slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
ҚАРАҚАЛПАҚ ТИЛ БИЛИМИ КАФЕДРАСЫ | Karakalpak state university

ҚАРАҚАЛПАҚ ТИЛ БИЛИМИ КАФЕДРАСЫ

Қарақалпақ тил билими кафедрасы Қарақалпақстанда қарақалпақ тил билиминиң раўажланыўында ҳәм қарақалпақ тили бойынша жоқары мағлыўматлы кадрларды таярлаўда салмақлы үлес қосып киятыр. Бул кафедраның ашылыўы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогикалық институтының ҳәм онда 1934-жылы қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигиниң ашылыўы менен тиккелей байланыслы. Кафедра дәслеп қарақалпақ тили ҳәм әдебияты кафедрасы, ал 1964-жылдан баслап өз алдына қарақалпақ тили кафедрасы болып ашылды. Қарақалпақ тили кафедрасын 1964-1973-жыллары доцент Көшербай Бердимуратов, 1973-1978-жыллары доцент Айтжан Есемуратов, 1978-1985-жыллар аралығында доцент Абатбай Дәўлетов, соң профес-сор Есемурат Бердимуратов басқарды. 1992-жылы кафедра қарақалпақ тил билими кафедрасы, улыўма ҳәм түркий тил билими кафедрасы болып екиге бөлинди. Қарақалпақ тил билими кафе-драсын профессор Е.Бердимуратов, ал улыўма ҳәм түркий тил билими кафедрасын профессор А.Дәўлетов басқарды. 1996-жылы улыўма ҳәм түркий тил билими кафедрасы қарақалпақ тил билими кафедрасына қайта қосылды ҳәм соннан баслап 2012-жылға шекем кафедраға академик А.Дәўлетов басшылық етти. 2012-жылдан кафедраға филология илимлериниң докторы, про-фессор М.Қудайбергенов басшылық етип келмекте.

1995-жылы филология илимлериниң докторы, профессор А.Дәўлетов Өзбекистан Илимлер академиясының академиги болып сайланды.

Қарақалпақ тил билими кафедрасы университетте ең жетекши кафедралардың бири болып есапланады. Ҳәзирги ўақытта кафедрада 3 илим докторы ҳәм профессорлар, 9 илим кандидаты ҳәм доцентлер, 3 үлкен оқытыўшы, 8 ассистент-оқытыўшы жумыс ислеп атыр. Илимий дәрежели-лик 65 %. Кафедрада үлкен илимий хызметкер-излениўшилер ҳәм магистрантлар илимий жумыслар алып бармақта.

Қарақалпақ тил билими кафедрасының профессор-оқытыўшылары тәрепинен монография-лар, сабақлықлар, оқыў қолланбалар жәрияланып келмекте.

Кафедраның профессор-оқытыўшылары жоқары оқыў орынлары, республика мектеп-лери, академиялық лицейлери ҳәм кәсип-өнер колледжлери менен жақын байланысқа ийе: теориялық мәселелерде, методикалық бирлеспе жумысларын шөлкемлестириўде, пән олимпиадаларын өткериўде, ушырасыў кешелерин шөлкемлестириўде жақыннан жәрдем берип келмекте. Бул оқыў орынлары ушын кафедраның оқытыўшылары оқыў бағдарламалары, сабақлықлар ҳәм оқыў қолланбаларын дүзиўде белсене қатнасып киятыр. Кафедра профессор-оқытыўшыларының авторлығында жоқары оқыў орынлары, академиялық лицейлер ушын 10 нан аслам сабақлық, кәсип- өнер колледжлери ушын 2 сабақлық баспадан шықты. Жоқары оқыў орын-лары ушын «Ҳәзирги қарақалпақ тили. Фонетика» (А.Дәўлетов), «Ҳәзирги қарақалпақ тили. Лексикология» (Е.Бердимуратов), «Қарақалпақ тили тарийхы» (Ш.Абдиназимов ), жәмәәтлик авторлықта «Ҳәзирги қарақалпақ тили. Морфология», «Ҳәзирги қарақалпақ тили. Синтаксис», сабақлықлары жәрияланды

Кафедра ағзалары тәрепинен мәмлекетлик қаржы есабынан 1996-1999-жылларда «Түркий тиллердиң өз ара байланысы мәселелери», 2000-2007-жылларда «Түркий тиллердиң фонологиясы ҳәм морфонологиясының әҳмийетли мәселелери» темалары бойынша илимий-изертлеў жумыс-лары орынланды. Бул мәселелер бойынша бир докторлық ҳәм еки кандидатлық диссертация жақланды, еки монография баспадан шықты. Кафедра тәрепинен қарақалпақ тил билиминиң әҳмийетли мәселелерине арналған илимий мақалалар топламы жәрияланып барады. Кафе-драда қарақалпақ тил илиминиң көрнекли илимпазларының юбилей сәнелерине бағышланып илимий-теориялық конференциялар өткерилип турылады.

Кафедра профессоры М.Абдиназимов Астанадағы Л.Н.Гумилев атындағы Евразия уни-верситети тюркология кафедрасының “Түркий тиллериниң салыстырмалы грамматикасы” темасындағы илимий жойбарының орынлаўшысы сыпатында қатнаспақта.

2015-2016-оқыў жылында Мәмлекетлик тил (қарақалпақ тили) пәни бойынша жоқары оқыў орынлары арасында биринши мәртебе республикалық пән олимпиадасы өткерилип, онда университеттиң рус филологиясы бакалавр тәлим бағдары 1-курс студенти Г.Узақбергенова кафедра ассистенти Д.Сейтқасымовтың илимий басшылығында сыйлы 1-орын жеңимпазы бол-ды.

1989-жылы қарақалпақ тилине Мәмлекетлик тил бийлигиниң берилиўине байланыслы ҳәр жылы 1-декабрь сәнесинде тил байрамы кең түрде белгиленеди. Кафедра профессор-оқытыўшылары оқыў орынлары ҳәм аймақларда ушырасыў кешелерин шөлкемлестирип, тилдиң тазалығын сақлаўды кең жәмийетшиликке үгит-нәсиятлаў жумысларына қатнасады.

 

 

Қарақалпақ тил билими кафедрасында ислеп атырған илимий дәрежели профессор-оқытыўшылар

 

Қудайбергенов Мәмбеткерим Сәрсенбаевич, филология илимлериниң докторы, профессор. 1968-жылы Шымбай районында туўылған. 1992-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги филолог, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 1997-жылы «Қарақалпақ тилинде анықлылық ҳәм анықсызлықтың аңлатылыўы» темасында кандидатлық, 2004-жылы «Қарақалпақ тилинде морфонологиялық қубылыслар» темасында докторлық диссертациясын жақлады. 100 ден аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 2 монография, 5 сабақлық, 10 оқыў қолланбасы баспадан шықты. 2012-жылдан баслап кафедра баслығы болып ислеп атыр.

 

Абдиназимов Шәмшетдин Нәжимович, филология илимлериниң докторы, профессор. Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери.1961-жылы Шымбай районында туўылған. 1984-жылы Нөкис мәмлекетлик универ-ситетин тамамлаған. Қәнигелиги филолог, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 1992-жылы «Қырық қыз» дәстанының лексикасы» темасында кандидатлық, 2001-жылы «Бердақ шығармаларының тили» темасында докторлық диссертациясын жақлады. 160 тан аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 3 монография, 3 сабақлық, 10 оқыў қолланбасы баспадан шықты. 2010-жылдан қарақалпақ тил билими кафедрасы профессоры болып ислеп атыр. 2016-жылдан Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы Fil.05.01-санлы докторлық диссертацияларды жақлаў бой-ынша Қәнигелестирилген Кеңес баслығы. Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген илим ғайраткери.

 

 

 

Алланиязова Шәригүл,  филология  илимлериниң кандидаты, доцент. 1957-жылы Кегейли рай-онында туўылған. 1977-жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги филолог, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 1986-жылы «Қарақалпақ тилиниң қол өнери терминлери» деген темада кандидатлық диссертациясын жақлады. 30 дан аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 1 монография, 2 сабақлық, 4 оқыў қолланбасы баспадан шықты. 2000-жылдан қарақалпақ тил билими кафедрасының доценти болып ислеп атыр.

 

Пахратдинов Қуралбай Атаубаевич, филология илимлериниң кандидаты, доцент. 1961-жылы Мойнақ қаласында туўылған. 1983-жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги филолог, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 1992-жылы «Қарақалпақ тилинде шарўашылық лексикасы» деген темада кандидатлық диссертация-сын жақлады. 40 тан аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 20 оқыў қолланбасы ба-спадан шықты. 2001-жылдан қарақалпақ тил билими кафедрасының доценти.

 

Айназарова Гүлара Бекмуратовна, филология илимлериниң кандидаты, доцент. 1959-жылы Нөкис қала-сында туўылған. 1982-жылы Нөкис мәмлекетлик универ-ситетин тамамлаған. Қәнигелиги филолог, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 2000-жылы «Қарақалпақ тилинде теңлес еки компонентли фразеологизмлер» тема-сында кандидатлық диссертациясын жақлады. 25 тен аслам илимий мийнетлери, соның ишинде 2 оқыў қолланбасы ба-спадан шықты. 2010-жылдан кафедра доценти болып ислеп атыр.

 

 

Дәўлетова Улбосын, филология илимлериниң кан-дидаты. 1958-жылы Түркменстан Республикасында туўылған. 1982-жылы Нөкис мәмлекетлик университе-тин тамамлаған. Қәнигелиги филолог, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 1994-жылы «Қарақалпақ тилиниң әскерий лексикаcы» темасында кандидатлық дис-сертациясын жақлады. 15 тен аслам илимий мийнетлери, соннан 3 оқыў қолланбасы баспадан шықты. 2008-жыл-дан кафедрада үлкен оқытыўшы болып ислеп атыр.

 

Убайдуллаев Бахтияр Қәллибекович, филология илимлериниң кандидаты, доцент. 1967-жылы Нөкис қала-сында туўылған. 1991-жылы Нөкис мәмлекетлик универси-тетин тамамлаған. Қәнигелиги филолог, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 2006-жылы «XIX әсир қарақалпақ классик шайырлар шығармалары тилинде алмасықлардың лексика-грамматикалық өзгешеликлери» темасында канди-датлық диссертациясын жақлады. 30 дан аслам илимий мий-нетлери, соннан 2 оқыў қолланбасы баспадан шықты. 2014-жылдан кафедра доценти.

 

Сейтназарова Инжайым Ержановна, филология илимлериниң кандидаты, доцент. 1969-жылы Тахтакөпир районында туўылған. 1991-жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги филолог, қара-қалпақ тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 1997-жылы «Ҳәзирги қарақалпақ тилинде сөзлердиң фонетикалық вариантлылығы» темасында кандидатлық диссерта-циясын жақлады. 50 ден аслам илимий мийнетле-ри, соннан 3 сабақлық, 5 оқыў қолланбасы баспадан шықты. 2006-жылдан кафедра доценти болып ислеп атыр.

 

 

Абдиев Азамат Турғанбаевич, филология илимлериниң кандидаты, доцент. 1979-жылы Кегейли районында туўылған. 2002-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик универси-тетин тамамлаған. Қәнигелиги лингвистика (қарақалпақ тили) магистри. 2011-жылы «Алпамыс дәстаны тилиниң лексика-семантикалық ҳәм стилистикалық өзгешеликлери (Өгиз жыраў варианты тийкарында)» темасында канди-датлық диссертациясын жақлады. 30 дан аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланды. Соннан 5 оқыў қолланбасы баспадан шықты. 2012-жылдан кафедра доценти болып ислеп атыр.

 

Қарлыбаева Гүлмира Ермекбаевна, филология илимлериниң кандидаты. 1975-жылы Нөкис қаласында туўылған. 1997-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик универ-ситетин тамамлаған. Қәнигелиги филолог, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 2002-жылы «Әжинияз шығармалары тилиниң фонетикалық-морфологиялық сыпатламасы» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 40 тан аслам илимий мийнетлери, соннан 2 оқыў қолланбасы баспадан шықты. 2016-жылдан бас-лап кафедра доценти болып ислеп атыр.

 

Дәўлетмуратова Замира Уснатдиновна, филология илимлериниң кандидаты. 1978-жылы Нөкис қаласында туўылған. 2001-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик универ-ситетин тамамлаған. Қәнигелиги қарақалпақ тили ҳәм әдебияты магистри. 2010-жылы «Қарақалпақ тилин-де туўысқанлық атамалар» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 30 дан аслам илимий мий-нетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 1 оқыў қолланбасы баспадан шықты. 2001-2016-жыллар-да кафедра ассистенти болып иследи.

 

Қазақбаева Анар Толыбаевна, филология илимлериниң кандидаты. 1979-жылы Шоманай районын-да туўылған. 2002-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги лингвистика (қарақалпақ тили) магистри. 2010-жылы «Қарақалпақ тилинде қосымталардың вариантлылығы» темасын-да кандидатлық диссертациясын жақлады. 15 тен аслам илимий мийнетлери, соннан 1 оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шықты. 2016-жылдан қарақалпақ тил билими кафедрасы үлкен оқытыўшысы.

 

Досжанова Гүлназ Дәрьябаевна, филология илим-лериниң кандидаты. 1983-жылы Қараөзек районында туўылған. 2004-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги лингвистика (қарақалпақ тили) магистри. 2011-жылы «Қарақалпақ тилинде үй буйымлары атамаларының семантикалық ҳәм морфологиялық өзгешеликлери » темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 20 дан аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланды. 2013-жылдан қарақалпақ тил билими кафедрасы үлкен оқытыўшысы.

Сондай-ақ, филология илимлериниң докторы М.Дәўлетов, филология илимлериниң кандидаты Қ.Алланазаровлар кафедрада жумыс ислеп, студентлерге лекциялар оқыды.

Ҳәзирги ўақытта кафедрада үлкен оқытыўшы Р.Садыкова, ассистент оқытыўшылар Ә.Өтемисов, Д.Сейтқасымов, Х.Атабаев, Ж.Тәңирбергенов, М.Хожанов, Қ.Үсеновалар да жумыс ислеп атыр.

 

Ҳәзирги ўақытта кафедрада үлкен оқытыўшы Р.Садыкова, ассистент оқытыўшылар Ә.Өтемисов, Д.Сейтқасымов, Х.Атабаев, Ж.Тәңирбергенов, М.Хожанов, Қ.Үсеновалар да жумыс ислеп атыр.

Пайдалы дереклер