slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
ИБРАТЛЫ ӨМИР (Жазыўшы Г.Есемуратова – 90 жаста) | | Karakalpak state university

ИБРАТЛЫ ӨМИР (Жазыўшы Г.Есемуратова – 90 жаста)

Қарақалпақ әдебиятының раўажланыўына өзиниң салмақлы үлесин қосқан белгили жазыўшы, әдиўли устаз, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Гүлайша Есемуратова быйыл 90 жасқа толды.

Усы мүнәсибет пенен усы жылдың 18-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети мәденият сарайында «Ибратлы өмир» атамасында әдебий кеше шөлкемлестирилди.

Илажды Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов басқарып барды.

Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов сөзге шығып, юбилярға арналған Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң қутлықлаўын оқып еситтирди ҳәм Г.Есемуратоваға «Ардақлы нураный» көкирек белгисин тапсырды.

Сондай-ақ кешеде ҚМУдың Оқыў ислери бойынша проректоры О.Дуйсенбаев, академик Ж.Базарбаев, сенаторлар Г.Аннақлычева, Ш.Уснатдиновлар, филология илимлериниң кандидаты, доцент Ж.Сагидуллаева, Өзбекстан Қаҳарманы Ғ.Хожаниязов, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими баслығы К.Реймов ҳәм басқалар жазыўшы Г.Есемуратованың халқымыздың әдебий ҳәм мәдения турмысының раўажланыўына қосқан үлеси, оның мийнетлери жөнинде айтып өтти.

Ҳақыйқатында да, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Г.Есемуратованың пүткил саналы өмири халқымыздың мәдений, руўхый дүньясы менен тығыз байланыста кешти. Ол узақ жыллар даўамында республикамыздың бир қатар абырайлы басылымларында түрли лаўазымларда пидайы хызмет иследи. Халқымыздың әдебий-мәдений турмысында айрықша орны бар уллы инсанлардың бири сыпатында Г.Есемуратова өзиниң өткир дөретиўшилик қәбилети менен қарақалпақ әдебияттаныў илиминиң де раўажланыўына салмақлы үлес қосты. Оның терең мазмунға ийе бир қанша гүрриңлери, повестлери ҳәм романлары студент-жаслар ушын сабақлық ҳәм оқыў қолланбаларынан орын алды.

Усындай машақатлы жолдың барлық қыйыншылықларын мәрдана басып өтип, қарақалпақ әдебиятында үлкен мектеп жаратқан жазыўшының дөретиўшилиги, әлбетте, әдебияттаныў илиминиң теориялық мәселелерин шешиўде, бул бағдарда жасларға тәлим-тәрбия бериўде, маман қәнигелер таярлаўда қосқан үлкен үлеси есапланады.

Әлбетте, уллы мәртебеге ерисиў инсанға аңсатлық пенен келмейди. Гүлайша Есемуратованың халқымыз алдындағы бийминнет хызмети, жоқары адамгершилик пазыйлетлери ҳәм ибратлы өмир жолы, әлбетте, бәршеге үлги болады.

Биз де усындай теберик апамызға, мүбәрек 90 жасқа толыў тойыңыз қутлы болсын, әдебият, илим ҳәм билимлендириўдей саўаплы исте барқулла жол баслаўшы болып жүре бериң, жақынларыңыз ҳәм пүткил халқымыз бахтына ҳәмийше аман болың, деп қаламыз.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

     

Пайдалы дереклер