slot gacor hari inislot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot gacor terbaikslot pulsahttps://mti.unpam.ac.id/assets/images/https://besadu.belitung.go.id/css/https://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://e-office.pangandarankab.go.id/demo/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/
Инструкция | Karakalpak state university

Инструкция

Магистратура ҳаққындағы жобаға муўапық магистрлар таярлаўға қойылатуғын улыўма талаплар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниӊ «Жоқары билимлендириўдиӊ мәмлекетлик билимлендириў стандартларын тастыйықлаў ҳаққында»ғы 2001-жыл 16-августтағы 343-санлы қарары менен белгиленеди. Анық қәнигелик бойынша магистрлер таярлаўға қойылатуғын талаплар жоқары билимлендириўди басқарыў бойынша ўәкилликли мәмлекет органлары тәрепинен тастыйықланатуғын магистратура қәнигеликлери тәжирийбе талаплары менен белгиленеди. 

Магистрант:

  • таӊланған қәнигелиги бойынша илимий-изертлеў, илимий-педагогик ҳәм қәнигелик искерликти еркин жүритиўге;
  • қәнигелик искерликте заманагөй хабар-коммуникация технологияларынан пайдаланыўда;
  • жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириўди магистратура қәнигелиги бойынша үлкен илимий хызметкер-излениўшилер институтында даўам еттириўге;
  • кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардыӊ тәжирийбесин арттырыў системасында қосымша қанигелик билимлерин алыўға таярланады.

Магистрант өз қәнигелиги, илимий ҳәм илимий-педагогикалық таярлығына муўапық қәнигелик искерлигиниӊ төмендеги түрлери менен:

  • илимий-педагогикалық;
  • илимий-дөретиўшилик;
  • илимий-изертлеў ҳәм тәжирийбе;
  • жойбар-конструкторлық;
  • жойбар-технологиялық;
  • ислеп шығарыўда басқарыў, соныӊ менен бирге бакалавриат тәлим бағдарына муўапық басқа түрлери бойынша да шуғылланыўлары мүмкин.

Оқыўдыӊ дәслепки еки айында магистратура студенти өз илимий басшысы менен биргеликте Магистратура студентиниӊ оқыў-методикалық, илимий-изертлеў, магистрлық диссертациясын таярлаў бойынша календарлық ис жобасын дүзеди. Календарлық ис жоба кафедра мәжлисинде додаланады ҳәм тастийқланады. Магистрант тәрепинен кафедрада алып барылатуғын жумыслар, тәдбирлер, өткизилетуғын лекциялар, әмелий шынығыўлар ҳәм өз бетинше жумыслырды алып барыў тәртиби, қайсы пәннен, қандай темаларда болыўын кафедра баслығы, илимий басшы, илимий мәсәҳатшылар қатнасындағы исши топар тәрепинен анықланады ҳәм кафедра қарары менен тастыйқланады.

  1. Кафедра баслығы қарары менен үлгили жобадағы ислерди кафедра ушын зәрүр болған ҳәм қәнигеликтен келип шығып, жобада келтирилмеген жумыслар менен алмастырыў мүмкин. Бул әлбетте, анықластырылған календар ис жобада көрсетилиўи керек.
  2. Магистрант ҳәр айда кафедра мәжлисинде жоба бойынша орынланған жумыслардыӊ есабатын береди. Есабат бойынша кафедра мәжлиси магистрант тәрепинен жоба орынланған яки орынланбаған мазмунындағы қарар қабыл етеди.
  3. Семестр ақырында магистрант айлық есабатлар тийкарында семестр бойынша жуўмақлаўшы илимий-педагогикалық жумысы бойынша есабатты (үлгиси қосымша қылынған) таярлайды ҳәм магистратура бөлимине тапсырады. Магистратура бөлими баслығы, магистратура бөлими методисти, кафедра баслығы, илимий басшы ҳәм илимий мәсләҳатшылардан дүзилген исши топар магистранттыӊ есабаты бойынша кафедра қарары ҳәм илимий басшыныӊ усынысын итибарға алған ҳалда илимий-педагогикалық жумысқа магистранттыӊ баҳасын рәсмийлестиреди. Магистрант тәрепинен кафедрада алып барылатуғын илимий изертлеў жумыслары, магистрлық диссертациясын таярлаў тәртиби кафедра баслығы, илимий басшы, илимий мәсләҳатшылер қатнасындағы исши топар тәрепинен анықланады ҳәм кафедра қарары менен тастыйқланады. Кафедра баслығы ҳәм илимий басшыныӊ қарары менен илимий-изертлеў жумысы темасынан келип шыққан ҳалда үлги жобадағы жумысларды диссертация жумысын таярлаў ушын зәрүр болған ҳәм жобада келтирилмеген жумыслар менен алмастырыў мүмкин. Бул әлбетте, анықластырылған календар жобада көрсетилиўи керек.
  4. Магистрант ҳәр айда кафедра мәжлисинде илимий-изертлеўлер жобасы бойынша орынланған жумысларыныӊ есабатын береди. Есабат бойынша кафедра мәжлиси магистрант тәрепинен жоба орынланған яки орынланбаған мазмундағы қарар қабыл етеди.
  5. Семестр жуўмағында магистрант айлық есабатлар тийкарында семестр бойынша жуўмақлашы илимий-изертлеў жумысы ҳәм магистрлық диссертациясын таярлаў бойынша есабатты таярлайды ҳәм магистратура бөлимине тапсырады. Магистратура бөлими баслығы, магистратура бөлими методисти, кафедра баслығы, илимий басшы ҳәм илимий мәсләҳатшылардан дүзилген исши топар магистранттыӊ есабаты бойынша кафедра қарары ҳәм илимий басшыныӊ усынысын итибарға алған ҳалда илимий-изертлеў жумысына ҳәм диссертацияны таярлаў барысына магистранттыӊ баҳасын рәсмийлестиреди.

 

Пайдалы дереклер