slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
"КИТАПҚУМАРЛАР КЛУБЫ" 3 ЖАСТА | | Karakalpak state university

“КИТАПҚУМАРЛАР КЛУБЫ” 3 ЖАСТА

Китап – инсанның руўхый дүньясын байытатуғын бийбаҳа ғәзийне. Ол адамды еркин пикирлеўге,  жақсы пазыйлетлерге тәрбиялайды.

Ҳәзирги ўақытта мәмлекетимизде жаслар арасында китапқумарлықты раўажландырыў бойынша елиўли жумыслар әмелге асырылмақта.

Жақында Бердақ атындағы ҚМУдың Мәденият сарайында университеттиң қәбилетли жасларынан шөлкемлестирилген “Китапқумарлар клубы”ның дүзилгенине 3 жыл толыўы мүнасебети менен көркем-әдебий кеше болып өтти.

Кешени Мәлимлеме-ресурс орайы директори Н.Шаригатова ашып берди ҳәм жыйналғанларды байрам менен қызғын қутлықлады.

Байрамға бир қатар мийманлар, яғный: Хөжели районлық “Мехрибанлық үйи” тәрбияланыўшылары, Арқа-батыс әскерий окург курсантлары,  Қарақалпақстан Мәлимлеме-китапхана орайы бөлим баслығы Ж.Тилеўбаева,  И.Юсупов атындағы қәнигелестирилген мектептиң,  Нөкис қаласы 33-санлы улыўма билим бериў мектеп оқыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Буннан соң “Китапқумарлар клубы” ағзалары тәрепинен таярланған байрам кешесине уласып кетти.

Әдебий кеше соңында бир қатар шөлкемлер,  мекемелер,  оқытыўшылар,  белсенди жаслар арнаўлы диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

Китапқумарлыққа бағышланған бул әдебий кеше көпшиликте үлкен тәсир қалдырды.    

Азизбек Дабылов,

ҚМУдың Қарақалапақ филологиясы ҳәм журналистика факултетиниң

1-курс студенти.

 

Пайдалы дереклер