slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
«МАТЕМАТИКАНЫӉ ЗАМАНАГӨЙ МАШҚАЛАЛАРЫ» | | Karakalpak state university

«МАТЕМАТИКАНЫӉ ЗАМАНАГӨЙ МАШҚАЛАЛАРЫ»

Усы жылдыӊ 20-май күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы В.И.Романовский атындағы Математика институты тәрепинен «Математиканыӊ заманагөй машқалалары» атамасында республикалық илимий-әмелий онлайн конференциясы шөлкемлестирилди.

Әнжуманды ҚМУ ректоры, профессор А.Реймов ашып берди. Конференцияда белгили математик илимпазлардан Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы В.И.Романовский атындағы Математика институтыныӊ директоры, сенатор, академик Ш.Аюпов, академик А.Садуллаев, профессор М.Ариповлар өз баянатлары менен қатнасты.

Бәршемизге белгили, ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиӊ басшылығында мәмлекетимиздиӊ илимий потенциалын көтериў, илим-пәнди раўажландырыў бойынша бир қатар нәтийжели жумыслар әмелге асырылып келинбекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниӊ 2019-жыл 9-июлдеги «Математикалық билимди ҳәм илимди буннан былай да раўажландырыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясыныӊ В.И.Романовский атындағы Математика институты жумысын түптен жетилистириў ис-илажлары ҳаққында»ғы ҳәм 2020-жыл 7-май күнги «Математика тараўындағы тәлим сапасын арттырыў ҳәм илимий-изертлеўлерди раўажландырыў ис-илажлары ҳаққында»ғы қарарлары тараўды раўажландырыўда жаӊа басқышты баслап берди. Ал, Президентимиздиӊ 2020-жыл 7-май күнги қарары менен Қарақалпақстан Республикасында, Бухара, Наманган, Самарқанд ҳәм Хорезм ўәлаятларында Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы В.И.Романовский атындағы Математика институтыныӊ аймақлық бөлимлери шөлкемлестирилди.

Әлбетте, бул қарарлар елимизде математика илиминиӊ раўажланыўыны ушын үлкен имканиятлар есигин ашып берди. Әсиресе, жас математиклердиӊ өз билимлерин еле де жетилистириўде әҳмийетли орын тутады.

Мине, усындай имканиятлардан нәтийжели пайдаланған Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ 2-курс студенти К.Садыков Президентимиздиӊ басламасы менен шөлкемлестирилген 2018-жылы Үргениш қаласында болып өткен математика олимпиадасында бронза медалға ийе болғанлығын мақтаныш етсек арзыйды.

Онлайн форматта шөлкемлестирилген бул конференцияға Өзбекстан Республикасыныӊ барлық ўәлаятларынан 100 ден аслам математик илимпазлар, жас излениўшилер қатнасты.

ҚМУ Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер