Украиналы алым ҚМУда сабақ бермекте

Усы жылдың 11-20-март күнлери аралығында Украина Илимлер академиясы А.Чуйко атындағы Сыртжүзелер химиясы институтының илимий хызметкери, химия илимлериниң кандидаты Л.Андрийко Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болады. Ҳәзирги ўақытта Л.Андрийко университеттиң Физикалық ҳәм коллоидлық химия кафедрасы профессор-оқытыўшыларын химия илиминиң жетискенликлери менен таныстырып, жас оқытыўшылардың докторлық диссертация (PhD) жумыслары бойынша мәсләҳәтлерин берип, студентлерге химия пәнин еле де тереңнен үйретип келмекте.

Л.Андрийко бүгинги күнде химия тараўындағы әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳәм Украина Илимлер академиясы А.Чуйко атындағы Сыртжүзелер химиясы институты ҳаққында көплеген мағлыўматларды өзиниң презентациясы арқалы айтып өтти ҳәм студент-жаслардың қызықтырған сораўларына жуўаплар берди.

Әлбетте, бундай сырт ел қәнигелериниң сабақ өтиўи студент-жасларда өз қәнигелигине, илимге қызығыўшылығын және де арттырыўына исенемиз.

Баспасөз хызмети.

Пайдалы дереклер