Бухгалтерия

Есап-санақ бөлими университеттиң тийкары қаланғаннан баслап хызмет көрсетип келмекте. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң есап-санақ бөлими, университеттиң улыўма қаржыларының есабы, олардың дурыс бөлистирилиўи, жумысшылардың айлық ис ҳақылары ҳәм студентлердиң стипендияларының өз ўақтында есапланыўын алып баратуғын бөлим есапланады.

Есап-санақ бөлиминиң тийкарғы ўазыйпалары сыпатында төмендегилерди атап өтиўимизге болады:

          – бюджет қаржыларының, соның менен бирге бюджеттен тысқары қаржылардың қәрежетлер сметасында көрсетилген белгили бир мақсетлер ушын туўры жумсалыўы, буннан тысқары, пул қәрежетлери ҳәм материаллықлық қымбат баҳалы затлардың үстинен бақлаў алып барады;

          – бухгалтерия есабының нызамшылық талапларына муўапық алып барылыўын бақлаўға алады;

          – жумысшылардың ис ҳақылары ҳәм оған теңлестирилген төлемлерди, соның менен бирге билим бериў мәкемесинде билим алатуғын студентлердиң стипендияларын белгиленген тәртипте ҳәм өз ўақытында есаплап шығады;

          – пул қәрежетлери, есап-санақлар ҳәм материаллық қымбат баҳалы затлар, соның менен бирге басқа активлерди ҳәм мәжбүриятларды инвентаризация ислеўде қатнасады, инвентаризация нәтийжесин өз ўақытында ҳәм туўры рәсмийлестириў ҳәм оларды бухгалтерия есабында сәўлелендирип барады;

          – материаллық қымбат баҳалы затларды алыў ушын берилген исеним қағазларының есабын алып барыў ҳәм оларды туўры пайдаланыўды бақлап барады;

          – финанслық есабатларды белгиленген мүддетте дүзиў ҳәм тапсырыў;

          – мәкеме басшысы тастыйықлаўы ушын қәрежет сметаларын ҳәм оларға қосымша қылынатуғын есап-санақларды дүзиў;

          Есап-санақ бөлими тийкарынан еки бөлимнен турады. «Қаржы ҳәм жобаластырыў бөлими», «Есап-санақ» бөлимлери жумыс ислеп келмекте. Бүгинги күни бөлимде тийкарынан 15 хызметкер хызмет етип келмекте. Бас есапшы: Акназаров Сапарбай, бас есапшы орынбасары: Қудьярова Қанчайым, Аширбеков Полатбек. Есапшылар: Утеўлиева Светлана, Байназаров Жеткерген, Реймова Фатима, Узақбаева Шийрин, Садыкова Бийбигүл, Аметова Айымгүл, Мамбетов Атабек, Реймова Гулбахар.   Қаржы ҳәм жобаластырыў бөлиминиң баслығы: Тажимуратов Орынбай, экономист: Абдиганиева Жазийра, Утамбетова Камила

          Кейинги ўақытлары информациялық-коммуникация технологиялары турмыстың барлық тараўларына кирип келмекте. Есап-санақ бөлимлеринде де заманагөй коммуникация технологиялары тийкарында жумыс алып баратуғын жаңа компьютер бағдарламалары әмелге асырылмақта. Университет есап-санақ бөлими тәрепинен де барлық есап-санақ жумысларын алып барыў ушын «UzASBO» бағдарламасынан кең түрде пайдаланып келмекте.

          «UzASBO» бағдарламасы Өзбекистан Республикасы финанс министрлигиниң 2013-жыл, 30-апрельдеги 63-санлы «Өзбекистан Республикасы финанс министрлиги системасында ҳәм бюджет мәкемелеринде заманагөй мәлимлеме коммуникация технологияларын және жетилистириў ҳәм иске қосыў ис-илажлары ҳаққында» ғы буйрығына муўапық финанс министрлигиниң тийисли структураларына 2013-жыл 1-июльге шекемги мүддетке «UzASBO» компьютер бағдарламасын ислеп шығыў ўазыйпасы жүклетилген еди.

          «UzASBO» компьютер бағдарламасының бир қатар абзаллық тәреплери бар. Мәселен, Өзбекистан Республикасы нызамлары, Өзбекистан Республикасы президентиниң пәрманлары ҳәм қарарлары, Министрлер Кеңесиниң қарарлары, ҳәр қыйлы министрликлер, соның менен бирге финанс министрлиги тәрепинен ислеп шығылған қазнашылық орынланыўына байланыслы бухгалтерия есабының алып барылыўы ҳәм есабатларды таярлаўға байланыслы методикалық көрсетпелерге киргизилген өзгерис ҳәм қосымшалар орайласқан тәризде өзгертилип барылады. Мағлыўматлар базасы арнаўлы орайласқан серверлерде сақланып, ҳәр киргизилген мағлыўматлар сол күнниң соңында архивте сақлап турыў ушын киргизилиўи мүмкин.

          Буннан тысқары, бул компьютер бағдарламасы, есапшылар ушын үлкен жеңилликлерди жаратып береди. Атап өтетуғын болсақ, ис ҳақы ҳәм стипендияларды усы бағдарлама арқалы тез ҳәм анық есаплап шығыў мүмкиншилиги бар. Есабатларды да тез Интернет арқалы тийисли шөлкемге жеткерип бериўге болады. Соның менен бирге, есабатларды қәлеген орында отырып Интернет тармағына жалғанған компьютер жәрдеминде есаплап барыў мүмкиншилиги де жаратылды. Бул жеңилликлер менен мүмкиншиликлер есап-санақ бөлиминиң жумысларын жеңиллестирди ҳәм есап-санақты дәл алып барылыўға имканият жаратып береди.

Shartnamalar dizimin o’tkiziw kitabi 22.01.2020

Shartnamalar dizimin o’tkiziw kitabi 26.04.2020

Shartnamalar dizimin o’tkiziw kitabi 22.07.2020

Shartnamalar dizimin o’tkiziw kitabi 01.01.2020-30.09.2020

Shartnamalar dizimin o’tkiziw kitabi 15.12.2021

ҚМУд ректоринин харежетлери сметасы хәм онын орынланыуы бойынша отчетлар 

Бердах номидаги ККДУда харид килинган товарлар ва хизматлар,утказилган танлов(тендер) савдолари буйича маълумотлар

Пайдалы дереклер