slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
Халықаралық илимий-әмелий конференция ХАБАРНАМАСЫ | | Karakalpak state university

Халықаралық илимий-әмелий конференция ХАБАРНАМАСЫ

ӨЗБЕКСТАН  РЕСПУБЛИКАСЫ ЖОҚАРЫ ҲӘМ ОРТА АРНАЎЛЫ

БИЛИМЛЕНДИРИЎ МИНИСТРЛИГИ

БЕРДАҚ  АТЫНДАҒЫ ҚАРАҚАЛПАҚ МӘМЛЕКЕТЛИК УНИВЕРСИТЕТИ

 “ҚУБЛА АРАЛ БОЙЫ  ТӘБИЙИЙ РЕСУРСЛАРЫН ҚОРҒАЎ ҲӘМ  АҚЫЛҒА МУЎАПЫҚ  ПАЙДАЛАНЫЎ“

Халықаралық илимий-әмелий  конференция

ХАБАРНАМАСЫ

ҲҮРМЕТЛИ КӘСИПЛЕСЛЕР!

Сизлерди Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020 жыл 7-февральдағы 56-ф-санлы бийлиги тийкарында 2020-жыл 23-24 июнь күнлери болып өтетуғын “Қубла Арал бойы  тәбийий ресурсларын қорғаў ҳәм ақылға муўапық  пайдаланыў”  атамасындағы Халықаралық илимий-әмелий конференцияда қатнасыўға мирәт етемиз.

 Конференцияның мақсети: Өзбекстан Республикасы ҳәм қоңсы мәмлекетлерде алып барылып атырған экологиялық ҳәм биологиялық изертлеўлер нәтийжелери, актуал машқалалары ҳәм жаңа перспективаларын додалаў, пәнлер аралық  интеграцияға  тийкарланған  экобиологиялық изертлеўлер бойынша тәжирийбе алмасыў, аймақлардағы  экологиялық машқалалардыӊ шешимине қаратылған илимий-әмелий пикир ҳәм усынысларды ислеп шығыў.

 Конференцияның тийкарғы бағдарлары:

  • Түслик Арал бойы аймағында биологиялық көп түрлиликти сақлаў ҳәм ақылана пайдаланыў машқалалары;
  • Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм турақлы раўажланыў машқалалары;
  • Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбийий ресурслардан ақылана пайдаланыў тараўы бойынша ҳалық аралық  бирге  ислесиў;
  • Саламатлықтың медико-биологиялық ҳәм  социаллық тийкарлары;
  • Тәбияттаныў тараўындағы заманагөй  тәлимниң актуал  мәселелери.

 Конференция  өткерилетуғын орын – Өзбекстан, Қарақалпақстан  Республикасы, Нөкис қаласы, Ч.Абдиров көшеси, 1-жай, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик  университети  мәденият сарайы.

 Конференцияның рәсмий тиллери: қарақалпақ, өзбек, рус, инглиз тиллери.

 Конференцияда қатнасыў формалары:

–  пленар жыйналыста баянат жасаў;

– секция жыйналысында баянат жасаў;

– конференция жыйналысында қатнаспастан мақаланы топламда шығарыў.

 Регистрациядан өтиў ҳәм мақала бериў тәртиби

Илимий конференцияда қатнасыўшылар  шөлкемлестириў  комитетиниң arzigull2020@mail.ru электрон мәнзилине  толтырылған дизимнен өтиў формасын ҳәм  мақала  материалы бар файлды жибериў керек. Егер мақала соавторлықта болса дизимнен  өтиў  формасы барлық  авторлар тәрепинен  толтырылады ҳәм мақала бар файл биринши  автор  фамилиясы менен  бериледи. Дизимнен өтиў формасы ҳәм мақала материалы бар файлды автордың фамилиясы менен байланыслы латын ҳәриплеринде жазылыўы керек. Kidirbaeva.rtf.

Шөлкемлестириў комитети 3 күн ишинде материалыңыздың қабыл етилгенлиги ямаса қабыл етилмегенлиги ҳаққында электрон почтанызға хабар жибереди. Материал қабыл қылынғаннан соң қатнасыўшылар взнос пулын төлеп, квитанцияны сканерда
копиядан өткереди ҳам JPEG формада шөлкемлестириў комитетине жибериўи керек.
Квитанцияда автордыӊ аты-фамилиясы толық кѳрсетилиўи ҳәм конференцияныӊ аты
жазылады.

Мақалаларды қабыл етиўдиң ақырғы мүддети – 10 июнь 2020 жыл.

Мақала материаллары қабыл етилгеннен соң шөлкемлестириў комитети 2020 жыл 15-июнға шекем мирәтнама жибериў арқалы сизиң қатнасыўыңызды тастыйықлайды. Конференция материалларын топлам формасында шығарыў ушын қатнасыўшылар мақаланың ҳәр бир бети ушын 15000 сўм муғдарында взнос пулын төлеўи зәрүр.

Взнос пулын төлеўдиң ақырғы мүддети – 15-июнь 2020-жыл.

СЫРТ ЕЛ қатнасыўшылары ушын мақаланы баспадан шығарыў БИЙПУЛ.

Мақалаларды рәсмийлестириў талаплары:

Мақаланың  көлеми – 5 беттен кем болмаўы ҳәм 7 беттен аспаўы керек. Текст форматы: MS Word – *.rtf, *.doc форматта, ҳәр   бир  тәрепинен 2,5  см қалдырылады. Текст тек Times New Roman гарнитурасында, 14 кегл, 1 интервалда бериледи.

Мақала тексти төмендеги  тәртипте  рәсмийлестириледи:

–   мақаланың аты үлкен ҳәриплер менен  орта бөлимине жайластырылады- 14 кегл;

– автор (соавторлар) дың фамилиясы, аты, отчествасы киши ҳәриплер менен келтириледи -14 кегл;

– фамилиялардың астына қала, мәмлекет,  жумыс орны, , e-mail көрсетиледи;

–  соң  тийкарғы  текст жайластырылады.

Тийкарғы текстте төмендеги бөлимлер  ажыратылып көрсетилиўи зәрүр;

  • Кирисиў / Introduction
  • Жумыстың мақсети / Aim
  • Материал ҳәм методлар / Materials and methods
  • Натийжелер ҳәм  додалаўлар / Results and discussion
  • Жуўмақлаў / Conclusions
  • Әдебиятлар
  • сүўрет ҳәм таблицалардың аты берилиўи ҳәм номерлениўи шәрт, мақала тектинде оларға ссылкалар  берилиўи керек, таблица ҳәм сүўретлердиң ишиндеги жазыўлар 11 кеглден киши болмаслығы керек;
  • Пайдаланылған әдебиятлар “References” атамасы менен номерленген дизим тәризинде тек ғана латын графикасында (транслитерация) (ГОСТ – аты бойынша сортировка кылыў) стилинде – мақаланың ақырында  келтириледи (12 кегл):

Мысалы: (Lonn, P., Mizoue, N., Ota, T., Kajisa, T., Yoshida, S. Evaluating the contribution of community-based ecotourism (CBET) to household income and livelihood changes: a case study of the chambok CBET program in Cambodia.  // Ecol. Econ. – 2018. – pp. 151, 62-69.).

  • номерлениў – әлипбе тәризинде, текст ишиндеги библиографиялық ссылкалар тек ғана квавдарт скобка көринисинде ҳәмде әдебиятлар бөлиминде  стандартқа  муўапық рәсмийлестирилген болыўы  лазым;
  • мақалаларда пайдаланылған әдебиятлар  дизиминен соң  инглиз тилинде мақаланың аты, қысқаша аннотациясы ( 100 сөзден  кем болмаған) ҳәм  гилт  сөзлери бериледи (12 кегл, курсив);
  • бир автордан бир мақала, соавторлықта – еки мақаладан көп болмаўы керек;
  • таксонлардың латын тилиндеги туўыс ҳәм түр эпитетлери курсив пенен белгиленеди.

Топламға  киргизилген мақалалалардың мазмуны, олардағы статистикалық мағлыўматлардың дурыслығына  авторлар жуўапкер. Талапларға жуўап бермейтуғын түрде рәсмийлестирилген ҳәм белгиленген мүддеттен  кешигип жиберилген материаллар  топламға  киргизилмейди.

Мүрәжат ушын мәнзил:

230113, Өзбекстан, Қарақалпақстан Республикасы, Нөкис қаласы, Ч. Абдиров көшеси,  1-жай, Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик  университети,  Биология факультети, тел: 0361223-58-62, +99899450-84-16, +99894148-00-81, e-mail: arzigull2020@mail.ru.

Пайдалы дереклер