slot gacor hari inislot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot gacor terbaikslot pulsahttps://mti.unpam.ac.id/assets/images/https://besadu.belitung.go.id/css/https://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://e-office.pangandarankab.go.id/demo/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/
Санлы билимлендириў технологиялар орайы | Karakalpak state university

Санлы билимлендириў технологиялар орайы

 

Санлы билимлендириў технологиялар орайы баслығы:

Реимбаев Алишер Кадирбаевич

+99861-2235671
 a_reimbaev@karsu.uz

Университетте заманагөй компьютер ҳәм информациялық технологияларды илим ҳәм билимниң барлық бөлимлеринде кең ен жайыўы халықаралық информациялық системаларынан пайдаланыўды кеңейтириў ҳәм раўажландырыў мақсетинде «Информациялық технологиялар орайы» шөлкемлестирилген.

Орай жумыс искерлигиниң тийкарғы бағдары сыпатында төмендегилер белгиленген:

  • Орай жумыс искерлигиниң тийкарғы бағдары сыпатында төмендегилер белгиленген:
  • университеттиң информациялық ҳәм компьютер инфраструктурасын дүзиў хәм коллап-куўатлаў;
  • оқыў процесинде информациялық технологияларды енгизиў, электрон китапхана жаратыў ҳәм информациялық бөлимлер тийкарында оқыў процесин басқарыў;
  • университеттиң профессор-оқытыўшылары, излениўши ҳәм студентлердиң интернет ҳәм миллий илимий улыўмалық тармақларынан пайдаланыў имканиятларын жаратыў;
  • жаңа информациялық технологиялар ҳәм аралықтан оқытыў машқалалары бойынша республикамыздағы ҳәм шет еллердеги оқыў орынлары менен бирге ислесиў;
  • информациялық технологиялар ҳәм аралықтан оқытыў бойынша оқыў қолланбалар ҳәм бағдарламаларды дүзиў;
  • информациялық технологиялар ҳәм аралықтан оқытыў машқалаларына арналған әнжуманлар, конференциялар ҳәм семинарлар шөлкемлестириў;
  • университет бойынша локал тармақларды басқарыўды шөлкемлестириў;
  • университетте МРО менен биргеликте аралықтан тест өткериў системасын басқарыў ҳәм раўажландырыў.

Жаңа педагогикалық технологияларды билимлендириў системасында қолланыў, аралықтан билимлендириўди әмелге асырыў ушын жетерли компьютерлер базасы жаратылған. Бул жерде 840 дана компьютерди бирлестирип турыўшы ҳәм 100 mb/s тезликте ислейтуғын оптикалық талалы байланыс усылында жаратылған локал тармақ жумыс ислемекте. Буннан басқа, мультимедиялы электрон сабақлықларды жаратыў ҳәм көргизбе ислеў, видео конференциялар өткериў ушын заманагөй техника қурылмалары бар. Университетте 20 компьютер класы ис жүргизбекте. Университет өзиниң екинши дәрежели доменде көрсетилген веб бетине (www.karsu.uz) ийе.

Барлық электрон сабақлықлар, электрон әдебиятлар, мультимедиялы курсларды арнаўлы бетке киргизиў, интернет ҳәм локал тармақ арқалы университетте жаратылған электрон сабақлықлардан пайдаланыў жолға қойылған (www.karsu.uz/download). Локал тармақта ҳәм интернетте мағлыўматлар алмасыўын қәлиплестириў келтирип өтилген (www.karsu.uz) доменде барлық профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлерге электрон почта қутысын ашып бериў ҳәм олардың университет хызметлеринен пайдалана алыўы ушын имканият жаратылды.

Университет веб бети базасында шет ел китапханаларынан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў арқалы арнаўлы веб бети дүзилип (library.karsu.uz), бул бетте университет китапханасында бар 8 000 нан артық китаплар ҳакқында мағлыўмат берилди. Бүгинги күнде университет базасында 900 ге жақын электрон қолланба, 3 аралықтан оқытыў курслары хәм 100 мультимедиялы электрон сабақлықлар бар.

Видеоконференциялар шөлкемлестириў. Ғәрезсизлигимиздиң 20 жыллығы әтирапында иске түсирилен «Миллий электрон билимлендириў» тармағы аралықтан билимлендириўди әмелге асырыў имканиятларын және де кеңейтириў мақсетинде видеоконференция залы иске түсирилди, оптик талшықлы кабеллер орнатылды ҳәм байланыс тезлиги 6 Мб/с тезлике шекем көтерилди, видеоконференция өткериў ушын жаңа VCON MediaConnect 6000 маркалы видеотерминал, заманагөй HD проектор ҳәм HD видео камералар орнатылды. Видеоконференция залы оптик талшықлы кабел арқалы мәмлекетимизде бар болған барлық жоқары оқыў орынлары менен байланысқан.

Сервер компьютерлерди басқарыў. МРО бинасында 2-этажында жайласқан 3 сервердиң турақлы ислеп турыўы ушын өз ўақтында профилактика, техникалық ҳәм программалық тәминат ислери алып барылмақта.

Санлы билимлендириў технологиялар орайы хызметкерлериниң қурамы:

Санлы билимлендириў технологиялар орайы баслығы: Реимбаев Алишер Кадирбаевич

I. Тармақларды басқарыў бөлими

1. Бөлим баслығы-Жумабаев Полат

2. Инженер программист(1-категория) – Қуанышбаев Шынгызхан

3. Инженер программист(1-категория) 0,5 ставка – Алланиязов Кахарман  

4. Инженер программист  (1-категория)– Арзиева Рано

5. Инженер программист(1-категория) 0,25 ставка -Жумабеков Айбек 

6. Инженер программист(1-категория) 0,25 ставка– Искендеров Тимур

7. Контент менеджер- Доспанова Гулчехра

8. 2-категория техник– Ерлепесова Салтанат

9. Тармак администраторы– Султанов Ансат

II. Санлы билимлендириў технологияларын енгизиў бөлими

1. Бөлим баслығы- Шерниязов Шарапат

2. Инженер программист  (1-категория)-Сержанова Гулжахан

3. Инженер программист  (1-категория)-Джугинисова Салтанат

4. Система администраторыРеймова Лаззет

5. ВЕБ дизайнер – Нукусбаев Науриз

6. Контент менеджер-Хожамуратова Арыухан

III.Техникалық қоллап қуўатлаў бөлими

1.Бөлим баслығы- Алламбергенов Азамат

2.Инженер-программист (1-категория)-Қалилаева Айтолған

3.Инженер программист(1-категория)- Кыдырниязова Гулназ

4.Компьютер заллары баслығы– Назарханов Танатар

5.Инженер электрончик(1-категория)– Туржанова Раиса

IV.Информация қәўипсизлигин тәмийинлеў бөлими 

1.Бөлим баслығы- Сарсенбаев Мийирбек

2.Тармақ администраторы– Тажетдинов Бахтияр

Пайдалы дереклер