slot demo gratisslot gacor gampang menangSLOT DEMOslot pulsahttps://uptdlkk.kaltimprov.go.id/img/product/https://e-learning.iainponorogo.ac.id/thai/https://organisasi.palembang.go.id/userfiles/images/https://ditkapel.dephub.go.id/petikemas/tests/https://pmb.universitaspertamina.ac.id/popup/hari-ini/https://jdih.komnasham.go.id/img/banner/https://file.disdikbud.kaltimprov.go.id:8443/user/https://lms.binawan.ac.id/terbaik/slot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor maxwinslot gacor hari inislot gacor terbaikslot gacor maxwinslot gacor 2024
ӨЗБЕКСТАН ҲӘМ ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ТАРИЙХЫ КАФЕДРАСЫ | Karakalpak state university

ӨЗБЕКСТАН ҲӘМ ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ТАРИЙХЫ КАФЕДРАСЫ

Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы кафедрасы 1989-жылы шөлкемлестирилди. 1989-1999-жыллары аралығында профессор Қ.Сарыбаев, доцент А.Өтемисов, тарийх илимлериниң кандидаты Х.Палўаниязов, доцент Қ.Тәңирбергенова ҳәм доцент М.Сейтимбетов, 2011-2016 жыллары доцент Ж.Ҳәкимниязов кафедра баслығы лаўазымында ислеп келди. 2016-жылдан баслап доцент С.Сайманов кафедраға басшылық етип келмекте.

Ҳәзирги ўақытта кафедрада профессор Б.Қощанов, тарийх илимлериниң кандидатлары, до-центлер М.Сейтимбетов, Қ.Тәңирбергенова, А.Қудияров, М.Сейтназаров, С.Сайманов, үлкен оқытыўшы Г.Қутлымуратова, ассистентлер Д.Қосымбетова, С.Алламуратова, Ҳ.Өтегенов, Ж.Төрениязов, А.Матжанов, Ж.Айтмуратова, Р.Алымовалар лекция ҳәм семинар сабақларын оқытпақта.

1991-2010 жыллары кафедра ағзаларынан М.Сейтимбетов, Ж.Ҳәкимниязов, А.Қудияров, С.Сайманов, С.Сулаймановлар кандидатлық диссертациясын қорғады.

Кафедрада тарийхында белгили илимпазлар академик Сабыр Камалов, тарийх илимлериниң доценти, профессор Шерип Бабашев, тарийх илимлериниң кандидаты , профессор Қытайбек Сарыбаев, тарийх илимлериниң кандидатлары ҳәм доцентлери Жуматай Арзыханов, Ғайратдин Наймов, Айназар Утемисов, тарийх илимлериниң кандидатлары Қурбанбай Қәлимбетов, Кошмурат Палўаниязовлардың хызметлери айрықша.

Кафедрада тарийх бағдары бойынша (мәмлекетлер ҳәм регионлар) ҳәм Өзбекистан та-рийхы қәнигелиги бойынша жоқары мағлыўматлы қәнигелер таярланады. Кафедра ағзалары «Қарақалпақстанның социаллық-экономикалық ҳәм жәмийетлик-сиясий раўажланыўы (XIX әсирдиң екинши ярымы – XX әсирдиң басы)» темасындағы илимий жумыс алып бармақта.

Кафедра ағзаларының баспада жәрияланған илимий монографиялары ҳәм мийнетлери: Жәмәәтлик авторлары «Өзбекистан жаңа тарийхы» 1-3 том, С.Камалов, Б.Қощанов (Ташкент, 2000), «Қарақалпақстанның жаңа тарийхы», Б.Қощанов, М.Сейтимбетов, Қ.Тәңирбергенова (Нөкис, 2003); «Қарақалпақлардың мәмлекетлиги ҳәм халық болып қәлиплесиўи тарийхы», С.Камалов (Нөкис, 2001); «Право на вторжение», Б.Қощанов (Нөкис, 1993); «Қарақалпақстанда Уллы ўатандарлық урыс жылларында халықтың ден саўлығын қорғаў тарийхынан» Б.Қощанов (Нөкис, 1996); «Революция? Вторжение? События в Хивинском ханстве в 1919-1920 гг.», Б.Қощанов (Нөкис, 1997); «Зарубежная и отечественная историография истории Туркестана, Хорезма и Каракалпакстана в первой четверти ХХ века» Б.Кощанов (Нукус, 1997); «Музыкальная культура Каракалпакстана 1950-2005 гг.» Б.Кощанов (Нукус, 2008); «Әжинияз шығармалары – тарийхый дерек» Б.Қощанов, Нөкис, 2014, «Очерки новейшей истории Республики Каракалпакстан» Б.Қощанов (Нукус, 2015), «Қарақалпақстан биринши жәҳән урысы жылларында» Б.Қощанов, Х.Өтегенов (Нөкис, 2015) «Қарақалпақстанда темир жол қурылысы тарийхынан », М.Сейтимбетов, (Нөкис, 1993 ); «Тарийх-өзлигимизди аңлаўдың негизи » (Нөкис, 1999); «Городище Давкескен Вазир», Ж.Ҳәкимниязов (Нөкис, 1998); «Қарақалпақстанның әжайып жети естелиги», Ж.Ҳәкимниязов «Бердақ дәўириндеги қорған қалалар» (Нөкис, 2015); (Нөкис, 2004); «Шымбай пахта тазалаў заводы тарийхынан» А.Қудияров (Нөкис, 2001) ҳ.т.б.

Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы кафедрасы басқа да илимий мәкемелер менен турақлы түрде байланыс алып барып атыр. Солардан, Өзбекистан Республикасы Илимлер Ака-демиясы, Өзбекистан Миллий университетиниң тарийх факультети, Самарқанд археология институты, Өзбекистан Республикасы Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлими тарийх, археология ҳәм этнография институты ҳәм тағы басқалар. Төмендеги оқыў-методикалық қолланбалар басылып шықты: «Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы» М.Сейтимбетов, А.Қудияров, (Нөкис, 2000) «Өзбекистан тарийхы» (Нөкис, 2000); Ж.Ҳәкимниязов «Өзбекистан тарийхы» М.Сейтимбетов Қ.Тәңирбергенова, А.Қудияров, (Нөкис, 2000); «Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы» Ж.Ҳәкимниязов, М.Сейтимбетов, А.Қудияров, С.Сайманов, (Нөкис, 2003); «Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы» (арнаўлы сыртқы бөлим студентлери ушын), Ж.Ҳәкимниязов, М.Сейтимбетов, А.Қудияров, С.Сайманов, (Нөкис, 2003), «Өзбекистанда саўда қатнасықлары ҳәм исбилерменлик тарийхы» методикалық қолланба, А.Қудияров, (Нөкис, 2009); «Өзбекистанда саўда қатнасықлары ҳәм исбилерменлик тарийхы» оқыў методикалық қолланбасын (Нөкис, 2010); А.Қудияров, «Шымбай тарийхы ҳаққында» (Нөкис, 2013); «Қарақалпақстанда китапханлар тарийхынан» (Нөкис, 2013); «Әмиўдәрья ҳәм Арал суў жолларының өтмиши ҳәм бүгинги күни» (Нөкис, 2015), «Қарақалпақстан тарийхна-масы. Ең жаңа дәўир» (Нөкис, 2016). Кафедра ағзалары «Қарақалпақстан тарийхы» бойынша факультетлер аралық ҳәм тарийх бакалавр ушын оқыў бағдарламасын баспа сөзде жәриялады.

Кафедрада ислеп атырған илимий дәрежели профессор-оқытыўшылар

 

Сайманов Султанбай Сырғабаевич, тарийх илимлериниң кандидаты, доцент. 1971-жылы 30-сентябрь-де Нөкис қаласында туўылған. 1993-жылы Қарақалпақ мəмлекетлик университетин тамамлаған. Қəнигелиги та-рийхшы. 2001-жылы «Қоңырат қаласы тарийхы (XVIII-XIX әсир I ярымы)» темасында кандидатлық диссер-тациясын жақлады. 40 тан аслам илимий мийнетлери жәрияланды. 2004-2016 жыллары ишки қадағалаў ҳәм мониторинг бөлим баслығы болып иследи. 2016-жылдан Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы кафедрасының баслығы.

 

 

Қощанов Бахыт Абдикеримович, тарийх илимлериниң докторы, профессор. 1958-жылы 2-июньде Қараөзек районында туўылған. 1980-жылы Қарақалпақ мəмлекетлик университетин тамамлаған. Қəнигелиги тарийхшы. 1988-жылы «Түркистан 1918-1920 жыллар-да» темасында кандидатлық, 1995-жылы «Түркистан 1917-1922 жылларда» темасында докторлық дис – сертациясын жақлады. 300 ге жақын илимий мийнет-лери жәрияланды. Соның ишинде 15 монография, 3 сабақлық, 2 оқыў қолланбасы баспадан шықты. Оның илимий басшылығында 11 тарийх илимлериниң кандидаты таярланды. 2015-жылдан Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы кафедрасы профессоры лаўазымында ислеп атыр .

 

 

Сейтназаров Муратбай Серназарович, тарийх илимлериниң кандидаты. 1953-жылы 15-мартта Кегейли районында туўылған. 1978-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң Дене тәрбиясы факуль-тетин, 1991-жылы Тарийх факультетин тамамлаған. Қəнигелиги тарийхшы. 1999-жылы «Қарақалпақстанда миллий-азатлық ҳәрекетиниң тарийхы» темасында канди-датлық диссертациясын жақлады. 30 ға жақын илимий мийнетлери жәрияланды. Соның ишинде 1 моногра-фия, 2 сабақлық, 4 оқыў қолланбасы баспадан шықты. 2014-жылдан Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан тарийхы кафедрасының доценти.

 

 

Тангирбергенова Қаллигул, тарийх илимлериниң кандидаты, доцент. 1959-жыл 12-майда Тахтакөпир рай-онында туўылған. 1981-жылы Қарақалпақ мəмлекетлик университетин тамамлаған. Қəнигелиги тарийхшы. 1992-жылы «Қарақалпақстан экономикасы екинши жәҳән урысы жылларында (1941-1945 жыллар)» тема-сында кандидатлық диссертациясын жақлады. 80 нен аслам илимий мийнетлери жәрияланды. Соның ишин-де 2 монография, 3 оқыў қолланбасы баспадан шықты. 2014-жылдан баслап кафедра доценти.

 

 

 

Сейтимбетов Мыңсызбай Казакбаевич, тарийх илимлериниң кандидаты, доцент. 1960-жылы 29-сентябрьде Мойнақ районында туўылған. 1983-жылы Қарақалпақ мəмлекетлик университетин тамамлаған. Қəнигелиги тарийхшы. 1995-жылы «Қарақалпақстанда темир жол қурылысы» (1947-1975 жыллар)» темасын-да кандидатлық диссертациясын жақлады. 50 ден ас-лам илимий мийнетлери жәрияланды. Соның ишинде 2 монография , 2 оқыў қолланбасы баспадан шықты. 2015-жылдан кафедра доценти.

 

Қудияров Алишер Раметуллаевич, тарийх илимлериниң кандидаты, доцент. 1966-жылы 29-январьда Шымбай районында туўылған. 1990-жылы Қарақалпақ мəмлекетлик университетин тамамлаған. Қəнигелиги тарийхшы. 1999-жылы «Шымбай қаласы тарийхы (XIX-XX әсир баслары)» темасында кандидатлық дис-сертациясын жақлады. 60 тан аслам илимий мийнетле-ри жәрияланды. Соның ишинде 1 монография, 3 оқыў қолланбасы баспадан шықты. 2012-жылдан кафедра доценти.

 

Пайдалы дереклер