Биология факультети жәмәәти де қайыр-сақаўат ислерин алып бармақта | | Karakalpak state university

Биология факультети жәмәәти де қайыр-сақаўат ислерин алып бармақта

Жер жүзиндеги бәрше мәмлекетлерде үлкен машқалаға айланған коронавирус «COVID-19» инфекциясы инсаниятқа қәўип туўдырғаны ҳәммемизге мәлим. Елимизде коронавирус инфекциясының алдын алыў бойынша денсаўлықты сақлаў хызметкерлери тәрепинен қатаң илажлар көрилмекте. Бул инфекцияны жуқтырған наўқаслардың шыпа таўып атырғаны халқымызды қуўандырмақта.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев усы жылдың 20-апрель күни халқымыздың тарийхый ҳәм руўхый қәдириятларын, мийрим-шәпәәт, ақыбет ҳәм жақсылық сыяқлы жоқары пазыйлетлерин есапқа алған ҳалда «Сақаўат ҳәм жәрдем» улыўма халықлық ҳәрекетин жолға қойыў басламасын алға қойған еди.

Бул ийгиликли баслама шеңберинде Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети Биология факультетиниӊ жәмәәти де Сырдәрья ўалаяты «Сардоба» суў сақлағышынан жәбир шеккен ҳалыққа ҳәм өзлерине бириктирилген пайтахтымыздағы 35-санлы «Наўрыз» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында кем тәмийинленген жети шаңарақтың ҳал-жағдайынан хабар алып, оларға  азық-аўқат ҳәм ақшалай  қайыр-сақаўат жәрдемлерин берди.

Өз гезегинде шаңарақ ийелери көрсетилип атырған ғамқорлықлардан кеўли толып, ҳүкимет басшылары ҳәм университет жәмәәтине өз миннетдаршылықларын билдирди.

Жалғас Муйнакбаев,

Биология факультети жаслар менен ислесиў бойынша декан орынбасары.

Пайдалы дереклер