slot demo slot gacor demo slot slot gacor hari ini slot deposit pulsa demo slot slot deposit pulsa slot gacor terbaik slot gacor thailand slot gacor hari ini slot deposit pulsa

Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бөлими | Karakalpak state university

Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бөлими

 

Жаслар менен ислесиў, руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бөлими баслығы:

  Бекназаров Қутлыбай Нийетбаевич

861-2235954
kolya5@mail.ru

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлими университетте алып барылатуғын руўхый-ағартыўшылық жумысларға басшылық етиў, тараўға тийисли норматив ҳүжжетлерде белгиленген көрсетпелерди муўапықластырыў, бөлимлер, жәмийетлик шөлкемлер ҳәм кафедралардың руўхыйлық тараўындағы тәжирийбелерди улыўмаластырыў, зәрүр илимий-методикалық усыныслар, әдебиятлар таярлаў ҳәм баспадан шығарыў, студентлердиң руўхый дүньяқарасын жетилистириўге қаратылған түрли илажларды әмелге асырыў мақсетинде дүзиледи.

Улыўма қағыйдалар

  • Бөлим университет ректорының буйрығы тийкарында дүзиледи;
  • Бөлимниң исши топары университеттиң усы тараў бойынша жетекши қәнигелери, профессор-оқытыўшылар ҳәм хызметкерлерден шөлкемлестириледи;
  • Бөлим руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша проректор басшылығында жумыс алып барады;
  • Өз жумысларын жолға қойыўда бөлим факультет деканлары, бөлим баслықлары, кафедра баслықлары ҳәм топар басшылары менен биргеликте жумыс алып барады;
  • Жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлиги жанындағы Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық бөлиминиң нызамы тийкарында жумыс алып барады; Усы жылдағы ҳәм келешектеги режелерине ийе болады.

Бөлимниң мақсети:

Студент-жасларды миллий ҳәм улыўма инсаный қәдириятларға садықлық руўхында тәрбиялаў, олардың руўхый, эстетикалық, әдеп-икрамлылық дүньяқарасын кеңейтиў, олардың санасын ҳәр түрли зыянлы идеялар тәсиринен қорғаў ҳәм де ғәрезсиз Өзбекстанның ҳақыйқый пидайысы болып жетистириўден ибарат.

Бөлимниң ўазыйпалары:

  • Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған руўхый, мәдений жумысларға байланыслы илажларды өткериў;
  • Студент-жаслар арасында әдеп-икрамлылық, эстетикалық, сиясий, ҳуқыкый, көркем тәрбияны қәлиплестириў жумысларын жолға қойыў;
  • Миллий үрп-әдетлер, қәдириятлар негизинде алып барылып атырған әнжуманлар, сәўбетлесиўлер, ушырасыўлар шөлкемлестириў:
  • Студентлердиң руўхый ҳәм физикалық жақтан қәлиплесиўин жоқарылатыў мақсетинде исленетуғын жумысларды жетилистириўге көмеклесиў;
  • Университетте руўхый-ағартыўшылық тәрбиялық жумыслардың жөнелислерин белгилеў, оларға зәрүр норматив ҳүжжетлер ҳәм усыныслар ислеп шығыў;
  • Республикалық руўхый-ағартыўшылық орайының қала, районлық бөлимлери ҳәм де мәмлекетимизде хызмет көрсетип атырған фондлар, жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте руўхый-ағартыўшылық жумысларын жетилистириўде қатнасыў.

Бөлимниң ҳуқықлары:

  • Факультетлердеги руўхый-ағартыўшылық жумысларын қадағалаў;
  • Руўхый-ағартыўшылық жумысларына байланыслы министрлик буйрықлары ҳәм көрсетпелериниң факультетлердеги орынланыўын тексериў;
  • Деканның руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша декан орынбасарларын сайлаў ҳәм де ўазыйпалардан азат қылыўға байланыслы жыйналысларда турақлы түрде өз усыныслары менен қатнасады;
  • Руўхый-ағартыўшылық мәселелер бойынша факультет деканлары ҳәм кафедра баслықларына көрсетпелер, усыныслар береди;
  • Профессор-оқытыўшылардың жыллық оқыў жүклемелеринде «Руўхый-ағартыўшылық жумыслар» тараўына тийисли бәнтиниң толық орынланыўын қадағалайды ҳәм баҳалап барады;
  • Руўхый-ағартыўшылық ислер бойынша декан орынбасарлары алып баратуғын жумыслар бойынша ҳәр семестр жуўмағында бөлим баслығына есабат береди;
  • Руўхый-ағартыўшылық жумысларын жетилистириўде жақсы баслама көрсеткен факультет, бөлим ҳәм кафедра жәмәәти белсендилерин руўхый ҳәм материаллық жақтан хошаметлеўге усыныслар береди.

Пайдалы дереклер