1976-жылы Нөкис қаласында туўылған. Оқытыӯшы-эксперт, Физика-математика бағдарындағы Назарбаев интеллектуалды мектеби (Қазақстан). 1998-жыл Қарақалпақ мәлекетлик Университети Физика-математика факультетиниң күндизги бөлимин тамамлаған. Педагогикалық шеберлигин буннанда асырыӯ мақсетинде Уллы Британияның Кембридж университетинде (2015, 2017), Сингапур Технология университетинде (2013), Москва Физика-техника институтында (2015) арнаӯлы курсларда оқып шықты. Физика пәни оқытыӯшылары арасында өткерилген пән олимпиядаларында бир неше рет сыйылықланған. 2015 жылғы Назарбаев мектеплери арасында “Жыл оқытыӯшысы” номинациясын алған. Инглис ҳәм рус тиллеринде еркин сөйлей алады. Өмирдеги ураны: Әдеп икрамлы болыӯ, ҳәр түрли өзгерислерге қәлиплесиӯ ҳәм билим алыӯға таяр болыӯ.