Магистратураға кириўде абитуриентлар (бакалавр дǝрежесине ийе, дипломлы қǝнийгелер) жоқары оқыў орны қабыллаў комиссиясына төмендеги ҳүжжетлерди тапсырады.
- магистратура қǝнигелиги көрсетилген, жоқары оқыў орны ректоры атына арза;
- жоқары мағлыўмат ҳаққындағы ҳүжжеттиң түп нусхасы (ямаса дипломынан көширме — Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орнының мǝмлекетлик гранты бойыншаа оқып питкергенлер ушын) ҳǝм оның қосымшасы;
- баспадан шыққан илимий мақала ямаса тезислери (ямаса оларға теңлестирилген ҳүжжетлери) нусхасы (бар болса)
- 5 х 4.5 колемдеги 6 дана реңли фотосүўрет;
- 086-У – формадағы медициналық мағлыўматнама.
Ҳүжжетлер 1 июлден 30 июлға шекем қабылланады.