slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
ФИЗИКАЛЫҚ ҲӘМ КОЛЛОИДЛЫҚ ХИМИЯ КАФЕДРАСЫ | Karakalpak state university

ФИЗИКАЛЫҚ ҲӘМ КОЛЛОИДЛЫҚ ХИМИЯ КАФЕДРАСЫ

Қарақалпақ мәмлекетлик университети химия-технология факультетиниң «физикалық ҳәм коллоидлық химия» кафедрасы 1990 жылы өз жумысын баслады ҳәм   кафедраның биринши баслығы химия илимлериниң кандидаты, доцент Калий Сапарниязов басқарды. 1993-1996 жылларда кафедраға химия илимлериниң кандидаты, доцент Муратбай Исмаилов басшылық етти. Кафедра 2001 жылы қайта шөлкемлестирилип оны химия илимлериниң кандидаты, доцент Жумамуратова Мапруза Шарибаевна басқарды. Кафедраны 2008-2011 жылларда химия илимлериниң докторы Рустем Тлегенов басқарды. 2012-2017 жылларда химия илимлериниң кандидаты  Аманбай Пирниязов кафедра баслығы болып иследи. 2017-2018 жылларда кафедраға химия илимлериниң кандидаты, доцент Бахтияр Нурымбетов басшылық етти. Ал  2019 жылдан баслап усы кунге шекем кафедраны химия илимлериниң кандидаты, доцент Шарипова Айшагул Ибраимовна басқарып келмекте.

Физикалық ҳәм коллоидлық химия кафедрасы өзиниң раўажланыў тарийхында химия тәлим бағдары бойынша көплеген бакалавр ҳәм магистрантларды таярлап жетилистирди. Ҳәзирги ўақытта олар Өзбекистан Республикасының көплеген оқыў орынларында ҳәм илимий орайларда жумыс ислеп атыр.

Ҳәзирги ўақытта кафедра Республикамыздағы ҳәм сырт еллердиң илим изертлеў институтлары ҳәмде жоқары оқыў орынлары менен көплеген бирге ислесиў бойынша шәртнамалар дүзген. Олардан Өзбекистан Илимлер Академиясы Улыўма ҳәм органикалық емес химия институтының «Коллоид химия» лабораториясы ҳәм Өз. Р  И А Қарақалпақстан  бөлими ТИИИИ Химия лабораториясы, Өзбекистан Миллий университети ҳәм  Нөкис ОО «РOLIMER» заводы ҳәм Т.Г.Шевченко атындағы  Киев Миллий университети, сондай-ақ А.А.Чуйко атындағы Украина Миллий Илимлер Академиясының «Сырт жүзелер химиясы» институты менен өз-ара бирге ислесиў шәртнамалары дүзилген.  

Кафедраның илимий жөнелиси — Суўда ериўши полимерлердиң тәбийғый дисперс систмаларға тәсирин изертлеў, бентонитлер тийкарында бурғалаў еритпелерин  ҳәм  қурылыс материалларын таярлаў бойынша илимий жумыслар алып барылмақта. Бул жөнелислер бойынша бир қатар илим изертлеў жумыслары орынланды. Өткерилген илимий жумыслары нәтийжелери тийкарында мақалар Республикалық ҳәм ҳалық аралық илимий журналларда баспадан шықты.

2017 — 2018 жылларда доцент Б.Ч.Нурымбетов басшылығында әмелий характердеги «Модификацияланған вермикулит тийкарында теплоизоляцияланған материалдың алыныў технологиясы ҳәм қурамын ислеп шығыў» темасында илимий грант жумысы алып барылды.

Кафедрада ҳәзирги күнде  6 илим кандидаты ҳәм  3 ассистент жумыс ислеп атыр.

Кафедрада ислеп атырған илимий дәрежели профессор-оқытыўшылар

 

Шарипова Айшагуль Ибраимовна, химия илимлериниң кандидаты, доцент. Шарипова А.И  1965 жылы 9 майда  Қарақалпақстан Республикасы Шымбай  районында туўылған. 1987 жылы  Нөкис мәмлекетлик университетиниң химия-биология факультетин ҳимия бағдары   бойынша тамамлаған. Қәнигелиги: химик, оқытыўшы. 2001 жылы «Малеин кислотасы ҳәм акриламид сополимери тийкарында алынған полиэлектролиттиң Қарақалпақстан топырақ дисперсияларында структура пайда етиў ҳәм стабиллениўине тәсири» темасында кандидатлық диссертациясын жақлаған Диссертация темасы бойынша 60 аслам илимий мақалалар, соннан 2 оқыў

 

Химия илимлериниң кандидаты, доцент Джумамуратова Мапруза Шарибаевна 1960-жылы 8 октябрьде Мойнақ районында туўылған. Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги химик, оқытыўшы, 2000 жылы «Влияние карбоксил амин содержащих полиэлектролитов на их коллоидно-химические свойства» темада кандидатлық диссертациясын жақлады. 40 тан аслам илимий

 

 

Химия илимлериниң кандидаты, Пирниязов Аманбай Жолдасбаевич 1978-жылы 7 мартта Нөкис қаласында туўылған. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги химия магистри, 2005 жылы «Полифенолы некоторых таннидоносных растений и их биологическая активность» темада кандидатлық диссертациясын жақлады. 33 тен аслам илимий методикалық мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 1 оқыў қолланбасы баспадан шықты, 1 патент ийеси. 2012-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде кафедра баслығы болып ислеп атыр.

 

 

Узакбергенова Замира Досназаровна, химия илимлериниң кандидаты, доцент. Ол 1967 жылы 13 июлда Нөкис қаласында  туўылған. Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги: химик, оқытыўшы. 1995жылы «Кобальт (III)  2- гидроксимино карбон кислоталары менен координацион бирикпелерин синтезлеў ҳәм изертлеў» темасында кандидатлық диссертациясын жақлаған. 60тан артық илимий мақалалар баспадан шығарды. Олардан  1 сабақлық, 6 методикалық қолланба. 2019 жылдан баслап — кафедра доценти.

 

 

 

Химия илимлериниң кандидаты, доцент Джуманова Зияда Кеўнимжаевна 1974-жылы 14 октябрьде Шымбай қаласында туўылған. Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги химик, химия оқытыўшысы, 2012 жылы «Строение и свойства лигнинов злаковых растений-риса, кукуруза, сорго» темада кандидатлық диссертациясын жақлады. 35 тен аслам илимий методикалық мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 1 оқыў методикалық қолланбасы баспадан шықты. 2013-жылдан баслап Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде доцент болып ислеп атыр.

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

 

Пайдалы дереклер