slot gacor
Санаат технологиясы факультети | Karakalpak state university

Санаат технологиясы факультети

 

Санаат технологиясы факультети деканы:

Қурбаниязов Рашид Қалбаевич

 

+99893 520 42 07

kurbaniyazov-rk@mail.ru

Факультеттеги кафедралар:

  1. Нефт ҳәм газ технологиясы кафедрасы
  2. Санаат технологиясы кафедрасы

Факультет тарыйхы

Факультет 1943-жылы муғаллимлер институтының қурамында «Тәбияттаныў-география» бөлими болып шөлкемлестирилген. Соңынан 1948-жылы факультетке айландырылды. 1976-жылы нөкис мәмлекетлик университети ашылыўына байланыслы бул факультет «Химия-биология» факультети болып қайта дүзилди. 1991-жылы өз алдына «Химия» факультети ашылды.

Факультет деканы лаўазымында 1991-1995-жылларда доц. Ж.Курбанов, 1995-2000-жыллары доц. К.Ибрагимов, 2000-жылы доц. М.Алланиязова, 2000-2005-жылларда доц. Б.Бектурсынов, 2005-2006-жылларда доц. Р.Тилегенов, 2006-2011-жылларда доц. М.Айымбетов, 2011-2012-жылларда доц. Б.Нурымбетов, 2013-2014-жылларда доц. А.Пирниязов, 2014-2017-жылларда доц. Д.Турениязова, 2017-2018-жылларда доц. Р.Курбаниязов, 2018-жылдан баслап доц. Б.Нурымбетовлар мийнет етип келди.

Өзбекистан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги тәрепинен 2019-жыл 31-январъ күни тастыйықланған Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң жаңа структурасы ҳәм университет Илимий кеңесиниң 2019-жыл 18-июнь күнги 419-санлы қарарын орынлаў мақсетинде Химия технология факультети қурамынан жаңадан Санаат технологиясы факультети өз алдына факультет болып ажыралып шықты ҳәм факультет қурамында жаңадан «Нефт ҳәм газ технологиясы» ҳәмде «Санаат технологиясы» кафедралары шөлкемлестирилди. Сол ўақыттан баслап факультет деканы лаўазымында техника илимлери кандидаты, доцент Р.Курбаниязов мийнет етип келмекте.

Факультетте үш бакалавр тәлим бағдары: 5320900 – «Жеңил санаат буйымлары конструкциясын ислеў ҳәм технологиясы»; 5321300 – «Нефть ҳәм нефть газди қайта ислеў технологиясы»; 5320300 – «Технологиялық машиналар ҳәм үскенелер» ҳәм бир магистратура қәнийгелиги: 5А321302 – «Нефть ҳәм газди қайта ислеў ҳәм химиялық технологиясы» бойынша магистрантлар таярланбақта.

Сондай ақ факультетте Витебск Мәмлекетлик технология университети (Беларуссия) менен қоспа тәлим тийкарында (2+2 бағдарламасы) 5320900 – «Жеңил санаат буйымлары конструкциясын ислеў ҳәм технологиясы» тәлим бағдарында қәнийгелер таярланады. Оларды таярлаўда 2 кафедра:

«Санаат технологиясы» ҳәм «Нефть ҳәм газ технологиясы» кафедралары хызмет етпекте.

«Жеңил санаат буйымлары конструкциясын ислеў ҳәм технологиясы» тәлим бағдары 1999-жылы, «Нефть ҳәм нефть газди қайта ислеў технологиясы» тәлим бағдары 2008-жылы ашылған болса, «Технологиялық машиналар ҳәм үскенелер» тәлим бағдары 2017-жылы ашылды.

Факультетте өндирис кәрханаларында кефедраның филиаллары шөлкемлестирилген. Сол бирге ислесиў шәртнамалары тийкарында ӨЗР ИА илимий изертлеў институтлары, Ташкент тоқымашылық Жеңил санаат институты, Ташкент химия технология институты, Ташкент мәмлекетлик техника университети ҳәм басқа да жоқары окыў орынлары менен  тығыз байланыста жумыслар алып барады. Солардан «Нефть ҳәм нефть газди қайта ислеў технологиясы» тәлим бағдары студентлери тараўында ең алдыңғы орынлардағы «Бухара нефтьти қайта ислеп шығарыў» «UZ-kor gaz chemical» ЖШЖ, «Шортан газ химия комплекси», «Мубарек газди қайта ислеп шығарыў» ЖШЖ, «Нөкис полимер» заводларында, «Жеңил санаат буйымлары конструкциясын ислеў ҳәм технологиясы» тәлим бағдары студентлери «Нукустекстиль» ЖШЖ, «Еltex» ЖШЖ, «Тurtkul omad textile» жшж, «Еlite stars textile» ЖШЖ, «Халқабад мамығы» ЖШЖ ҳәм Ташкент тоқымашылық ҳәм жеңил санаат институтларында, «Технологиялық машиналар ҳәм үскенелер» тәлим бағдары студентлери «Наўайы кән металлургия комбинаты» мәмлекетлик кәрханасы Тахиатас металл емес конструкциялар ҳәм стандарт емес үскенелер ислеп шығарыў заводы, «Навоиазот», «Нукус полимер» ҳәм «Қоңарат сода заводы» ЖШЖ леринде әмелиятларын өтейди ҳәм питкериўши студентлер усы кәрханаларға жумыс ислеўге жибериледи.

Жоқарыдағы тәлим бағдарлары ушын ис бериўши есапланған кәрханалар қәнийгелери ҳәр ҳәптеде семинарлар өтип барады ҳәмде сол арқалы питкериўши курс студентлериниң ең билимлилерин жумысқа таңлаў имканиятына ийе болады.

Пайдалы дереклер