ПЕДАГОГИКА ҲӘМ ПСИХОЛОГИЯ КАФЕДРАСЫ | Karakalpak state university

ПЕДАГОГИКА ҲӘМ ПСИХОЛОГИЯ КАФЕДРАСЫ

«Педагогика ҳәм психология» кафедрасы, Өзбекистан  Республикасы Президенти, Олий Мажлис, Министрлер Кабинети ҳәмде Жоқарғы ҳәм Орта арнаўлы Билимлендириў Министрлигиниң жоқары оқыў орынларының жумысларын еледе жеделлестириў бойынша қабыл етилген қарарларға сүйенген ҳалда, сондай-ақ, университет ректоры буйрықлары ҳәмде Илимий Кеңес қарарлары тийкарында өз хызметин әмелге асырмақта.

 Педагогика кафедрасы «Педагогика ҳәм жәмийетлик пәнлер» деген ат  пенен 1935 жылы муғаллимлер институты шөлкемлескен ўақытта ашылды. Кафедраға туңғыш басшылық еткен Я.М.Досумов болып, оннан кейин доцент Н.Д.Щепкин, профессор Ж.А.Орынбаев, доцент Р.Г.Тимашева, доцент А.Бекбасов болды.

1976 жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институты мәмлекетлик университет болып қайта дүзилгеннен кейин кафедраға 1976-1979, 1984-1990 жыллары профессор Қутмамбет Қосназаров, 1979-1984 жыллары доцент Бердимурат Султамуратов, 1991-1994 жыллары доцент Турсынбай Айтанов, 1994-1997 жыллары доцент Исмайыл Алланиязов басшылық етти.

Бул жыллары Москва, Ташкент қалаларына аспирантлар жиберилип кафедраның илимий мүмкиншиликлери артып отырды. Нәтийжеде  Турсынбай Айтанов(1991ж.), Исмайыл Алланиязов(1993ж.), Искендер Пирниязов (1994ж.) педагогика илимлериниң кандидаты илимий дәрежесин алды. Усы жыллары кафедрада Гайбулла Абипов, Даўлетбийке Қалилаева, Мария Довгопол, Искендер Пирниязов, Наталья Васильевна Пирниязова, Турсынбай Айтанов, Исмайыл Алланиязов, Парахат Абдимуратов, Лиза Бекниязова, Айнаш Хожахметова, Гулайым Туреева, Закир Абдиғапбаров, Қуат Бекбаулиев, Мақсет Палуаниязов, Зухра Наймова ҳәм басқада оқытыўшылар белсене хызмет етти.

1997-2011 жыллар аралығында кафедраға педагогика илимлериниң докторы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери, профессор Өсербай Әлеўов басшылық етти. 2001 жылы «ХХ1 әсирдиң белгили алымы»,  2006 жылы «Халық аралық илимлер академиясының Академиги» ҳүрметли атақлары ийеси профессор Өсербай Әлеуов басшылық еткен жыллары, оның илимий басшылығында  он илим кандидаты, соннан кафедрада үш оқытыўшы П.Абдимуратов, Қ.Сейтмуратов, А.Бекимбетовалар педагогика илимлериниң кандидаты илимий дәрежесин алды. 2003 жылы Л.Бекниязова психология илимлериниң кандидаты  болып кафедраның илимий дарежелилигин жәнеде жоқарылатты.

Кафедра ағзалары Н.В.Пирниязова, П.Абдимуратов, Т.Утебаев, А.Бекимбетова, З.Матуразова, Б.Ражапбаев, М.Айтымбетов, К.Қутлымуратов, Г.Қалқназарова, С.Алауатдинов, Ш.Алланазарова, Г.Оразбаева, Н.Сагындыкова, Ю.Пурхановлар: «Қарақалпақстанда мектеп ҳәм педагогикалық пикирлер тарийхы. Этнопедагогика» машқалалары бойынша илимий излениў жумыслар алып барып,  баспаханадан 40 қа жақын китаплар, 350 ден көбирек илимий мақалалар шығарды. Соның менен бирге халық-аралық илимий симпозиум ҳәм конференцияларда докладлар қылып Қарақалпақстандағы педагогика илимин шет еллерге үзликсиз таныстырып барды.

     2012 жыл, январь айынан баслап кафедраға педагогика илимлериниң кандидаты, доцент П.Абдимуратов, 2017 жыл март айынан баслап педагогика илимлериниң кандидаты, доцент Т.Сапаров басшылық етпекте. Кафедра ҳәр жылы илимий жетискенликлер ҳәм магистр дәрежели жас кадрлар менен толысып бармақта. Кафедра жәмәәти: Т.Сапаров, Н.В.Пирниязова, П.Абдимуратов, А.Бекимбетова, М.Айтымбетов, Ш.Алланазарова, З.Матуразова, К.Қутлымуратов, Г.Оразбаева, К.Турсынбекова, Ж.Асаматдинова, С.Алауатдинов, Ю.Пурханов, Г.Альджанова, Г.Қалықназарова, А.Айназаровалар,  Н.Сагындыкова, Л.Бектурсынова, Б.Темирбеков, Ж.Абдимуратов, Қ.Турдамбетовалар мәмлекетимиздиң «Билимлендириў ҳаққында» Нызамы ҳәм «Кадрлар таярлаў Миллий бағдарламасы» ўазыйпаларын әмелге асырыў бойынша илимий, илимий-педагогикалық жумыслар алып бармақта.

Кафедра Өзбекистан  Республикасы Жоқары ҳәм Орта арнаўлы оқыў орынлары менен тығыз бирге ислесиў байланысларын орнатқан. ЎзМУ,Кары-Ниязий атындағы ӨзППИИИ, Низамий атындағы Ташкент педагогика университети, Ал-Хорезмий атындағы Үргениш мәмлекетлик университети,  Нөкис Мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Ж.Орынбаев атындағы илим изертлеў институты менен узақ жыллар бирге ислесиў бойынша шәртнамалар дүзилген.

 «Педагогика ҳәм психология» кафедрасында ҳәзирги күнде  5 философия докторы (PhD), доцентлер,  4  үлкен оқытыўшы ҳәм 11 ассистент-оқытыўшы, жәми 19 профессор-оқытыўшы илимий педагогикалық жумысларын даўам етпекте.  2017-жылы Сагиндикова.Н 2018-жылы Айтымбетов.М фалсафа докторы илимий дәрежесин алды. Сондай-ақ  2профессор-оқытыўшы мәмлекетимиз көлеминде өткерилген ең жақсы педагог таңлаўында қатнасып, 2017-жылы Сагиндикова Наргиза ҳәм 2018-жылы Бектурсынова Лола жоқары оқыў орынлары арасында өткерилген «Ең жақсы педагог» таңлаўының Рекспубликалық басқышында  жеңимпаз болды. Сондай-ақ 2018-жылы,  Н.Пирниязова ҳәм  А.Бекимбетова өзбекистан ҳаял-қызлар комитети тәрепинен шөлкемлестирилген «Өзбекистан ҳаялларының ең жақсы инновацион бағдарламасы» биринши республикалық таңлаўының жеңимпазы болды. 2 профессор-окытыўшы Асаматдинова Жамила ҳәм Алаўатдинов Сахаўатдин илимий-изертлеў  жумысларын таярлап  арнаўлы методикалық семинардан өтти..  3 ассистент оқытыўшы Альджанова.Г, Даниярова.З ҳәм Темирбеков.Б жоллама тийкарында елимиздиң ең алдыңғы илимий-изертлеў орайларында  илимий-изертлеў жумысларын алып барып атыр.

Сапаров Турдыбай Толыбаевич педагогика илимлери кандидаты доцент 1962-жылы 3-апрельде Кегейли районында туўылған Самарканд медицина институтын 1987-жылы тамамлаған. 2012-жылы педагогика пәнлери кандидаты илимий атағын алған. 62 ден аслам илимий мақала 1 монография 5 оқыў қолланбаның авторы. Ҳәзирги ўақытта педагогика ҳәм психология кафедрасының баслығы лаўазымында ислеп атыр.

 

 

 

 

 

Абдимуратов Парахат Сейтмуратович, педагогика илимлери кандидаты, доцент. 1956-жылы 5-майда Кегейли районында туўылған. 1978-жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған. Халық аралық илимлер академиясының докторы. 60 тан аслам илимий мақалалар ҳәм тезислери баспадан шыққан, сондай-ақ 2 оқыў-қолланба, 5 оқыў-методикалық қолланбаның авторы. Ҳәзирги ўақытта «Педагогика ҳәм психология» кафедрасы доценти лаўазымында ислеп атыр.

 

 

Асаматдинова Жамийла Пахратдиновна педагогика илимлери бойынша  философия докторы PhD. 1978-жылы 24-октябрда Қараөзек районында туўылған. 2011-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын тамамлаған 2019-жылы  педагогика илимлери бойынша философия докторы PhD илимий дәрежесин алған. 40 тан аслам илимий мақалалар ҳәм тезислери, 2 монография, 4 оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шықты. 2012-жылдан баслап кафедра ассистенти лаўазымында ислеп атыр.

 

 

 

 

Бекимбетова Айнагул Амангелдиевна, педагогика илимлериниң кандидаты, доцент. 1977-жылы 17-сентябрьде Нөкис қаласында туўылған. 1998-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогика институтын тамамлаған. 50 ден аслам илимий мақалалар ҳәм тезислери, 10 оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шықты. 1999-жылдан баслап кафедрада ассистент, 2012-жылдан баслап кафедра доценти лаўазымында ислеп атыр.

 

 

Сагындыкова Наргиза Жубаткановна психология илимлери бойынша философия докторы PhD. 1987-жылы 5-мартта Нөкис қаласында туўылған. 2010-жыл Ташкент мәмлекетлик педагогика университетин тамамлаған. 2017-жылы психология илимлери бойынша философия докторы PhD илимий дәрежесин алған. 50 тен аслам илимий мақалалар ҳәм тезислери, 1 монография, 4 оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шықты. 2015-жылдан баслап кафедрада ассистент,  2018-жылдан доцент лаўазымында ислеп атыр.

Пайдалы дереклер