slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
ХИМИЯЛЫҚ ТЕХНОЛОГИЯ КАФЕДРАСЫ | Karakalpak state university

ХИМИЯЛЫҚ ТЕХНОЛОГИЯ КАФЕДРАСЫ

Химиялық технология кафедрасы 1993 жылы «Қоршаған орталықты қорғаў ҳәм тәбий ресурсларды үнемли пайдаланыў» кафедрасы болып жумыс баслады. 1996 жылдан баслап ҚМУ Химия факультетинде химик – технологларды таярлап баслаўы менен кафедраны «органикалық емес химия ҳәм химиялық технология» кафедрасы етип өзгертилди. Кафедра жумыс алып барыў дәўиринде оған доцентлер: Б.Танирбергенов (1993-1994), Б.Жарекеев (1994-2005), М.Айымбетов (2005-2006), Б.Алламбергенов (2006-2009), Б.Нурымбетов (2009-2012), М.Айымбетовлар (2012-2018) басшылық етти. 2018 жылдан баслап кафедраға доцент Б.Хожаметова басшылық етпекте.

Кафедрада 5320400 Химиялық технология, ҳәм 5321000-Азық – аўқат технологиясы (гөш – сүт ҳәм консерва өнимлери) бакалавр бағдарлары бойынша кадрлар таярланбақта.

Кафедра дүзилген ўақыттан баслап инженер – технолог кадрларды таярлаўға үлкен дыққат бөлди. Усы мақсетте кафедра оқыў, әмелият ҳәм илимий изертлеў бағдарлары бойынша Ташкент химия технология институты, ӨзР ИА Улыўма ҳәм органикалық емес химия институты, «Навоиазот» ЖШЖ, «НөкисМираб» ААЖ, «Қоңырат сода заводы» УК лар менен бирге ислесиў шәртнамаларын дүзди.

Студентлерге билим бериўдиң сапасын арттырыў мақсетинде Ташкент химия технология институты ҳәм ӨзР ИА Улыўма ҳәм органикалық емес химия институтынан Өзбекстандағы химиялық технология ҳәм тоқымашылық санааты бойынша жетекши қәнигелер шақыртылып сабақ өтпекде.

Кафедра ҚМУ бас бинасында жайласқан болып, лекция, әмелий ҳәм лаборатория жумысларын факультеттиң аудиториялары ҳәм лабораторияларында өтсе, әмелиятларын өндирис орынларында:, «Навоиазот» ЖШЖ, «НөкисМираб» ААЖ, «Қоңырат сода заводы» УК,  ӨзР ИА ҚҚ бөлими ТИБИ илимий лабораторияларында өткермекде.

 

Кафедрада ислеп атырған илимий дәрежели профессор-оқытыўшылар

 

 

Хожаметова  Бийбимарьям  Қайповна, техника илимлериниң кандидаты. 1968-жылы 23-январьда Қараөзек районында туўылған. 1991-жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги химик, химия оқытыўшысы. 2012-жылы «Строительная керамика с улучшенными свойствами на основе карбонат содержащих глин Каракалпакстана» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 45 дан аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланды.

Соның ишинде 4 оқыў қолланбасы баспадан шықты. 2018-жылдан баслап кафедра баслығы.

 

Турманов Имаматдин, техника илимлериниң кандидаты, профессор. 1941-жылы 16-декабрьде Тахтакөпиррайонындатуўылған. 1963-жылы Қарақалпақ мәмле-кетлик педагогикалық институтын тамамлаған. Қәнигелиги физика ҳәм улыўма техника пәнлери оқытыўшысы . 1981-жылы «Исследование физико-механических свойств волокон хлопка со структурой» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 70 тен аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде, 1 оқыўлық ҳәм 2 методикалык қолланбасы баспадан шықты. 2015-жылдан баслап кафедра профессоры.

 

 

 

 

 

Қурбаниязов Рашид Қалбаевич, техника илимлериниң кандидаты. 1981-жылы 10-августта Кегейли районында туўылған. 2003-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги химик. 2011-жылы «Технология сложного азотно-фосфорного удобрения на основе сплава аммиачной селитры и фосфоритов Центральных Кызылкумов» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 40 дан аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде, 1 оқыў қолланбасы баспадан шықты.2014-жылдан баслап кафедра доценти лаўазымында ислеп атыр.

 

 

 

Маденов Бердимурат Даулетмуратович, техника илимлериниң кандидаты. 1984-жылы 21-июльда Кегейли районында туўылған. 2008-жылы Ажинияз атындағы НМПИ тамамлаған. Қәнигелиги химик. 2018-жылы «Разработка технологии получения термостабильной аммиачной селитры с неорганическими добавками». Темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 36 дан асламилимий мийнетлери баспада  жәрияланды. .

 

Сондай-ақ, кафедрада үлкен оқытыўшылар З.Бекмуратова, С.Айтымбетов, ассистентлер А.Жолдасова, М.Шамуратов, А.Нурыллаева, Ғ.Алланиязов, Ш.Мусиров, А.Юлдашев, Р.Оразбаева, А.Туремуратова, М. Адилхановалар ислеп атыр.

Пайдалы дереклер