РУС ТИЛИ ҲӘМ ӘДЕБИЯТЫ КАФЕДРАСЫ

Рус тили ҳәм әдебияты кафедрасы 2015-жылы рус филологиясы кафедрасының тий-карында қайта дүзилди. Кафедра 1937-жылы Муғаллимлер институтында рус бөлими ашылғаннан кейин шөлкемлестирилген болып, ҳәзирги дәўирде университетимиздиң ең ески кафедраларының бири болып есапланады. Кафедра өзиниң ең терең үрп-әдетлерине ийе. Кафедраның шөлкемлестирилиўинде талантлы педагог, рус әдебияты бойынша жетик қәниге А.Н.Сидоровтың хызмети үлкен. Кафедрада ҳәр қыйлы дәўирлерде көп ғана талантлы профессор-оқытыўшылар мийнет иследи. Олардан профессорлар – Г.Д.Петров, Н.А.Урумбаев, А.У.Умаров; доцентлер – П.И.Сенин, А.Д.Джаксыбаев, Р.П.Хван, А.Ж.Жаримбетов, Ш.К.Каримходжаев, С.Т.Наўрызбаева, Р.С.Бекназарова, Я.А.Ким; аға оқытыўшылар – Н.Б.Седлецкий, Н.Б.Мартемьянова, Н.Ф.Фишер, Т.А.Иванова, Г.П.Березовская, Л.Л.Родионова, М.Б.Матевич, З.М.Кулакова, Л,И.Лигай, А.А.Зубреева ҳәм басқаларды атап көрсетиўге бола ды. Усы ѳткен дәўир ишинде кафедраға доцентлерден П.И.Сенин, А.Д.Джаксыбаев, Р.П.Хван, А.Ж.Жаримбетов, Т.К.Караматдинова, профессор А.У.Умаров ҳәм басқалар басшылық етти.

Олар кафедраның педагогикалық, тәрбиялық ҳәм илимий дәстүрлерин табыслы даўам еттирди, оқыўдың сапасын жақсылаўға ҳәм илимий ҳәм педагог кадрларды таярлаўға күш салды, сту-дент жаслардың билимин, қәбилетин, тәрбиясын жетилистириўде үлкен үлес қосты. Ҳәзирги ўақытта кафедраны профессор Л.Б.Хван басқарады. Кафедра профессор-оқытыўшылары жаңа инновациялық педагогикалық технологияларды есапқа алған ҳалда ҳәр жылы лекция текстлерин, әмелий сабақлардың исленбелерин жаңартып барады. Кафедраның барлық пәнлери бойынша электрон вариантлар университет китапханасында бар. Кафедра ағзалары арнаўлы курсларға ҳәм семинарларға айрықша дыққат аўдарады. Булар студентлерге рус тили ҳәм әдебиятының ең әҳмийетли ҳәм қыйын мәселелерин терең түсиниўге ҳәм меңгериўге жәрдем береди.

Кафедра ағзалары турақлы түрде республикалық ҳәм халық аралық илимий конференцияларға қатнасады. Л.Б.Хван, А.Ж.Алламуратова, 2015-жылы Махачкала, Ташкент, Самарқанд қалаларында өткерилген Республикалық, халық-аралық илимий-әмелий конференцияларға қатнасты.Ҳәр жылы апрель-май айларында кафедраның басламасы менен «Современные тенден-ции языка и литературы» ҳәм «Мир науки и духовной культуры в современных условиях» де-ген атамада илимий конференциялар өткериў дәстүрге айланған. Кейинги 3 жылда кафедра профессор-оқытыўшылары тәрепинен 2 китап антология, 2 оқыўлық ҳәм 1 оқыў-методикалық қолланба, 50 ден аслам илимий мақалалар ҳәм тезислер баспадан басылып шыққан.

Рус тили ҳәм әдебияты кафедрасы 2013-жылы магистратура бөлиминде 5А120102 – Лингвистика (рус тили) қәнигелигиниң ашылыўына өзиниң үлкен үлесин қосты. Кафедра магистрантлары Өзбекистан Миллий университетинде ѳткерилетуғын «Молодая филология Узбекистана» деген атамадағы республикалык илимий конференциясына, «Виноградовские чтения» атлы халық аралық илимий конференциясына ҳәр жылы қатнасып келмекте.

Кафедра бәрҳама елимиздиң ҳәм шет еллердиң белгили жоқары оқыў орынлары менен тығыз байланыста болып келмекте: Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университети, Киев мәмлекетлик университети, Мырза Улығбек атындағы Ѳзбекистан Миллий университети, Өзбекистан мәмлекетлик жәҳән тиллери университети, ТашМШИ, Сеул шет тиллери универси-тети менен илимий бағдарда бирге ислесип киятыр. Кафедра руўхый-ағартыўшылық жумысына айрықша кеўил аўдарады. Студентлердиң миллий руўхыйлығын, мәдениятын раўажландырыў бойынша жумыслар алып бармақта. Университет көлеминде ҳәр жылы турақлы түрде әдебий кешелер, викториналар, дискуссиялар өткерилип турады, «Любители русской словесности» дөгерегиниң жумысын алып барады. Оқыў системасын модернизациялаўға тийкарланған кафедра оқыў процесине жаңа педа-гогикалық технологияларды енгизбекте, жаңа типтеги оқыў қолланбаларын дүзбекте. Кафедрада оқыўдың жаңа инновациялық технологиясына сүйенип, рус тилин ҳәм әдебиятын оқытыўдың про-фессионал педагогикалық бағдарын тереңлестириўге әмел исленбекте.

Кафедрада ислеп атырған илимий дәрежели профессор-оқытыўшылар

 

 

Хван Людмила Борисовна, педагогика илимлериниң кандидаты, профессор. 1945-жылы 14-декабрьде Қоңырат қаласында туўылған. 1967-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик педагогика институтын тамамлаған. Қәнигелиги рус тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 1978-жылы «Система уроков русской литературы как средство формирова-ния читательских интересов» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 50 ден аслам илимий методикалық мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 4 монография, 5 антология, 2 сабақлық, 25 оқыў қолланбасы баспадан шықты. 1992-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик универси-тетинде профессор лаўазымында ислеп киятыр.

 

 

Алламуратова Айсанем Жалгасбаевна, филология илимлериниң кандидаты, доцент. 1969-жылы 28-сентябрьде Нөкис қаласында туўылған. 1991-жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәни-гелиги рус тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 1997-жылы «Худо- жественное выражение категории памя-ти в повестях В. Распутина» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 50 ден аслам илимий методикалық мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 3 оқыў қолланбасы, 10 оқыў методикалық қолланбасы баспадан шықты. 2005-жылдан кафедра доценти.

 

 

Ходжаниязова Айгуль Айтмуратовна, педагогика илимлериниң кандидаты, доцент. 1971-жылы 16-январьда Нөкис қаласында туўылған. 1988-жылы ТАМ-БОВ мәмлекетлик педагогикалық институтына оқыўға түсип, 1993-жылы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтын питкерди. Қәнигелиги рус тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 2007-жылы «Модели уровня знаний по русскому языку на основе тестирования как средство по-вышения качества учебно-воспитательного процесса (на материале школ Республики Каракалпакстан)» темасын-да кандидатлық диссертациясын жақлады. 60 тан аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 3 монография, 1 сабақлық, 19 оқыў-методикалық қолланбасы баспадан шықты. 2008-2015 жылла-ры улыўма университетлик шет тиллер кафедрасының баслығы лаўазымында иследи. 2015-жылдан кафедра доценти.

 

 

Кабулова Лола Толыбаевна , филология илимлериниң кандидаты, доцент. 1965-жылы 3-июльде Нөкис қаласында туўылған. 1987-жылы Таганрог мәмлекетлик педагогика институтын тамамлаған. Қәнигелиги рус тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 1998-жылы «Функционирование отглагольных существительных в газетно-публици-стическом стиле» темасында кандидатлық диссерта-циясын жақлады. 50 ден аслам илимий методикалық мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 1 сабақлық, 5 оқыў қолланбасы баспадан шықты. 2003-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде доцент лаўазымында ислеп атыр.

 

 

Аманова Айсултан Абдиразаковна, филология илимлериниң кандидаты, доцент. 1957 -жылы 22-декабрьде Нөкис қаласында туўылған. 1980-жылы Москва мәмлекетлик педагогика институтын тамамлаған. Қәнигелиги рус тили ҳәм әдебияты оқытыўшысы. 1993-жылы «Каракалпакский рас – сказ 30 -начала 50-х годов (вопросы типологии и по-этики)» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 50 ден аслам илимий методикалық мийнетле-ри баспада жәрияланды. Соның ишинде 1 монография, 8 оқыў қолланбасы баспадан шықты. 2003-жылдан баслап кафедрада доцент лаўазымында ислеп атыр.

Сондай-ақ, кафедрада үлкен оқытыўшылар Е.Чимбергенов, М.Турсымуратов, Г.Палванова, В.Сейтенова, ассистенлер С.Кабулов, Е.Шерибаев, З.Абутова, Д.Абдреимова, Г.Атаджанова, Г.Каландарова, С.Машарипова, З.Мырзамбетова, И.Хошмуратова ислеп атыр.

Пайдалы дереклер