https://stok.bte.co.id/pg/ https://coverage.bte.co.id/public/play/ https://lapor.bte.co.id/rungkat/ https://itj.jakartamrt.co.id/data/ https://dev.idcomm.id/wp-includes/IXR/slot-gacor/
Биология факультети | Karakalpak state university

Биология факультети

 

Аметов Якуб Идрисович

Биология факультети деканы,

Биология илимлери докторы, профессор

+99861-223-58-62, +998934877860
raf_78@inbox.ru

 

Биология факультети тарийхы

Факультет 1943-жылы Оқытыўшылар институты қурамында Тәбияттаныў-география бөлими болып дүзилген, 1948-жылы болса факультет болып шөлкемлестирилген. 1976-жылы Нөкис мәмлекетлик университетиниң ашылыўы менен Химия-биология факультети болып қайта дүзилген. 1989-жылы Биология ҳәм Химия факультетлери өз алдына еки факультетке бөлинди. 1993-1997-жыллары Биогеография, 1997-2011-жыллары Тәбияттаныў, 2011-2015-жыллары Тәбияттаныў ҳәм география, 2015-2019-жыллары Тәбияттаныў факультети деп аталып келди. 2019-жылы бул факультет «Биология» ҳәм «География ҳәм тәбийий ресурслар» факультетлери болып екиге бөлинди.

Факультеттиң биринши деканы А.Булешев болды. 1960-1965-жыллар даўамында факультетке проф. С.Ережепов, 1967-1968-жыллары А.Тлеўбергенов, 1968-1986-жыллары доц. Қ.Айтбаев, 1986-1987-жыллары проф. Қ.Утениязов, 1988-1994-жылларда проф. Б.Алламуратов, 1994-2001-жыллары П.Халмуратов, 2001-2005-жылларда доц. Г.Ходжаева, 2005-2006-жылларда доц. Р. Тлегенов, 2006-2007-жылларда доц. М.Айымбетов, 2007-2008-жылларда доц. А.Қ.Утениязов, 2008-2011-жылларда доц. Б.С.Гаипов, 2011-2013-жылда доц. М.Жуманов, 2013-жылдан 2018-жылға шекем доц. А.Т.Есимбетов басшылық етти. 2019-жылдан баслап факультетке биология илимлери докторы, профессор Якуб Аметов басшылық етип келмекте.

 

Бүгинги күни

Бүгинги күнде факультет қурамында «Улыўма биология ҳәм физиология», «Экология ҳәм топырақтаныў», «Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы» кафедралары жумыс алып бармақта.

Факультетте 60510100-Биология, 60710400-Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў, 60530700-Топырақтаныў, 60812100-Дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм кайта ислеў технологиясы бакалавр тәлим бағдарлары бойынша кадрлар таярланбақта.

Буннан басқа Магистратура бөлиминде 70510101 – Биология (илим бағдарлары бойынша), 70710402 – Экология (тармақлар ҳәм тараўлар бойынша), 70530701–Топырақтаныў (изертлеў түри бойынша) ҳәм «70812101 – Дәрилик өсимликлерди жетистириў технологиясы» қәнигеликлери бойынша магистрлер жетисип шықпақта.

Факультетте 03.00.06 – Зоология, 03.00.08 – Адам ҳәм хайўанлар физиологиясы ҳәм 03.00.10 – Экология қәнигеликлери бойынша жас алымлар таяныш доктарантура ҳәм докторантурада тәлим алмақта.

Ҳәзирги күнде факультетте жас қәнигелерди таярлаўда академик Б.Мамбетназаров, илим докторлары ҳәм профессорлар Г.Асенов, А.Матчанов, Я.Аметов ҳәм Т.Жугинисовлар, сондай-ақ илим кандидатлары ҳәм доцентлер П.Халмуратов, Қ.Қосназаров, А.Саитова, Р.Қощанова, С.Сейтназаров, А.Курбанова ҳәм басқалардың хызметлери жүдә үлкен.

Ҳәзирги ўақытта Биология факультетинде 71 профессор-оқытыўшы, соннан 1 академик, 4 илим докторы, 27 илим кандидаты ҳәм философия докторлары (PhD), 39 ассистент ҳәм стажёр-оқытыўшылар жумыс ислемекте. Факультетте илимий потенциал 45% ке тең. 2021-2022 оқыў жылында факультетте 1358 студентлер билим алмақта.

 

Факультет кафедралары:

  1. Улыўма биология ҳәм физиология
  2. Экология ҳәм топырақтаныў
  3. Дәрилик өсимликлер агроэкологиясы ҳәм интродукциясы

 

Бакалавр тәлим бағдарлары:

60510100 – Биология

60710400 – Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў

60530700 – Топырақтаныў

60812100 – Дәрилик өсимликлерди жетистириў ҳәм қайта ислеў технологиясы

Магистратура қәнигеликлери:

70510101 – Биология (илим бағдарлары бойынша)

70710402 – Экология (тармақлар ҳәм тараўлар бойынша)

70530701 – Топырақтаныў (изертлеў түри бойынша)

70812101 – Дәрилик өсимликлерди жетистириў технологиясы

Таяныш доктарантура ҳәм докторантура

03.00.06 – Зоология

03.00.08 – Адам ҳәм хайуанлар физиологиясы

03.00.10 – Экология

Профессор-оқытыўшылар қурамы: 71

Академик: 1

Илим докторлары: 4

Илим кандидатлары: 27

Илимий потенциал: 45%

Пайдалы дереклер