slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor maxwinslot gacor 2024slot gacor terbaikslot gacor hari inihttp://ti.lab.gunadarma.ac.id/jobe/runguard/https://satudata.kemenpora.go.id/uploads/demo/
ЭЛЕКТР ЭНЕРГЕТИКАСЫ КАФЕДРАСЫ | Karakalpak state university

ЭЛЕКТР ЭНЕРГЕТИКАСЫ КАФЕДРАСЫ

Қарақалпақстан Республикасы аймағы ушын зәрүр болған электр энергетикасы тараўы бойынша кадрлар таярлап бериў мақсетинде университетимизге 1999-2000-оқыў жылынан баслап электр энергетикасы тәлим бағдарына студентлер қабыл етилди. Бул бағдар усы дәўирде физика-математика факультетиниң ярым өткизгишлер физикасы кафедрасының қурамында болды.

Улыўма инженерлик бағдардағы пәнлерди оқытыў сапасын жақсылаў мақсетинде Қарақалпақ мәмлекетлик университети Илимий Кеңеси Қарары тийкарында 2000- жылы 28-июньде инженерлик-қурылыс факультети қурамында инженерлик физика кафедрасы ашыл-ды. Кафедра баслығы физика-математика илимлериниң докторы, доцент М.И.Арзуов болды.

2002-жылы М.И.Арзуовтың басқа жумысқа өтиўине байланыслы кафедра баслығы лаўазы-мына физика-математика илимлериниң кандидаты, доцент Р.Н.Бекимбетов тайынланды. Бун-нан соң 2004-жылдың январь айынан баслап усы кафедраны физика-математика илимлериниң кандидаты, доцент У.Насыров басқарды. 2005-жылы университтеги факультетлердиң оптималластырыўына байланыслы кафедра ярым өткизгишлер физикасы кафедрасына қосылды. Кафедраны физика-математика илимлериниң докторы, профессор Қ.А.Исмайлов басқарды.

2011-жылдың 13-сентябринде университет Илимий Кеңеси Қарары тийкарында электр энергетикасы кафедрасы ашылды. Кафедраға физика-математика илимлериниң докторы, до-цент А.Камалов басшы етип белгиленди. 2013-2015-жылларда физика-математика илимлериниң кандидаты, доцент М.Б.Танирбергенов кафедра баслығы болып иследи. 2015-жылдан баслап ҳәзирги ўақытқа шекем кафедраны физика-математика илимлериниң кандидаты М.Шарибаев басқарып келмекте.

Студентлерге Республиканың жетекши кәрханаларының бири болған «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары» ҳәм «Тақыятас жыллылық электр станциясы» кәрханаларында қәнигелик лаборатория сабақлары өтиледи. Сондай-ақ, танысыў, өндирислик ҳәм питкериў алды әмелиятларында болып, теориялық жақтан алған билимлерин өндирис пенен тығыз байланыстырып барады. Атап айтқанда, кафедра бағдарлары бойынша тийкарғы өндирис кәрханалары менен шәртнамалар дүзилди ҳәм кафедра филиаллары ашылды

Кафедраның профессор-оқытыўшылары Республикалық көлемде ҳәр жылы өткерилип туратуғын әнжуманларда өзлериниң баянатлары менен қатнасып киятыр. Соңғы жыллары информациялық технологиялардың раўажланыўына байланыслы кафедрамыз профессор-оқытыўшылары студентлерге лекция курсларының электрон вариантларын жаратты. Профессор-оқытыўшылар тәрепинен Республикалық ҳәм шет ел журналларында мақалалар жарияланып оқыўлық ҳәм оқыў-методикалық қолланбалар жаратыўға ерисилмекте. Кафедра пәнлерине тий-исли таяныш жоқары оқыў орынлары профессор-оқытыўшылары тәрепинен таярланған оқыў методикалық әдебиятлар фонды толықтырылды. Оқытыўшылар заманагөй педагогикалық ҳәм информациялық технологиялардан пайдаланып сабақ өтиўде бираз илгерилеўге ерисилди.

Кафедраның профессор-оқытыўшылары тәрепинен «Жас энергетиклер» дөгереги шөлкемлестирилген. Дөгерекке ассистент А.Есенбеков басшылық етеди. Электр энергети-касы кафедрасына университетимиз тәрепинен ғамхорлық етиў ҳәм бирге ислесиў бойынша Тақыятас «Электр энергетикасы» колледжи бекитилген болып, кафедраның ассистентлери Қ.Нажиматдинов ҳәм Т.Шәўлеметов жумыс алып барады. Кафедра Ташкент техника уни-верситети менен үлкен көлемдеги илимий ҳәм оқыў-методикалық жумыслар алып барып атыр. Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң илимий кадрларды таярлаў бойынша Россия мәмлекетиниң Новосибирск мәмлекетлик универститети менен алып барып атырған бирге ислесиў жумыслары тийкарында кафедра ассистенти К.Торамбетов, усы университетте өзиниң докторлық диссертация жумысын ислеп атыр. Соның менен бирге бакалавр бағдарын питкер-ген 4 студент Ташкент техника университетиниң магистратура бөлиминде электр энергетикасы, электромеханикасы қәнигеликлери бойынша оқып атыр.

Кафедрада ислеп атырған илимий дәрежели профессор-оқытыўшы

 

Реймов Камал Мамбеткаримович,  техника пәнлери бойынша философия докторы (PhD), доцент. 1985-жылы 20-сентярьде Қараѳзек районында туўылған. 2010-жылы Ташкент мәмлекетлик техника университетин тамамлаған. Қәнигелиги электр станциялары. 2018-жылы «Энергия системалары электр тутыныўшыларының жүклемелерин оптимал басқарыў» темасында техника илимлери бойынша философия доктори (PhD) диссертациясын жақлады. 40 тан аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 1 оқыў қолланба ҳәм 7 Интеллектуал мүлк агентлиги тәрепинен ЭЕМ ушын дәстүрге гүўалық, 35 тен аслам илимий мақалалар, тезислер ҳәм оқыў методикалық қолланбалардың авторы. 2018-жылдан баслап кафедра баслығы.

 

Насыров Махсуд Уалиевич, физика-математика илимлериниң кандидаты, доцент. 1979-жылы 23-июльде Тахтакөпир районында туўылған. 2000-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетин тамамлаған. Қәнигелиги физик. 2009-жылы «Влияние термических и атермических воздействий на межфазные взаимодействия контакта металл-GaP» темасында кандидатлық диссертациясын жақлады. 40 тан аслам илимий мийнетлери баспада жәрияланды. Соның ишинде 1 монография, 3 оқыў-методикалық қолланба, 1 патент, 15 илимий мақала ҳәм 20 дан аслам ҳалықаралық ҳәм республикалық конференция тезислериниң авторы. 2013-жылдан баслап кафедра доценти.


Кафедрада ассистентлер Қ.Нажиматдинов, Т.Альбекова, М .Бекимбетов, А.Есенбеков, А.Абубакиров, Г.Турманова, Т.Шаулеметов, А.Юлдашевалар жумыс ислеп атыр.

 

Пайдалы дереклер