Хабарыңыз бар, усы жылдың 18-23-февраль күнлери аралығында Ҳиндстанның Нью-Дели қаласында спорт гүреслери бойынша үлкен жастағылар арасында Азия чемпионаты болып өтеди.
Қуўанышлы тәрепи, 19-февраль күни бул жарыста Өзбекстан сайланды командасы қурамында Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң студенти Жалғасбай Бердимуратов -82 килограмм салмақта гилемге шықты.
Ж.Бердимуратов бронза медалы ушын болған беллесиўде қазақстанлы палўан Евгений Поливадовты 8:2 есабында жеңип шығып, Азия чемпионатының бронза медалын қолға киргизди.
Биз де өз гезегинде Жалғасбай Бердимуратовқа алдағы жарысларында еле де елимиз байрағын көтере бериўин тилеп қаламыз.
ҚМУ Баспасөз хызмети.