slot gacor hari inislot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot gacor terbaikslot pulsahttps://mti.unpam.ac.id/assets/images/https://besadu.belitung.go.id/css/https://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://e-office.pangandarankab.go.id/demo/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/
Университет кеңеси | Karakalpak state university

Университет кеңеси

Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билим министрлигиниң 2011-жыл 3-декабрдеги 487-санлы буйрығы менен тастыйықланған “Жоқары оқыў орынларының Илимий кеңеси ҳаққындағы үлги Нызам” тийкарында Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде тийкарғы мәселелерди көрип шығыў ушын ректор басшылығында университет кеңеси шөлкемлестирилген.

 

Университет кеңесиниң мақсет ҳәм ўазыйпалары

Университет кеңесиниң мақсети – университет жәмәәтиниң ҳәрекетлерин, интеллектуал дәрежесин ҳәм басқа барлық имканиятларды Өзбекстан Республикасының «Билимлендириў ҳаққында»ғы, «Кадрлар таярлаў миллий бағдарламасы ҳаққында»ғы Нызамларында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў, жоқары билимлендириўдиң мәмлекетлик тәлим стандарты талаплары дәрежесинде қәлиплескен билим, тәжирийбе, көнликпелерге ийе болған профессионал қәнигелер таярлаўға бағдарлаўдан ибарат.

 

Университет кеңеси:

  • Кадрлар таярлаў миллий бағдарламасына муўапық мәмлекетлик тәлим стандартлары, оқыў режелери ҳәм бағдарламаларының қатаң орынланыўын үйренип шығады ҳәм де тийкарғы мәселелер бойынша усыныс ҳәм тапсырмалар белгилейди;
  • Факультетлердиң оқыў, илимий-изертлеў ҳәм руўхыйлық-ағартыўшылық жумыслары ҳаққындағы, академиялық лицейлер, жоқары оқыў орны жанындағы илимий жәмийетлердиң искерлиги ҳаққындағы, қабыллаў комиссиясының нәтийжелери ҳаққындағы, сондай-ақ маркетинг хызметиниң халық хожалығының питкериўши қәнигелерге болған зәрүрлиги, буйыртпашы шөлкемлер  менен бирге ислесиў байланыслары ҳаққындағы есапларын тыңлайды ҳәм де тийисли қарар қабыл етеди;
  • Илимий-изертлеў, руўхыйлық-ағартыўшылық жумыслары режелериниң орынланыўы, профессор-оқытыўшылар қурамының қәнигелигин жетилистириў ҳәм қайта таярлаў мәселелерин талқылайды ҳәм де тийисли қарарларды қабыл етеди;
  • Жоқары оқыў орнының раўажланыўының жыллық ҳәм келешектеги режелерин тастыйықлайды, материаллық-техникалық тәмийнат ҳәм финанс-хожалық искерлиги нәтийжелерин талқылайды ҳәм де тийисли қарарларды қабыл етеди;
  • Факультет ҳәм кафедраларды ашыў, жабыў, өзгертиў, сондай-ақ маркетинг хызмети усынысларын есапқа алған ҳалда жаңа бакалавриат бағдарлары ҳәм магистратура қәнигеликлери бойынша кадрлар таярлаўды жолға қойыў яки тоқтатыў менен байланыслы мәселелер бойынша қарар қабыл етеди;
  • «Жоқары оқыў орынларына педагог хызметкерлерди таңлаў тийкарында жумысқа қабыл етиў тәртиби ҳаққында»ғы Нызамға муўапық профессор-оқытыўшылар лаўазымларын ийелеў ушын таңлаўлар өткереди;
  • Профессор, доцент илимий дәрежесин алыўға талабан излениўшилердиң ҳүжжетлерин көрип шығады ҳәм белгиленген тәртипте илимий дәрежеге тастыйықлаўға усынады;
  • Оқыў орны питкериўшилери ҳәм де профессор-оқытыўшылардың инглис тилин  билиўлерин тәмийинлеў ҳәм компьютер технологиялары, интернеттен пайдалана алыўлары бойынша таяныш көнликпелерди қәлиплестириў мәселелерин талқылайды ҳәм ис-илажлар белгилейди;
  • Билимлендириў процесиниң оқыў әдебиятлары менен тәмийинленгенлигин, жаңа әўлад сабақлық ҳәм оқыў қолланбалары, сондай-ақ инновациялық тәлим технологияларын қоллаўға тийкарланған оқыў-методикалық комплекслерди таярлаў ҳәм баспаға шығарыў мәселелерин талқылайды;
  • Докторантураға талабанларды усынады, олардың жеке режелери ҳәм диссертациялары темаларын тастыйықлайды;
  • Зийрек студентлер қатарынан ҳәм профессор-оқытыўшылар қурамынан талабанларды «Истеъдод» фондлары арқалы шет еллердиң жоқары оқыў орынларында стажировка өтиўге усынады;
  • Жоқары оқыў орнының зийрек студентлери ҳәм магистрантлары қатарынан Өзбекстан Республикасы Президенти Мәмлекетлик стипендиясы ҳәм атақлы мәмлекетлик степендиялар таңлаўында қатнасатуғын талабанларды усынады;
  • «Саламат әўлад ушын» фонды менен биргеликте студентлердиң физикалық тәрбиясы ҳәм олардың саламатлықларын және де жақсылаў бойынша иләжлар ислеп шығады;
  • Тийкарғы буйыртпашы шөлкем, кәрхана ҳәм мекемелер менен корпоратив бирге ислесиўди раўажландырыў, материаллық-техникалық базаны беккемлеў ҳәм де студентлердиң қәнигелик әмелияты нәтийжелилигин асырыў мәселелерин талқылайды ҳәм оларды жақсылаў бойынша усыныслар ислеп шығады;
  • Шет ел мәмлекетлериниң жоқары оқыў орынлары менен бирге ислесиў байланысларын орнатыў бойынша қарарлар қабыл етеди;
  • Билимлендириў хызметлери менен шуғылланыўшы киши кәрханалар, фирма ҳәм курслар искерлиги ҳаққында басшылардың есапларын тыңлайды ҳәм де тийисли қарар қабыл етеди;
  • Жоқары оқыў орны студентлери ҳәм хызметкерлериниң техника қәўипсизлиги ҳәм мийнетти қорғаўды жетилистириў бойынша илажларды белгилейди.

 

Университетте кеңеси жумысының шөлкемлестирилиўи

 

Университет кеңеси өз жумысын оқыў жылы ушын ислеп шығылған режеге муўапық әмелге асырмақта. Университеттиң оқыў, илимий-методикалық, илимий-изертлеў, руўхыйлық-ағартыўшылық ҳәм шөлкемлестириўшилик мәселелери бойынша кеңес қарарлары ашық даўыс бериў тәртибинде көпшиликтиң даўысы менен, ал, профессор-оқытыўшылар лаўазымларын ийелеў бойынша өткерилетуғын таңлаўлар ҳәм де профессор яки доцент илимий атақларын бериўге усыныслар бойынша қарарлар жабық даўыс бериў жолы менен белгиленген тәртипте кеңес қурамындағы ағзалардың  2/3 бөлеги қатнасқан жағдайда қабыл етилмекте.

Кеңес мәжилислери баянлама менен рәсмийлестирилип, кеңес баслығы ҳәм кеңес хаткери тәрепинен имзаланып барылмақта.   Кеңес қарарларының орынланыўы мониторинг бөлими тəрепинен қадағалап барылмақта.

Бүгинги күнде университет кеңесинде 42 ағза жумыс алып бармақта.

 

 

 

 

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети

Кеңеси ағзалары

 

 

1.

Кеңес баслығы:

Реймов Ахмед

Мамбеткаримович

 

Ректор. Техника илимлериниң докторы.

       

           Кеңес ағзалары:

2.

Ибрагимов

Мухтар

Оқыў ислери бойынша биринши проректор,

физика-математика илимлериниң кандидаты, доцент.

3.

Турдымамбетов Изимбет

Илимий ислер ҳәм инновациялар бойынша проректор,

география илимлериниң докторы, доцент.

4.

Турсунбоев

Ҳамдам

Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық ислери бойынша проректор, биология илимлериниң кандидаты, доцент.

5.

Қудайбергенов Азамат

Қаржы ҳәм экономикалық мәселелер бойынша проректор, экономика илимлериниң кандидаты, доцент.

6.

Турдыбаев

Қонақбай

Қарақалпақ филология факультети деканы,

филология илимлериниң кандидаты, доцент.

7.

Аметов Якуб

Тәбияттаныў факультети деканы,

биология илимлериниң кандидаты, доцент

8.

Узаков

Төребек

Техника факультети деканы,

техника илимлериниң кандидаты.

9.

Жиемуратов Темирбек

Социал-экономикалық факультети деканы,

экономика илимлериниң кандидаты, доцент.

10.

Қурбанбаев

Джавод

Шет тиллер факультети деканы,

педагогика илимлериниң кандидаты, доцент.

11.

Қайпов

Нийетбай

Дене мәденияты факультети деканы,

педагогика илимлериниң кандидаты.

12.

Қутлымуратов Фархад

Тарийх ҳәм ҳуқық факультети деканы,

юридика илимлериниң кандидаты, доцент.

13.

Нурымбетов

Бахтияр

Химиялық технология факультети деканы,

химия илимлериниң кандидаты, доцент.

14.

Насыров

Махсуд

Физика-математика факультети деканы,

физика-математика илимлериниң кандидаты, доцент.

15.

Дуйсенбаев Олимбай

Ѳзбек филология факультети деканы,

филология илимлериниң кандидаты.

16.

Матчанов

Азат

Улыўма биология ҳәм физиология кафедрасы баслығы, биология илимлериниң докторы, профессор.

17.

Убайдуллаев Кайрулла

Университет жанындағы ПКҚТ ҳәм ҚЖ орайы директоры, экономика илимлериниң докторы, профессор.

18.

Абдиназимов Шамшетдин

Қарақалпақ тил билими кафедрасы профессоры, филология илимлериниң докторы, профессор.

ҚМУ жанындағы қәнигелестирилген Илимий кеңес баслығы.

19.

Уразбаева

Раўшан

Археология кафедрасы профессоры,

тарийх илимлериниң докторы, доцент.

20.

Мамбетназаров Бийсенбай

Экология ҳәм топырақтаныў кафедрасы профессоры,

а/х илимлериниң докторы, Өзбекистан аўыл хожалық илимий-өндирислик орайы хабаршы ағзасы, профессор

21.

Базарбаев Жуманазар

ѲзИА академиги, Әжинияз атындағы НМПИ профессоры.

НМПИ жанындағы қәнигелестирилген Илимий кеңес баслығы.

22.

Абдикамалов Бахтияр

Физика кафедрасы баслығы, физика-математика илимлериниң кандидаты, профессор.

23.

Исмайлов

Қанатбай

Ярымөткизгишлер физикасы кафедрасы баслығы, физика-математика илимлериниң докторы, профессор.

24.

Бердимуратова Алима

Социаллық пәнлер кафедрасы баслығы,

философия илимлериниң докторы, профессор.

25.

Қудайбергенов Каримбай

Функционал анализ, алгебра ҳәм геометрия кафедрасы баслығы,  физика-математика илимлериниң докторы, профессор.

26.

Қудайбергенов Мамбеткерим

Қарақалпақ тил билими кафедрасы баслығы,

филология илимлериниң докторы, профессор.

27.

Сейтжанов Жеткербай

Аўдарма теориясы ҳәм әмелияты кафедрасы баслығы, филология илимлериниң кандидаты, доцент.

28.

Сулайманов

 Саламат

Археология кафедрасы баслығы,

тарийх илимлериниң кандидаты.

29.

Шарипова

Жанар

Филология (қазақ тили, туркмен  тили) кафедрасы баслығы.

30.

Жалменов

Улуғбек

Университет қасындағы жәмийетлик кеңес баслығы.

Ѳзбекстан кәсиплик аўқамлары федерациясының Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси кеңеси баслығы.

31.

Асанов

Улуғбек

Мониторинг ҳәм ишки қадағалаў бөлими баслығы.

32.

Гулимов

Аманлық

Магистратура бөлими баслығы,

юридика илимлериниң кандидаты, доцент.

33.

Баймуратов

Арыслан

Университет үлкен ҳуқық-мәсләҳәтшиси.

34.

Нуранов

Махмуд

Университет кәсиплик-аўқамы комитети баслығы.

35.

Сейтназарова Инжайым

Университет ҳаял-қызлар кеңеси баслығы,

филология илимлериниң кандидаты, доцент.

36.

Пирназаров

Нуржан

Университет жаслар аўқамы басланғыш шөлкеми жетекшиси.

37.

Дауменов

Бердақ

Оқыў-методикалық басқарма баслығы,

юридика илимлериниң кандидаты, доцент.

38.

Мырзатаев

Саламат

Университет кеңеси хаткери.

39.

Шаригатова

Нагима

Мәлимлеме-ресурс орайы директоры.

 

40.

Ешмуратов

Шавкат

Билим сапасын қадағалаў бөлими баслығы.

техника илимлериниң кандидаты.

41.

Алламбергенова Гулайым

ҚМУ жанындағы академиялық лицей директоры.

42.

Боранбаев

Бегис

Социал-гуманитар пәнлерди оқытыў методикасы қәнигелиги 2-курс магистранты.

Пайдалы дереклер