СЫРТ ЕЛ ПУҚАРАЛАРЫН ҚАБЫЛ ЕТИЎ ТӘРТИБИ ҲӘМ КОНТРАКТ ТӨЛЕМЛЕРИ
Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде Шет елли пуқаралардың ҳүжжетлери Бакалавриатда оқыў ушын ҳәр жылы июнь-июль айларында қабылланады.
Керекли ҳүжжетлер дизими төмендегише:
-Пуқаралық паспорты түп нусқасы ҳәм көширмеси (соның ишинде шет елге шығыў паспорты;
-Мектеп, колледж ямаса лицейди тамалағанын тастыйықлаўшы Гүўалығы баҳалар қосымшасы менен түп нусқасы ҳәм көширмеси (ҳүжжетлер рус тилинде ноториус тәрепинен тастыйықланған болыўы тийис);
-3х4 фото сүўрети-6 дана;
-Жасаў орнынан медициналық мағлыўматнама (ҳүжжетлер рус тилинде ноториус тәрепинен тастыйықланған болыўы тийис);
-Жасаў орнындағы АИЖС (СПИД) орайынан мағлыўматнама;
Өзбекстан Республикасының Билимлендириў мәкемелерине қабыл қылыў бойынша Мәмлекетлик Комиссиясы тәрепинен 2018-2019-оқыў жылы ушын сырт елли пуқаралар ушын Контракт төлеми таңлаған қәнигелигине қарап 20 миллион сумнан 33 миллион сумға шекемги аралықта белгиленген.