|
Тарийх факультети деканы:Сулайманов Саламат Арепбаевич
|
Факультеттеги кафедралар:
Тарийх факультети тарийхы
Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ашылыўы менен 1976 жылы Тарийх-география факультети шөлкемлестирилип 1977-1978-оқыў жылларында Тарийх-география факультети қурамында Ҳуқықтаныў бөлими ашылды. 1993 жылы Юридика ҳәм Тарийх факультетлери болып екиге бөлинеди ҳәм Юридика факультети шөлкемлестириледи. 1996 жылы Юридика – тарийх факультети болып қайта дүзиледи. Сол ўақытта факультетте 5 кафедра болып соннан 3 кафедра юриспруденция тəлим бағдары бойынша, 2 кафедра тарийх тəлим бағдары бойынша бакалавр ҳәм магистрантларды таярлай баслады. 2003 жылы тарийх ҳәм юридика факультетлери өз-алдына қайтадан бөлек факультет болып қәнигеликлер таярлай баслады. 2011 – жылдан баслап Тарийх ҳәм ҳуқық факультети болып қайта дүзилип бүгинги күнге шекем 4 кафедра жумыс алып барды. 2019 жылы тарийх ҳәм юридика факультетлери өз-алдына қайтадан бөлек факультет болып қәнигеликлер таярлай баслады. «Археология», «Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы», «Социаллық пәнлер» ҳәм «Педагогика» кафедраларында ҳәзирги күнде 3 илим докторы, 21 илим кандидатлары ҳәм доцентлер, 31 ассистент оқытыўшылар оқыў ҳәм илимий педагогикалық жумыс алып бармақта.
Тарийх факультетинде 7 бакалавр тәлим бағдары бойынша қәнигелер таярланады:
- Тарийх (мәмлекетлер ҳәм аймақлар бойынша 5120300)
- Археология (5120400)
- Философия (5120500)
- Социология (5210100)
- Психология (хызмет түрлери бойынша 5210200)
- Вокал онери ( турлери бойынша 5150600)
- Саз асбап атқарыушылары (түрлери бойынша 5150700)
Тарийх факультетинде 4 қәнигелик бойынша магистрантлар таярланады:
- 5А120401 Археология
- 5А120402 Этнография,этнология ҳәм антропология
- 5А120301 Өзбекстан тарийхы
- 5А120502 Философия( қолланыў тараўлары)
Тарийх факультети оқыў барысы ҳәм илимий жумысларда үлкен көрсеткишлерге ийе болып, профессор-оқытыўшылары халық-аралық ҳәм республикалық жойбарлар ҳәм грантлар бойынша жумыс алып бармақта. Жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшылары ортасында өткерилетуғын «Ең жақсы педагог» таңлаўына факультет оқытыўшылары белсенди қатнасып келмекте.Факультетимизде усы күнге шекем 1 Президент стипендианты (2018-жылы Ж.Пирназаров), 1 И.Каримов атындағы мәмлекетлик стипендианты(2017-жылы А.Муратбаева)20 дан зыят Наўайы атындағы мәмлекетлик стипендианты, 15 тен аслам Бердақ атындағы мәмлекетлик стипендия жеңимпазлары жетисип шықты. Бир-нешше студентлеримиз «Камолот» ЖЖҲ стипендиясы жеңимпазы болды.
Факультеттиң студентлери ҳәр жылы жоқары оқыў орынлары арасында өткерилетуғын «Тафаккур синовлари» көрик таңлаўына қатнасып Қарақалпақстан Республикасы басқышында жеңимпаз болып Өзбекстан Республикасы аймағында өткерилетуғын басқышта белсене қатнасып келмекте.
Факультетимиз студент жаслары ҳəр жылы университеттиң факультетлери арасында өткерилетуғын ҳəр түрли спорт жарысларының белсенди қатнасыўшысы. Спорттың футбол, воллейбол, стол тенниси түрлери бойынша ҳəр жылы жеңимпаз болып келмекте.
Тарийхшы қəнигелер ушын ҳəр жыл сайын профессор-оқытыўшылар М.Ш.Қдырниязов ҳəм М.Туребековлар басшылығында археологиялық илимий-экспедициялар шөлкемлестириў дəстүрге айланды. Хожели қаласында жайласқан Миздакхан археологиялық естелигинде жүргизилип атырған изертлеўлер нəтийжесинде архитектуралық ҳəм мəдений естеликлер ашылды. Ҳəзирги ўақытта бундай тарийхый изертлеў Қоңырат ҳəм Беруний районларында даўам етип атыр.
2019-жылдан баслап факультетимиз Россия Федерациясының Астрахан мәмлекетлик университети менен биргеликте Жәҳән тарийхы қәнигелиги қос диплом бойынша магистрантларды таярлаўды жолға қойды..
Факультет питкериўшилери ҳәзирги ўақытта республикамыздың барлық мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлерде ҳәм де халық хожалығының барлық тараўларында табыслы жумыслар алып бармақта.