семинарда   Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министри орынбасары-Жаслар академиясының баслығы О.Туйчиев, министрликтиң басқарма баслығы Ф.Неъматов, министрлик жанындағы орай директоры Б.Убайдуллаевлар шығып сөйледи.

Бәршемизге белгили, кейинги үш жылдан аслам ўақыт ишинде Өзбекстан Республикасында экономиканың раўажланыўына ҳәм де ислеп шығарыў тараўларына ҳәр қыйлы инновациялық изертлеў нәтийжелерин қолланыў ҳәм оның потенциалын еле де арттырыў, тараўға ең соңғы мәлимлеме коммуникация технологияларын енгизиў, усы арқалы инновациялық раўажланыўдың жаңа моделин жаратыў бағдарында бир қатар итибарға ылайықлы жумыслар алып барылмақта.

Буның айқын мысалы ретинде еки жылдан асламырақ ўақыттан берли өз жумысын алып барып атырған Өзбекстан Республикасы Инновациялық раўажланыў министрлигиниң шөлкемлестирилиўи ҳәм ҳәр жылы өткерилиўи дәстүрге айланған InnoWeek.uz инновациялық идеялар көргизбесиниң тек республикалық емес, ал, халықаралық көлемде өзимизде өткерилиўи, тараўға тийисли Президентимиз Ш.М.Мирзиёевтың бир қатар Пәрман ҳәм қарарларының қабыл етилиўи ҳәм басқа да мысалларында да көриўимизге болады.

Семинардың тийкарғы мақсети – Қарақалпақстандағы жоқары оқыў орынлары ҳәм илим изертлеў мекемелеринде оқып ҳәм мийнет етип атырған зийрек жаслар ҳәм жас алымлардың илимий-инновациялық изертлеўлерин қоллап-қуўатлаў, олардың бул бағдарда ушырасып атырған мәселелерине шешим табыў бойынша өз-ара пикир алмасыў болып есапланады.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий изертлеў мекемелериниң жас алымлары, профессор-оқытыўшылар ҳәм зийрек студент-жаслары қатнасты.

К.Низаматдинов,

ҚМУ илимий изертлеўлер, инновациялар ҳәм

илимий-педагог кадрлар таярлаў бөлиминиң баслығы.

Пайдалы дереклер