Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ректораты студент-жаслар арасында «КИТАПҚУМАР СТУДЕНТ» республикалық таңлаўын жәриялайды
Әзиз студент-жаслар!
Мәмлекетимизде карантин себепли студент-жаслардың дем алыс ўақытларын еле де мазмунлы өткериў мақсетинде, университет ректораты тәрепинен «Китапқумар студент» таңлаўын жәриялайды, Сиз де таңлаўға қатнасың ҳәм сыйлыққа ийе болың, бос ўақытларыңыздан үнемли пайдаланың, көбирек әдебий китаплар оқып барыўыңыз ушын сизде ўақыт ҳәм имканиятлар жеткиликли, таңлаўға ҳәзирден баслап таярлық көриң.
«КИТАПҚУМАР СТУДЕНТ» ТАҢЛАЎЫН ӨТКЕРИЎ ТӘРТИБИ:
Таңлаўды өткериў бойынша баҳалаў критериялары ҳәм қатнасыўшыларға қойылатуғын талаплар:
Таңлаўда университеттиң барлық тәлим бағдарларының 1,2,3,4-курс студентлери арасында өткериледи.
Таңлаў жеңимпазлары үш тәртипте анықланады. Бириншиси – Қарақалпақ филологиясы ҳәм журналистика, Өзбек филологиясы факультетлери студентлери арасында өз алдына таңлаў өткерилип, жеңимпазлар анықланады. Екиншиси – Шет тиллери ҳәм Тарийх факультетлери студентлери арасында өз алдына таңлаў өткерилип, жеңимпазлар анықланады. Үшиншиси – қалған 11 факультет студентлери арасында өз алдына таңлаў өткерилип жеңимпазлар анықланады.
Таңлаў төмендеги 3 шәрт бойынша өткериледи:
1-шәрт: «Ең билимли китапқумар» шәрти (тест көринисинде). Бунда қатнасыўшылар арасында тест (50 тест сораўдан ибарат) өткериледи:
– таңлаўдың өткерилиў тәритибине муўапық «Ең билимли китапқумар» шәрти (тест) нәтийжеси бойынша таңлаў қатнасыўшыларының топлаған балы (туўры жуўапларына санына қарап 1 сораўға 0,5 балл – жәми 25 балл) есапқа алынады. Тест сораўлары 2019/2020-оқыў жылында өтилген «Ахборот ҳәм кураторлық сааты» шеңбериндеги көркем әдебиятлардан дүзиледи.
2-шәрт: «Аннотация шеберлиги» шәрти. Бунда қатнасыўшы тәрепинен «Мен жақтырған шығарма» атамасында өзи жақсы көрип оқыған шығарма бойынша қысқаша мағлыўматлар – аннотация бериледи.
– «Аннотация шеберлиги» шәртинде төрешилер қурамы қатнасыўшылардың «Шығармаға таярланған аннотация»сын баҳалаўда олардың белгиленген шығарманы оқығанлығын тексереди ҳәм де мазмунын туўры түсингени ҳәм тәрийплеп бериў қәбилетине 25 баллық системада төмендеги тәртипте баҳалайды:
– аннотация жазыўдағы саўатлылығы – 5 балл;
– усыныс етилген әдебияттың аннотациясын жазыўда шығарманың жетекши идеясы ҳәм мазмунының толық қамтып алынғанлығы – 5 балл;
– Китапқумар тәрепинен шығармаға мүнәсибетиниң (критикалық яки унамлы) қызықлы ҳәм көркемли тәризде билдиргенлиги – 5 балл;
– Аннотация текстинде пикирди сәўлелендириў методы, көркем образлардың реал турмыс пенен байланыслы ибратли тәреплерин ашып берилгенлиги – 5 балл;
– Әдебиятта берилген улыўмаинсаный идеялар ҳәм миллий колоритке мүнәсибет билдиргенлиги – 5 балл;
Бунда қатнасыўшы тәрепинен жазылған аннотация тексти төрешилер қурамы ағзалары тәрепинен биргеликте көрип шығылып, биргеликте жуўмақ шығарған ҳалда жеке баҳа (балл) қойылады.
3-шәрт: «Китапқумарлық ҳәм китап оқыў мәдениятын кең үгит-нәсиятлаў» шәрти. Бунда қатнасыўшы тәрепинен китапқумарлық ҳәм китап оқыў мәдениятын үгит-нәсиятлаў процесси әмелге асырылады.
– «Китапқумарлық ҳәм китап оқыў мәдениятын кең үгит-нәсиятлаў» шәртинде қатнасыўшы тәрепинен китапқумарлық ҳәм китап оқыў мәдениятын үгит-нәсиятлаў процесси төрешилер қурамы алдында әмелге асырылады.
Төрешилер қурамы тәрепинен қатнасыўшының китапқумарлық ҳәм китап оқыў мәдениятын үгит-нәсиятлаў методы ҳәм де усы процессте тыңлаўшыны исендире алыў қәбилети 50 баллық системада төмендеги тәртипте баҳаланады:
– китапқумарлық ҳәм китап оқыў мәдениятын үгит-нәсиятлаў бойынша мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған ибратлы ислер ҳәм бул бойынша халық, сондай-ақ, жаслар арасында қолға киргизип атырған унамлы нәтийжелер бойынша пикир-усыныслар барлығы – 10 балл;
– үгит-нәсиятлаў процессинде қатнасыўшы тәрепинен өзи оқыған шығармалардың күшли ҳәм тәсиршеңлигин ашып бериўши ҳәм де усы шығармалардан алған тәсирлериниң өз турмыс жолында орнына итибар қаратыў – 10 балл;
– китап оқыўдың унамлы нәтийжелери бойынша өзи тәрепинен билдирилген пикирлерди анық мағлыўматлар ҳәм исенимли тийкарлар менен жеткериў арқалы тыңлаўшыны исендире алыўы қәбилети – 10 балл;
– Қандайда бир шығарманы оқыў даўамында оқыўшы тәрепинен китапқа болған итибарлылық пенен мүнәсибетте болыў, китап оқыў мәдениятына әмел етиў мәселелерине итибар қаратыў – 10 балл;
Жеңимпазды анықлаў: Бунда төрешилер қурамының ҳәр бир ағзасы өзиниң қойған баҳаларын ашық-айдынлық пенен жәриялайды ҳәм тийкарлап береди. Барлық ағзаларының қойған балы улыўмаластырылып, олардың улыўма санына бөлинген ҳалда орташа баҳа шығарылады. Жуўмақлаўшы баҳа – таңлаўдың үш шәрти нәтийжелери бойынша жеке қатнасыўшының топлаған балларын қосыў (25+25+50=100 балл) нәтийжеси тийкарында анықланады.
– Таңлаўда жеңимпаз болған студентлерди университет ректораты тәрепинен төмендегише сыйлықлайды:
1-орын ушын – 1000000 (бир миллион сўм)
2-орын ушын – 750000 (жети жүз елиў мың сўм)
3-орын ушын – 500000 (бес жүз мың сўм)
«КИТАПҚУМАР СТУДЕНТ» Республикалық таңлаўының
1-шәрт: «Ең билимли китапқумар» шәртинде қатнасыўшылардан алынатуғын Тест сораўларына түсетуғын көркем әдебиятлар дизими:
2019-Жыл Сентябрь айы Ахборот хəм кураторлар сааты китаплар дизими.
- И. Юсуповтыӊ “Ўатан топырағы” поэмасы.
- Ш.Айтматовтың «Жүзбе-жүз» повести
- Н.Эшонқулдың “Маймыл жетеклеген адам” гүрриңи
2019-Жыл Октябрь айы Ахборот хəм кураторлар сааты китаплар дизими.
- Б.Генжемуратовтыӊ «Мөде хан сөзи яки Шын жипегиндеги битик» поэмасы.
- И.Юсуповтың “Посейдонныӊ ғәзеби” поэмасы.
- Ў.Умарбековтың «Фатима ҳәм Зухра» романы.
- И.Султонныӊ «Боқий дарбадар» романы.
2019-Жыл Ноябрь Ахборот хəм кураторлар сааты китаплар дизими.
- Т.Қайыпбергеновтың «О дүньядағы атама хатлар» эссеси
- А.Садықовтың «Таста да гүллейди» романы
- Гётенинг «Фауст» трагедияси
- Юсуп Ҳас Ҳажибтиң «Қутадғу билиг» дәстаны
- Л.Бўрихонның «Жазирамадаги одамлар» романы
2019-Жыл Декабрь Ахборот хəм кураторлар сааты китаплар дизими.
- Х.Дәўлетназаровтың «Ийесиз журт» поэмасы
- К.Каримов лирикасында экология темасы
- О.Ёқубовнинг «Ақ қуслар, аппақ қуслар» романы
2020-Жыл Январь Ахборот хəм кураторлар сааты китаплар дизими.
- C.Бахадырованыӊ «Тәғдир» романы
- О.Ёқубовтың «Ақ қуслар, аппақ қуслар» романы
- К.Алламбергеновтың «Әмир Темир ҳәм Ер Едиге (уллы атланыс)» драмасы
- А.Дилмуродтың «Бөлекшедеги әлем» романы
2020-Жыл Февраль Ахборот хəм кураторлар сааты китаплар дизими.
- С.Исмайловтыӊ «Жүрек галактикасы» романы
- К.Каримов «Зардушт» романы
- Турсун Али поэзиясы
- Ораз Ҳайдар лирикасы
2020-Жыл Март Ахборот хəм кураторлар сааты китаплар дизими
- О.Әбдирахмановтыӊ «Аралым –дәртим мениӊ» эссеси
- Ш.Уснатдиновтың «Ибрайым Юсупов» роман-эссеси
- Чўлпонныӊ «Кеш ҳәм күндиз» романы
- А.Қодирийдиӊ «Өткен күнлер» романы
ҚОСЫМША ЖӘҲӘН ӘДЕБИЯТЫНАН
- А.Камю «Бийгана» шығармасы
- Ф.Достоевский – «Жынаят ҳәм жаза» шығармасы
- Пушкинниӊ “Евгений Онегин” шығармасы
- Ў.Памуқ шығармалары
- Антуан Де Сент-Экзюпери «Кишкене шахзада» шығармасы
Еслетпе: Таңлаў мәмлекетимизде карантин дәўири жуўмақланғаннан соң өткериледи.
Мағлыўмат ушын телефон: (61) 223-59-54, (93) 920-10-09, (90) 652-00-84