ҲАСЫЛ СӨЗ ШЕБЕРИ | | Karakalpak state university

ҲАСЫЛ СӨЗ ШЕБЕРИ

(Г.Есемуратова шығармалары туўралы базыбир пикирлер)

Қарақалпақ әдебияты шебер жазыўшы ҳәм шайырларға, көркем сөз усталарына бай бир әдебият бостаны десек асыра айтқан болмаймыз. Шайырлардың сөзлерди маржан киби дизип қосық дөретиўи, жазыўшылардың гәўҳар сөзлерден пайдаланып шығарма дөретиўин көрип бул бостанға ерксиз шүмип кеткениңизди сезбей де қаласыз.

«Соңғы әўладқа жетсиндағы сереленген ҳасыл сөз!» деп бар күш-жигерин аямастан қарақалпақ әдебиятының раўажланыўы, оқыўшыларға ҳасыл шығармалар дөретип, олардың кеўлинен шығыў ушын тынбастан мийнет етип, қәлем тербеткен жазыўшы апаларымыздан бири Гүлайша Есемуратова болып есапланады. Ол турмыс ҳақыйқатлығының көркем келбетин, өзи менен заманлас болған уллы тулғалардың өмирин ҳәм дөретиўшилик машақатларын, ертеректе жасап аты аңыз-әпсанаға айланған инсанлар ҳаққында жазылған гүрриңлерин оқып отырып сол ўақыялардың ишине кирип кетесиз. Мысалы, «Қарақалпақ әдебиятының сүтини» Ибрайым Юсупов ҳаққында жазылған романында шайырдың өмири, қыян-кести заманда жасап дөретиўшилик еткени, оған қанша дөҳметлер жаўдырылса да, қәддин тик тутып, ҳақыйқатлыққа бет бурмастан, өзин жойтпастан сабыр-тақат пенен қыйыншылықларды жеңип өткен уллы шайырымыз ҳаққында сөз етиледи.

Г.Есемуратованың топламына киргизилген «Пидайы тарийхшымыз ҳаққында сөз» атлы дөретпеси дыққатыңызды айрықша тартты. Себеби, онда тарийх илимлериниң кандидаты, «Қарақалпақстанға мийнети сиңген илим ғайраткери», профессор Шерип Бабашевтиң бийбаҳа мийнетлери ҳаққында сөз етилген. Бул арқалы мениң тарийхқа, аяўсыз урыс жылларында елдиң тынышлығы деп жанын пидә еткен ата-бабаларымыздың ерлик ислерин тереңирек үйренип, билиўге болған қызығыўшылығым асты. ϴз алдыма Шерип Бабашевтиң мийнетлерин оқып шығыўды нийет етип қойдым.

Булардан басқа Г.Есемуратованың шығармалар топламына киргизилген, урыс жылларында қарақалпақ ҳалқының басына түскен ҳәр қыйлы турмыслық ўақыяларға қурылған «Әрманлы «шайтан арба», «Тек сағыныш», «Ийесине қайтарылған қол шаршы», «Шүтик шыраның шарапаты», «Кесте», «Исеним» сияқлы гүрриңлери ҳәр бир оқыўшыны бүгинги бахытлы заманымызға шүкиршилик етип, тыныш-татыў жасап атырғанымыздың арқасында қаншадан-қанша ата-бабаларымыздың ел-халқы ушын ҳәтте, өз жанынан кешкенлиги ушын мыңнан-мың рахмет айтыўға шақырады. Мысалы, «Әрманлы «шайтан арба» гүрриңинде урыс жылларында болып өткен ашынарлы бир жағдай сүўретленген. Онда Жаббар исмли баланың «шайтан арба»ға көзи қызып, айдағысы келгени, лекин, несип етпегени сүўретленген. Ата-анасына әри-бери ашыўланып, алып бериң деп өжетленеди. Лекин буған ол шаңарақтың қурбы жетпейди. Ақыры перзентиниң кеўли өксимесин, досларынан кем болмасын, деп ата-анасы есигиниң алдында байлаўлы турған жалғыз ешкисин сатып баласына «шайтан арба» алып келип береди. Сол күни аўылға, үйине «шайтан арба» менен бирге «урыс басланды» деген суўық хабар да кирип келеди. Урысқа жас ер-жигитлерди, ересек адамларды алып кетеди. Урыс жүдә қатал. Ол Жаббарды да аяп отырмады. Жаббар урыста аўыр жарақатланып, бир аяғынан айрылып қалады. Сол ата-анасы алып берген «шайтан арбаны» айдаў ол ушын әрман болып қалады. Бул гүрриң менде айрықша тәсир қалдыра алды. Ондағы қаҳарман баланың арзыў-үмити урыс себепли жоққа шығады. Усы образ арқалы барлық қарақалпақ ер-жигитлериниң басына түскен қайғылы жағдайлар, урыстың аўыр ақыбетлери Гүлайша апаның өткир қәлеми менен шебер сүўретленген.

Шығармалар топламын оқыў даўамында мен ушын бийтаныс болған, түсиндирме сөзликтен излеп таўып мәнисин шақпасаң, түсиниў қыйын болған сөзлер көплеп ушырады. Әри-бери өзимше түсиниўге ҳәрекет етип көрдим, лекин,  бәрибир китапларды ақтарып көриўге туўра келди. Ол сөзлер мүмкин устазларымызға, әдебият бостанының ўәкиллерине таныс шығар. Лекин, биз оқыўшы жаслар ушын ол сөзлер таныс емес ҳәм түсиниксиз болып түйилиўи мүмкин.

Мысалы, шығармалар топламына киргизилген «Үш дәўирдиң гүўасы «тентек» ҳаял ҳаққында әпсана» шығармасында: «Бизиң кишемлер 1935-40-жылларын Төрткүлде қоңсы отырғандағы Әйсениң ислеген ислериниң әтияжлығын, ҳәмме нәрсениң есабын тапқыш, барлық жумысқа уқыплылығын, өзи де орыс тилин суўдай ишип алған…», «…дегенди ойласа, қорққаны – үкесин алдап суўлап, меннен айырып бир жақларға әкетип қалғысы келип жүрмесе болар еди, деген жексурын пикир басына келип тынышсызланады»…

Контекстте келтирилген «әтияжлығын» сөзи «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги»ниң I томында былай деп түсиндириледи: «Әтияж р. Муқым, пәкизе, қолайлы, жақсы, пуқта, тәртипли…»,  ал, кейинги контексттеги «жексурын» сөзи «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги»ниң II томында: «Жексурын кел. Жек көринишли, унамсыз, жаўыз, қастыян…» деп көрсетилген. Булардан тысқары: «Бул атақты айтқанлардың әдебиятты түсинбейтуғын, тек жандалбаса менен, «апам кетти мен қалдым» деген умтылыс пенен әдебиятқа кирип қалып, қәўпеки араласып жүргенин сездирип қойғанлары да аз болмады»., «-Әй қызым, бизлерди алдарқатпа!»…, «-Сениң-ақ усы келинге жаның ашый қалды ғой. Өз үйимизде өзимиз бир көсилейик те». Асты сызылған «қәўпеки» сөзи 1988-жыл Нөкис қаласында «Қарақалпақстан» баспасында шыққан «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги»ниң III томында былай деп түсиник бериледи. «Қәўпеки кел. 1. Өтирик, қопал, жалған, үстиртин…. 2. Аўыс. Турақсыз, жеңил минез» деген мәнилерди билдирип тур. Кейинги мысалдағы «алдарқатпа» сөзи түсиндирме сөзликте «Алдарқатыў ф. Алдастырыў, алдап-суўлаў, кеўлин алыў» деген мәнилерди аңлатады екен. «Көсилиў» сөзи болса түсиндирме сөзликте «Көсилиў ф. 1. Аяғын созып отырыў. 2. Жердиң ямаса басқа бир нәрсениң узыннан-узақ орынды ийелеп созылып жатыўы» деп келтирилген.

Бундай мысалларды узыннан-узақ даўам етиўимиз мүмкин. Усы орында даналардың айтқан бир сөзи есиме түсти: «Билген нәрселеримнен билмегенлерим көп екен». Шынында да, еле оқып үйрениўим керек болған нәрселер, оқыўым лазым болған китапларым жүдә көп екенин аңлап жеттим. Бир ғана мысал, Г.Есемуратованың китабын оқып баратырып, «Қарақалпақ тилиниң түсиндирме сөзлиги»н де ашып оқыўға туўра келди. Кеткен ўақтыма, излеп үйренгенлериме жараса көплеген билимлерди алдым деп ойлайман.

Улыўма алғанда, әдебият бостанының көрнекли ўәкиллеринен бири, өз орнына, өзиниң дөретиўшилик жолына, өз оқыўшыларына ийе болған ҳүрметли жазыўшы апамыз Гүлайша Есемуратованың қайсы китабын яки қайсы шығармасын алып оқысаңыз да, оның шеберлигине, дөретиўшилик мийнетине, күш-ғайратына, сөзлердиң гәўҳарларын терип алып шығарма дөретиўине тәсийин қалмай илажыңыз жоқ. Мен де Г.Есемуратованың бир оқыўшысы сыпатында оған шексиз ҳәўес етемен. Ол инсанға терең ден-саўлық, перзентлериниң алдында аман жүриўин, өмир жасы узақ болыўын тилеймен.

Д.Султанбаева,

Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика факультетиниң студенти.

Пайдалы дереклер