ЭКОНОМИКАЛЫҚ ТЕОРИЯ КАФЕДРАСЫ

Экономикалық теория кафедрасы студент жасларды экономикалық пикирлеўге үйретиўде ҳәзирги заман базар экономикасындағы өзгерислерди аңлап жетиў ҳәм оны түсиниўде, жас әўладта жаратыўшаңлық идеяларын қәлиплестириў, олардың илимий дүньяға көзқарасын кеңейтиў, Ўатан ҳәм ел-журт келешеги жолында удайы мийнет етиў туйғысын оятыў сыяқлы әҳмийетли ўазыйпаларды орынлаўда орны айрықша кафедралардан саналады.

Кафедра Өзбекистан Республикасы Президенти мийнетлерин, Пәрман ҳәм қарарларын, жаңа экономикалық нызамлардың мазмунын түсиндириў жумысларын тек ғана студент жаслар арасында емес, Қарақалпақстан Республикасының барлық жоқары оқыў орынларында, қала ҳəм районлардың жетекши мәкемелеринде, айрықша жағдайлар бойынша министрлигинде, миллий қəўипсизлик ҳəм әскерий округлеринде, мәҳәллелерде, академиялық лицей ҳәм кәсип-өнер колледжлеринде мәмлекетимиздиң ғәрезсизлик жылларындағы ерискен табысларын, алды-мызда турған өндиристи модернизациялаў ҳəм диверсификациялаў бағдарындағы тийкарғы ўазыйпалары менен, сондай-ақ, ҳəр жылы шереклик ҳəм жыл жуўмақлары менен таныстырып бармақта.

Сондай-ақ, кафедра профессор-оқытыўшыларының өзгешелиги «Өзбек модели» ҳәм Ҳәрекетлер стратегиясының жəмийетлик раўажланыўдың беккем тийкары екенлигин Өзбекстан ҳəм Қарақалпақстан Республикасы орайлық ғалаба хабар қураллары арқалы кең жəмийетшиликке жеткерип бермекте.

Кафедра 1976-1992-жыллар аралығында кафедраны проф. А.Тажимуратов, проф. Ҳ.Бабажанов, доц. А.Абутовлар кафедраны басқарып келди. Усы жыллар аралығында кафедрада профессор-оқытыўшылардан доц.Ж.Сапаров, доц.М.Нураддинов, доц.М.Мамбетназаров, оқытыўшылар Қ.Байжанов, Б.Хожамуратов, Ш.Уббиниязов, Г.Утемуратова, Б.Ережеповалар өзлериниң билимлерин ҳақыйқый билимли кадрлар таярлаўға қаратқан. Кафедраны 1992-1997-жылларда доцент Ҳ.Шамуратов, 2002-2005-жылларда э.и.к. Б.Гулимов басқарды.

Бүгинги күнде кафедраға профессор Г.Утемуратова басшылық етпекте ҳәм кафедрада профессор-оқытыўшылардан доцент Р.Тлеубергенов, доцент Л.Сеитова, Б.Ережепова, А.Даўлетмуратов, Г.Пирниязова, Ж.Досекеев, Б.Исмаилов, А.Таспанова, З.Қайыпназаровалар студент жасларға оқытыўдың алдыңғы педагогикалық ҳәм информациялық технологияларынан пайдаланыў тийкарында билим бермекте. Кафедраның барлық профессор-оқытыўшылары Ташкент мәмлекетлик университети жанындағы Педагог кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардың кәнигелигин жетилистириў тармақ орайында «Экономика» бағдары бойынша 288 саатқа мөлшерленген еки айлық қайта таярлаў курсларынан өткен.

Кафедра Өзбекстан Республикасы жоқары оқыў орынлары болған Өзбекистан Миллий университети, Ташкент мəмлекетлик экономика университети, Ташкент финанс институты, Ташкент мəмлекетлик аграр университети, Ташкент Банк-финанс академиясы ҳәм басқа да оқыў орынлары менен тығыз байланысларға ийе.

Соңғы бес жыл даўамында кафедра профессор-оқытыўшылары тәрепинен 1 оқыўлық, 1 монография, 10 оқыў ҳәм методикалық қолланбалар, 170 тен аслам илимий мақала ҳәм тезислер, соннан 50 ден асламы халық аралық илимий журнал ҳәм конференция материаллар топламында баспадан шықты. Соны айрықша атап өтиў керек, кафедра доценти Л.Сейтова ҳәм үлкен оқытыўшы А.Даўлетмуратовлар ТМЭУ профессоры Ш.Шодмонов ҳəм доцент У.Ғафуровлар менен биргеликте «Экономикалық теория» пәни бойынша бириншии рет қарақалпақ тилинде сабақлық таярланды ҳəм бул сабақлық Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министирлигиниң 2014-жыл 9-июньдеги №220-санлы буйрығы менен тастыйықланған гуўалығы тийкарында «Қарақалпақстан» баспасынан шықты.

Ҳәзирги ўақытта кафедра профессор-оқытыўшыларынан доц. Л.Сейтова ҳәм үлкен оқытыўшы А.Даўлетмуратовлар Ташкент мәмлекетлик экономика университети профессор-оқытыўшылары менен биргеликте «Ишлаб чиқаришни модернизациялаш шароитида харажатлар миқдорини камайтириш, таркибини такомиллаштиришнинг фундаментал (назарий) асосларини ишлаб чиқариш» темасында илимий-проект жумысларын алып бармақта (проект жумысы 2017-2020 жылларға мөлшерленген).

Кафедра үлкен илимий-излениўшиси А.Таспанова «Корхоналар айланма маблағларини бошқариш самарадорлигини ошириш механизмларини такомиллаштириш» темасында докторлық диссертациясын (PhD) жақлаў алдында (2018 жыл декабрь айы).



Утемуратова Гульнарахан Хожаниязовна,экономика илимлериниң кандидаты, профессор. 1960-жылы 30-сентябрьде Тахтакөпир районында туўылған. 1981-жылы Нөкис мәмлекетлик универси-тетин айрықша диплом менен тамамлаған. 2002-жылы «Ҳаял-қызлар бəнтлилигин тəмийинлеўде мийнет ресурсларын басқарыўды жетилистириў» тема-сында кандидатлық диссертациясын жақлаған. 2003-жылы «Қарақалпақстан Республикасы жоқары оқыў орынларында интерактив оқытыў усылларын енгизиў» атамасындағы қуны 13 мың долларлық Европа грантының жеңимпазы бол-ды. 2004 -2010-жыллары финанслар кафедрасы баслығы, 2010-2011 -жыллары экономика фа-культети деканы лаўазымында иследи. Ҳәзирги ўақытта экономикалық теория кафедрасы баслығы лаўазымында ислеп атыр. 1 монография, 10 нан аслам оқыў ҳәм оқыў-методикалық қолланбалар, 50 ден аслам илимий мийнетлердиң авторы. 2004-2009-жыллары Қарақалпақстан Республика-сы Жоқарғы Кеңеси депутат болды.

 

 

 

Тлеубергенов Рахат Шарибаевич, экономика илимлери кандидаты, доцент. 1967-жылы Нөкис қаласында туўылған. 1991-жылы Нөкис мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги – экономист.
2001-жылы «Бозор ислоҳотлари» илимий-изертлеў институтында «Кўп укладли агроиқтисодиёт ва қишлоқда мулкдорлар синфини шакллантиришнинг асосий йўналишлари» темасы бойынша кандидатлық диссертациясын жақлаған. 2012-жылы «доцент» илимий атағын алған.
1 оқыў қолланба, 3 оқыў-методикалық қолланба, 3 методикалық көрсетпе, 40 тан аслам илимий мақала ҳәм тезислердиң авторы. 2018-жылдан баслап «Экономикалық теория» кафедрасында доцент лаўазымында ислеп келмекте. 

 

 

 

Сейтова Лейли Полатовна, экономика илимлери кандидаты, доцент. 1970-жылы 23-июньде Нөкис қаласында туўылған. 1992-жылы М.Ломоносов атындағы Москва мəмлекетлик университетин
1999-жылы «Социальные издержки эколого-экономического потенциала региона»  темасы бойынша кандидатлық диссертациясын жақлаған. 2000-2003-жыллары БМШниң киши қаржыландырыў бағдары бойынша проектинде тренер, 2006-2007-жыллары экологиялық машқалалар бойынша глобаль фондтың проектинде эксперти ўазыйпасын атқарған. 3 оқыўлық, 5 оқыў қолланба, 10 нан аслам илимий мақалалары авторы.  2005-жылдан баслап экономикалық теория кафедрасында доцент  лаўазымында ислеп атыр. тамамлаған. Қәнигелиги – экономист.

 

 

 

 Таспанова Айзада Кенжебаевна экономика илими бойынша философия доктори.1986 жыл 3-сентиябрьде Қарақалпақстан Республикасы Хожели районында туўылған 2008 жылда Қарақалпақ мәмлекетлик университети экономика факультетиниң «экономика» бакалавр тәлим бағдарын тамамлаған. 2010 –жылы усы университеттиң «Тараўлар экономикасы» қәнийгелиги бойынша магистратурасын табыслы тамамлаған. 2010-жылы «Кәрханалар айланба қаржыларын финансластырыў әмелиятын жеделлестириў» темасындағы докторлық диссертациясын қорғап шықты. Ол экономика пәнлери бойынша философия доктори. Оның сол күнге дейин 45 илмий мийнети, солардан 1 монография, Өзбекистан Республикасы Жоқары аттестация қурамына кириўши журналларда 11 мақала(соннан 2 шет ел журналларында) ҳәм басқалары ҳалқара ҳам республика конференцияларында баспадан шыққан.Ол 2010 жылдан баслап Қарақалпақ Мәмлекетлик Университетинде жумыс ислеп келмекте.

Пайдалы дереклер